Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:13:40, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР: АЙЫРЫМ ТҮРДЕГИ МАҒЛЫЎМАТЛАР ТАЛАП ЕТИЛМЕЙДИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 15-февральдағы  4193-санлы «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын буннан былай да  комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен 2019-жыл 21-август­тан баслап мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен физикалық шахслардан айырым мағлыўматларды талап етиў бийкар етилди. Мысалы:

-физикалық шахслардан топланып барылатуғын пенсия дәптершелери;

-салық ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер бойынша қарызы бар яки жоқлығы ҳаққында мағлыў­матлар;

-салық төлеўшиниң есапқа қо­йылғанлығы ҳаққында гүўа­лықлар;

-төленген дәраматлар ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының услап қалынған суммалары ҳаққында мағлыўматлар.

Жоқарыдағы көрсетип өтилген мағлыўматларды мәмлекетлик органлар ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен физикалық шахс­лардан талап етиў, Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик хаққындағы кодексиниң 215/1-статьясы менен мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў деп есапланып, лаўазымлы шахсларды ҳәм хызмет көрсетиўшилерди ҳәкимшилик жуўапркершиликке тартыўға тийкар есапланады.

Р.Нуруллаева,

Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF