Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:34:03, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРАЎДАҒЫ  ЖАҢА  РЕФОРМАЛАР

Конституцияда беккемленген принциплерди әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин исенимли қор­ғаўды тәмийинлеў, судлар тәрепинен нызамлы, тийкарлы ҳәм әдалатлы шешим қабыл етиў ушын биринши гезекте олардың бийғәрезлиги тәмийинлениўи тийис.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев, өзиниң шығып сөйлеген сөзлеринде Конституциямызда беккемленген инсан ҳуқықларын тәмийинлеў ушын суд ҳәкимиятының шын мәнистеги бийғәрезлигине ерисиў оғада әҳмийетке ийе екенлигине итибар қаратады. Ҳүрметли Елбасшымыз өзиниң елимиз Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 27-жыллығына бағышланған мәжилисиндеги сөзинде де усы мәселеге итибар қаратып, суд жумысларына араласқан ямаса судьяға басым өткергени ушын жуўапкершиликти күшейттириў тийислигин айтып өтти.

Бул мақсетте кейинги жыллары суд-ҳуқық системасында Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен тарийхый реформалар әмелге асырылмақта.

Бул реформалардың нәтийжеси ҳаққында бүгинниң өзинде айтсақ та болады.

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен елимиз бий­ғәрезликке ерискеннен баслап 2017-жылға шекемги ўақыт дәўиринде ақлаў ҳүкимлери тийкарынан қабыл етилмеген болса, ке­йинги үш жыл даўамында 92 шахс­қа ақлаў ҳүкими қабыл етилип, наҳақ айыпланып, әдилсизликке дус келген шахслар өз ҳуқықларына тикледи.

Сондай-ақ, 53 шахсқа қарата ҳүкимлериниң бир бөлеги бийкар етилип, оларды жәриялан­ған айып бойынша бир болып ақлаў ҳаққында шешим қабыл етилип, жағдайлары жеңиллестирилди, 1606 шахсқа қарата жынаят ислери тәреплердиң жарасқанлығы, исленген жынаяттың кем әҳмийетлилиги себепли өндирис­тен қысқартылып, олар жынайы жуўапкершиликтен азат етилди, 523 шахсқа қарата олардың шахсы, социаллық жағдайы есапқа алынған ҳалда жынайы жаза та­йынланбастан айыплаў ҳүким қабыл етилди, 847 шахсқа жаза түри ҳәм муғдары нызамшылықта белгиленген шеңберинен де төмен жаза түри ҳәм муғдары тайынланды, 409 шахс суд залынан азат етилди.

2017-жылдың 13-июнь күни Ташкент қаласында судьялар жәмәәти менен болып өткен тарийхый ушырасыўында ҳүрметли Елбасшымыз судьяларға «ҳәр бир инсанның тәғдирин шешиўде санаңызда — әдиллик, тилиңизде — ҳақыйқат, қәлбиңизде — пәклик болыўы шәрт» деп айтып өткен еди.

Президентимиздин бул сөзлерин судьялар, әдил судлаўды әмелге асырыўда, инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде, әдалатлы қарар қабыллаўда өзлериниң ураны сыпатында қабыл етип, ҳәр бир шешимди нызамлы, тийкарлы, әдалатлы ҳәм адамгершилик принциплерине тийкарланған болыўын тәми­йинлеў мақсетинде ўазыйпаларды шын жүректен, ҳадал ҳәм ҳүждан менен орынлаў хызметине қаратпақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2019-жыл даўамында биринши басқыш тәртибинде 1.158 шахсқа қарата 960 жынаят ислери көрип тамам­ланған болып, өткен жылғы көрсеткиш пенен салыстырыл­ғанында, быйыл 635 шахсқа 493 жынаят иси кемейгени көринеди.

Аймағымызда жынаятшылықты кемейтиў мақсетиндеги искерликке судлар да өз үлесин қоспақта. Жынаятшылықтың алдын алыў, көбейип атырған жынаятшылыққа қарсы гүресиў жумысын еле де жеделлестириў, ислерди дәслепки тергеў дәўиринде ҳәм судта көриўде жиберилип атырған кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм келешекте болдырмаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бо­йынша суды тәрепинен суд әмелиятын үйрениў ҳәм анализлеў бойынша улыўмаластырыўлар исленбекте.

2019-жыл даўамында 29 улыўмаластырыў өткерилип, анық­ланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде тийисли мәмлекетлик мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге усыныслар киргизилди. 

Судлар тәрепинен жынаятлы ислерди көшпели суд мәжилислеринде жәмийетшилик қатнасында талқылаў арқалы халықтың кең қатламына тәрбиялық тәсир көрсетиўге ҳәм сол арқалы ислениўи мүмкин болған жынаяттың алдын алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 44,2 процентти қураған 424 жынаят ис көшпели суд мәжилислеринде көрилди.  

Сондай-ақ, судлар тәрепинен жынаяттың түп себеплери ҳәм оны келтирип шығарған бәрше ҳалатларда үйренип, анықлан­ған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде судта көрилген ислердиң 99,3 процент­ти қураған 609 ис бо­йынша айрықша уйғарыўлар шығарылып, кең жәми­йетшиликтиң итибары нызам бузылыўы ҳәм оның жүзеге келиўи себеплерине қаратылмақта. 

Пуқараларды Конституцияға ҳәм нызамларға бойсыныў руўхында тәрбиялаў, ҳәр бир шахс­та нызамларға ҳәм әдеп икрамлылық қағыйдаларына ҳүрмет, миллий қәдириятларға садықлық, ҳуқықбузарлықларды жек көриў сезимин оятыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен кәрхана, мәкеме, шөлкемлер, оқыў орынлары ҳәм де халық арасында 819 мәрте баянатлар менен шығып, ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерип, ғалаба хабар қуралларында улыўма 482, соннан телевидение де 156, радиода 62 еситтириўлер шөлкемлестирилип, газета ҳәм журналларда 85, веб-сайтларда 179 мақалалар жәрияланды.

Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен 2017-жылы шөлкемлестирилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал ҳәм халық қабыллаўханалары менен бирге ислесиў арқалы қабыллаўханалардан келип түскен 207 мүрәжат толық үйренилип, арза ҳәм шағымлардың ийелерине тийкарланған жуўаплар берилди, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары баслықлары ҳәм судьялары тәрепинен 414 пуқара республика ора­йынан алыс аймақларда жай­лас­қан аўыл пуқаралар жыйынларында көшпели қабыллаўда қабыл етилип, олардың мүрәжатларын шешиўде өз үлесин қосты.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев өзиниң Өзбекстан Республикасы Конститу­циясы қабыл етилгенлигиниң 27-жыллығына бағышланған салтанатлы сөзинде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине әмел етиўди тәмийинлеў, ҳәр бир шахс­тың қәдир-қымбатын ҳүрмет етиў биз қурып атырған ашық, еркин ҳәм де әдалатлы жәмийеттиң ажыралмас белгиси деп айрықша айтып, мәмлекетимиздиң Жынаят-процессуал нызамшылығын раўажландырыў бойынша бир неше мәселелерге тоқтап өтти. Солар қатарында Президентимиз ендиги жылдан баслап прокурордың қарары үстинен судқа мүрәжат етиў тәртиби енгизилетуғынын, усы норма арқалы сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў процесинде теңликти, яғный өз-ара ты­йып турыў принциплерин тәмийинлеў имканияты жаратылатуғынын айтып өтти.

Ҳақыйқатында да бундай әҳмийетли өзгерислер бизиң тәжирийбемизде биринши мәрте енгизилмекте.

Президентимиздиң басламасы биринши гезекте жынаят процеси даўамында инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң бузылыўының алдын алыўға қаратыл­ған болып, судьяларға пуқаралардың прокурор шешимине келтирген шағым арзасын көрип шығыў ўазыйпасының жүклениўи биз — судьяларға үлкен жуўапкершилик жүклейди. Биз бундай жуўапкерли ўазыйпаны әдил судлаўды компетентли, бийғәрез, объектив ҳәм әдил түрде әмелге асырыўға таярмыз.

 

 

Г.Базарбаева.

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери

бо­йынша судының баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF