СУД ҲӘМ ЖАСЛАР АЎҚАМЫ ШЕРИКЛИГИ
Жаслардың ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын асырыў, мәмлекетимизде алып барылып атырған суд-ҳуқық реформалары процесинде олардың қатнасыўын және де жеделлестириў, жас әўлад ўәкиллерин нызамға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, түрли зыянлы иллет ҳәм жат идеялар тәсиринен қорғаў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўда судлар ҳәм жаслар аўқамы қатнасығының ҳуқықый механизмлерин белгилеў мақсетинде 2017-жыл 5-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси арасында өз-ара шериклик ҳаққындағы Меморандумға қол қойылды.
Меморандумда жаслар менен олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў барысында судлар менен туўрыдан-туўры ҳәм ашық сәўбетти жолға қойыў, жаслар тәрбиясы менен байланыслы социаллық әҳмийети зәрүр болған суд ислери бойынша суд имаратларында өткерилетуғын ашық суд мәжилислери процеслеринде, сондай-ақ, көшпели суд мәжилислеринде олардың қатнасыўын тәмийинлеўге, ерте неке, жас шаңарақлардың ажырасыўының ҳәм де олардың арасында мүлкий (қарыз, кредит, ижара) ҳәм басқа да пуқаралық ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын тартыслардың алдын алыўға қаратылған.
Сондай-ақ, Меморандумда усы мәселелер ҳәм жазаны орынлаў колонияларынан азат етилген, атап-айтқанда, мүддетинен алдын шәртли азат етилген ҳәм де суд залынан азат етилген жаслар, сондай-ақ, жаслар тәрепинен исленген ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятлар бойынша өз-ара мағлыўматлар алмасыў арқалы жасларды туўры жолға қайтарыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиў мәселелерине де итибар қаратылған.
Меморандум бойынша судлар тәрепинен жынаят ислеген жаслар бойынша ашық суд мәжилисиниң күни, ўақты ҳәм орны ҳаққында Өзбекстан Жаслар аўқамының аймақлық Кеңеслерине хабар берилиўи белгиленген.
Өзбекстан Жаслар аўқамы аймақлық Кеңеслери тәрепинен судларға усынылып атырған кепиллик хатларының мақсети кепилликке алыныўшы жас шахслар тәрепинен жынаяттың алдын алыў, оларды саламат орталыққа қайтарыў, оқыў ямаса кәсипке бағдарлаў барысында анық ҳәм мақсетли индивидуал бағдарламалар жойбары ислеп шығылыўы көзде тутылған.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси арасында дүзилген Меморандумға тийкар қылмысынан шын кеўилден пушайман болған судланыўшылардың еркинликке шығыўына имкан берилип, жәмийетке пайдасы тийетуғын мийнет пенен шуғылланыў шараяты жаратылмақта.
Жаслар аўқамы аймақлық Кеңеслери тәрепинен жынаят иси көрилип атырған жасларға қарата кепиллик хаты берилгенде судлар усы жаслардың шахсы, шаңарақлық шараятын үйренип, жазаны жеңиллестириўши ҳәм аўырластырыўшы жағдайларды инабатқа алып, жазаны жеңиллестириў, жуўапкершиликтен ямаса жазадан азат етиўи мүмкин.
Атап-айтқанда, Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық суды тәрепинен 2019-жылдың 11 айы даўамында жаслар (14-30 жас) тәрепинен исленген 97 шахсқа қарата 92 жынаятлы иси көрип тамамланып, жәми көрип тамамланған жынаятлы ислердиң 38,9 процентин қураған. Жаслар тәрепинен исленген жынаят ислер саны 31 иске, яғный 25,2 процентке кемейген.
Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық суды тәрепинен 2019-жылдың 11 айы даўамында Өзбекстан Жаслар аўқамы аймақлық Кеңеслери тәрепинен судқа усынылған бир неше кепиллик хатлары тийкарында жас судланыўшыларға қарата еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалар тайынланып, оларға имкан берилип, саламат орталыққа қайтарылған.
Жаслар мәселелери тараўында өз-ара шериклик ҳаққында қол қойылған усы Меморандум, жоқарыда атап өтилгениндей, мәмлекетимизде алып барылып атырған суд-ҳуқық реформалары процесинде жаслардың қатнасыўын және де жеделлестириў, олардың ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын арттырыў, жас әўлад ўәкиллерин нызамға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди.
Д.Сражатдинов,
Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының судьясы.