ЖОЙБАР НӘТИЙЖЕЛЕРИ ТАЛҚЫЛАНДЫ
Нөкисте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм бир қатар министрликлер менен шөлкемлердиң (ЮНЕСКО, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Халықтаныў бойынша (UNFPA) қорлары, БМШниң Раўажланыў ҳәм Ықтыярлылар бағдарламалары) «Аралбойы аймақлары ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарындағы Траст фондын шөлкемлестириў арқалы Арал апатшылығынан жәбир көрген халықтың турмыс шараяты потенциалын беккемлеў» қоспа бағдарламасы шеңберинде «Репродуктивлик саламатлық ҳәм ҳуқық: тийкарғы ўазыйпалар менен перспективалар» темасында дөгерек сәўбети өткерилди.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова басқарып барды.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы директорының орынбасары Д.Алимжанова, БМШниң Халықтаныў бойынша қорының Өзбекстандағы атқарыўшы ўәкили, бағдарламаны муўапықластырыўшы К.Иномходжаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, республикамызда халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў кең жәмийетшиликтиң итибарындағы мәселе екенлигин, бул бағдарда быйыл 11-март күни «Пуқаралардың репродуктивлик саламатлығын сақлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилгенин атап өтти.
Атап өтилгениндей, дөгерек сәўбети «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў» жылына ҳәм Каир Ҳәрекетлер Бағдарламасының қабыл етилгениниң 25 жыллығына бағышланды. Быйылғы жылдың 12-14-ноябрь күнлери Кенияның Найроби қаласында Каир Ҳәрекетлер Бағдарламасы қабыл етилгениниң 25 жыллығы белгиленди. Онда Өзбекстан Республикасының делегациясы республикада барлық пуқараларды репродуктивлик саламатлықты тәмийинлеўге байланыслы денсаўлықты сақлаў хызметлери менен толық қамтып алыў ҳәм Өзбекстанда 2018-жылы қабыл етилген Денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў стратегиясы тийкарында репродуктивлик ҳуқықлар ҳәм халық саламатлығын беккемлеўге байланыслы болған мәмлекетимиздиң алдына қойылған ўазыйпаларды 2030-жылға шекем орынлайтуғынлығын және бир мәрте тастыйықлады.
Мағлыўмат ушын, БМШниң Аралбойы аймағындағы басламалары шеңберинде жергиликли ҳаял-қызлардың жәмийетлик белсендилигин арттырыўға, олардың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў арқалы шаңарақларда саламат перзенттиң дүньяға келиўин ҳәм жуўапкер ата-аналықты тәмийинлеўге, шаңарақлардың турмыс потенциалын жақсылаўға қаратылған илажлар өткерип келинбекте.
Қоспа бағдарлама шеңберинде быйылғы жылдың 28-октябринен баслап БМШниң Халықтаныў қоры ҳәм «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы тәрепинен Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасының 8 аймағында ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша қәнигелердиң билим дәрежесин арттырыў мақсетинде семинар-тренинглер, жергиликли ҳаял-қызлардың репродуктивлик саламатлық бойынша билим алыўға болған талабын баҳалаў мақсетинде сораўлар өткерилди.
Семинар-тренинглер даўамында 160 қәниге репродуктивлик саламатлық бойынша өз билим ҳәм көнликпелерин арттырды, жаңа мағлыўматларға болған талапларды анкета-сораўларында көрсетти. Өткерилген дөгерек сәўбетинде усы сораўдың нәтийжелери көрип шығылып, халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў бағдарында перспективалы режелер белгилеп алынды.
Дөгерек сәўбетиниң тийкарғы мақсети — Қарақалпақстан Республикасы халқының репродуктивлик саламатлығы бойынша жағдайды үйрениўге ҳәм машқалаларды додалаўға, репродуктивлик саламатлық ҳәм ҳуқықлар тараўындағы мағлыўматлардың сапасы ҳәм олардан пайдаланыў имканиятларын арттырыў бойынша үстинликлерди және нәтийжели илажларды белгилеўге қаратылған.
Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасында репродуктивлик саламатлық бойынша жағдай, некеден алдын медициналық тексериўден өтиў, оның мониторингин өткериў системасын үйрениў ҳәм анализлеў сыяқлы бир қатар мәселелер бойынша баянатлар тыңланды ҳәм додаланды. Сондай-ақ, сессияларда да репродуктивлик саламатлық ҳәм ҳуқық тараўында халықтың хабардарлық дәрежесин арттырыў бойынша нәтийжели усылларды анықлаў, жынысый жол менен жуғатуғын кеселликлер ҳәм АИВ/АИЖС бойынша халықтың билимлерин арттырыў ушын ўазыйпалар менен имканиятларды анализлеў мәселелери бойынша додалаўлар өткерилип, бул бағдардағы усыныслар көрип шығылды.
— Бүгинги илажда Қарақалпақстанда репродуктивлик саламатлық тараўында ислейтуғын барлық қәнигелерди, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўәкиллерин жыйнап, биргеликте соңғы жыллар даўамында әмелге асырылған бағдарламалар, жойбарлардың нәтийжелерин анализлеп, жуўмақластырып алдық. Сәўбетимиз қызғын бәсекилерге бай болды. Себеби, бул жерде ҳәр қыйлы шөлкемлер бирге отырып, машқалаларды додаладық, анализлеп алдық, - дейди БМШ ниң Халықтаныў қорының миллий қәнигеси Б.Юсупов. — Соңғы төрт-бес жыл даўамында жумыс ислеў барысында ушырасқан әҳмийетли машқалаларды салыстырып, олардың шешимин биргеликте табыўға ҳәрекет еттик. Келешекте Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте ислемекшимиз.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.