ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ БАСЛАЎ УШЫН ЖЕР ОРНЫН АЛЫЎ ТӘРТИБИ
Хожели районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасының басламасы менен 2019-жылдың 18-декабри күни Хожели районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында оқыў семинары өткерилди.
Семинарда районымыз исбилерменлери Хожели районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң қабыллаўханасы баслығы, район ҳәкимлиги ҳәм кадастр бөлими қәнигелеринен өзлерин қызықтырған бәрше сораўларына жуўаплар алды.
Оқыў семинарын өткериўден мақсет — исбилерменлеримизге өзлериниң исбилерменликлерин баслаўда «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасында электрон аукцион арқалы бос турған жер орнын ойнаў тәртиплерин үйретиў.
Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын жер участкаларын турақлы пайдаланыўға бериў тәртибин түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 20-апрельдеги қарарына тийкар 2018-жылдың 1-июлинен баслап юридикалық ҳәм физикалық шахсларға исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын жер участкаларын турақлы пайдаланыўға бериў «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасында электрон аукцион арқалы әмелге асырылады.
Бундай оқыў семинарлары ендигиден былай тез-тез өткерилип барылады. Семинардың өткерилиў ўақты ҳәм орны ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайтында (xojeli.rk.uz) жәрияланады.
Хожели районындағы Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң
Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы.