Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:06:11, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУТЫНЫЎШЫЛАР ҲУҚЫҚЛАРЫ БӘРҚУЛЛА ҚОРҒАЛАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-сент­ябрьдеги «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўдың ҳуқықый ҳәм институционаллық системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы  Пәрманына муўапық белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, сондай-ақ, исбилерменлик ҳәм тутыныўшылық мәдениятын жетилистириў, халықтың тутыныўшылық билим ҳәм саўатлылығын асырыўға қаратылған жумыслардың нәтийжелилигин күшейтиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы, Стандартластырыў ҳәм метрология басқармасы, Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы, Коммунал хызмет көрсетиў министрлиги, Жеке меншик турақ жай ийелери ширкетлери, «Ўзнефтгазинспекция» республика басқармасы ҳәм «Ўзэнергоинспекция» инспек­циясының республикалық аймақлық бөлими менен биргеликте семинарлар шөлкемлестирилди.

Семинарлар тийкарынан «Аймақлық газ Қарақалпақстан» жуўапкершилиги шекленген жәмийети, «Нөкис қалалық газ» филиалы, «Қарақалпақстан аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Нөкис қалалық электр тармақлары» филиалы, «Түйемойын Нөкис магистрал суў тармақларынан пайдаланыў басқармасы» мәмлекетлик унитар кәрханасы, Жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлери бирлеспесиниң жуўапкер хызметкерлери, исбилерменлер, Нөкис қаласы пуқаралары ушын өткерилди.

Сондай-ақ, баянатшылар Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген Пәрманы, Өзбекстан Республикасының 1996-жыл 26-апрельдеги «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы, «Тәбийғый монополиялар ҳаққында»ғы, «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы, «Стандартластырыў ҳаққында»ғы Нызамлар ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-август­тағы «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың электр энер­гиясы, тәбийғый газ, ишимлик суў ҳәм ыссы суўды есапқа алыў үскенелерин шешип алыў, тексериўден өткериў ҳәм орнатыў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарларының мазмуны, олардың орынланыўы бойынша алып барыл­ған жумыслар ҳаққында семинар қатнасыўшыларына кеңнен түсиник берип өтти.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетине тутыныўшылардан келип түсип атырған мүрәжатлар ҳаққында да айтып өтти.

Семинарда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Буннан басқа, қатнасыўшылар тәрепинен билдирилген мәселелер семинар барысында додаланып, тийисли қәнигелер тәрепинен көрип шығылыўы қадағалаўға алынды.

Ҳәзирги күнлери семинарлар басқа мәкеме ҳәм шөлкемлерде даўам етпекте.

Қошқарбай САДЫҚОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў

комитети баслығының орынбасары. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF