ЖУЎМАҚ ҲӘМ НӘТИЙЖЕЛЕР
Республикамызда ҳаял-қызлардың жумысын кең жәмийетшиликке жақыннан таныстырыў, алдынғы турмыс ҳәм жумыс тәжирийбесин ғалабаластырыў, шаңарақта ҳәм перзент тәрбиясында өрнек болыў менен бирге жәмийет турмысында белсене қатнасып киятырған ҳәр қыйлы тараў ийелери болған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде дәстүрий түрде «Жыл ҳаялы — 2019» миллий таңлаўы өткерилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына қосымша етилген илажлар бағдарламасының 35-бәнтиниң ҳәм Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң 2019-жыл екинши ярым жыллық ушын мөлшерленген Ис режесиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышында қала ҳәм районлардан жәми 113 ҳаял-қыз қатнасып, олардан ең жоқары балл топлағанлар «Жыл ҳаялы» сыйлығының 11 номинациясы бойынша Ташкент қаласында болып өтетуғын финаллық басқышқа жоллама алды.
Таңлаўда ҳәр қыйлы министрликлердиң, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллеринен ибарат төрешилер қурамы қатнасыўшылардың ҳүжжетлериниң сапасына ҳәм номинация талапларына сайлығына, мийнет искерлигиндеги жетискенликлерине, өз тараўына киргизген жаңалықларына, сондай-ақ, олардың сөйлеў, кийиниў мәдениятына итибар қаратты.
Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында усы номинациялар жеңимпазларын ҳәм таңлаўда белсене қатнасқан ҳаял-қызларды сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда «Жылдың ең белсенди ағартыўшы ҳаялы» номинациясы бойынша Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасының аға оқытыўшысы Бахтыгүл Арзиева, «Жылдың ең жақсы ПҲАЖ хызметкери» номинациясы бойынша Нөкис қаласы ПҲАЖ бөлиминиң баслығы Салтанат Пирназарова, «Жылдың ең белсенди саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясы бойынша Өзбекстан билимлендириў ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик бирлеспеси Тақыятас районлық кеңесиниң баслығы Сайёра Бекимбетова, «Жылдың ең белсенди ҳаял-қызлар менен жумыс алып барған ҳуқық-қорғаў тараўының хызметкери» номинациясы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Нөкис қалалық ишки ислер уйымларының жумысын муўапықластырыў басқармасы 4-санлы ишки ислер бөлиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы, майор Турсынай Қарлыбаева, «Ҳаял-қызларға байланыслы реформаларды белсене жарытқан журналист» номинациясы бойынша «Шымбай ҳаўазы» газетасының жуўаплы хаткери Сайёра Даутова, «Өз кәсибиниң пидайысы» номинациясы бойынша Нөкис қалалық ҳаял-қызлар комитетиниң бас қәнигеси Жупаргүл Шарафатдинова, «Жылдың ең алдыңғы исбилермен ҳаялы» номинациясы бойынша «Barno Textile plus» кәрханасының директоры Улбосын Аннабаева, «Жылдың ең алдыңғы фермери» номинациясы бойынша «Пәраўан дала Қараөзек» фермер хожалығының фермери Лейла Монтаева, «Жылдың ең белсенди мәҳәлле қәнигеси» номинациясы бойынша «Гүлистан» мәкан пуқаралар жыйынының ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша қәнигеси Тазагүл Бекимбетова, «Жылдың ең жақсы дөретиўши ҳаялы» номинациясы бойынша Хожели районлық ҳаял-қызлар комитетиниң жетекши қәнигеси Гүлнара Нурымбетова, «Инновациялық идеяларды алға қойған илимпаз» номинациясы бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Қарақалпақ тил билими» кафедрасының доценти, 2008-жылдан берли университет ҳаял-қызлар комитетиниң басланғыш шөлкеми баслығы Инжайым Сейтназарова жеңимпаз деп табылып, республикалық басқышқа жоллама алды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова қатнасты.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.