Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:40:14, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЯКИ ЖЫЛДЫҢ СОҢҒЫ САНЫН ШЫҒАРЫЎ АЛДЫНДАҒЫ ОЙЛАР

Саат тиллерин қанша изге қайтарған менен ҳеш бир нәрсеге бағынбайтуғын, тек ғана тәбият нызамына бойсынатуғын қүдиретли ЎАҚЫТ бизиң менен сизди, ҳәммемизди және бир жылдың жуўмағына жеткерип, дөретиўшилик жәмәәтимиз бенен «Еркин...» ниң быйылғы соңғы санын жобаластырып атырмыз.

Әлбетте, ҳәр бир инсан, мәкеме-шөлкем, кәрхана жәмәәтлери жыл жуўмағы пайытында жәмийет ушын не иследим, қандай пайда келтирдим, нелерге жетисе алмадым, келешекте қандай ислерди әмелге асырыўым керек, республикамыз турмысында қандай жаңалықлар, елеўли ўақыялар жүз берди! сыяқлы сораўларды қыялынан өткерип, жуўап излеўге ҳәрекет етеди.

Ҳақыйқатында тарийх еншисине айланып атырған 2019-жылдағы ең уллы жетискенлигимиз елимиздиң тынышлығы болды. «Жедел инвести­циялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» деген рәсмий атама менен тарийх бетлерине мөрленди. Усы тынышлықтың арқасында журтымызда таң қаларлық жаңалықларға, умытылмас қуўанышлы ўақыяларға толы жыл сыпатына хал­қымыздың ядында қалатуғынына гүман жоқ.

Ҳүрметли ПрезидентимиздиңF «Халық ертеңги келешектен емес, бүгинги күнинен разы болып жасаўы керек» деген шақырығы халықлық принципке айланды. Жәҳән әмелиятында тың тәжирийбе — Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханалары, жыл басынан баслап тийкарынан исбилерменлик субъектлери  ушын ҳәрекет баслаған Бас министр қабыллаўханасы, сондай-ақ, тараў басшыларының орынларға шығып халықтың мүрәжатларын тыңлап, машқалалардың орынларда шешилиўи нәтийжесинде халқымыздың турмыс дәрежеси жақсыланып, келешекке бол­ған исеними және де артпақта.

Ҳақыйқатына жүгиниўимиз тийис, быйылғы жыл соңғы үш жыл ишинде табыслары, жаңалықлары, алға илгерилеўи менен кеўил тәрезимизге тартар болсақ, әдеўир басым келеди. «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы, жаңа идея ҳәм жаңа басламаларды әмелге асырыў мақсетинде улыўмахалықлық ҳәрекетке айланған бес тийкарғы баслама шеңберинде республикамыздың барлық аймақларында ойы­мызға келмеген уллы ислер әмелде өз көринисин таппақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарарлары тийкарында дәслеп пайтахтымыз Нөкис қаласы ҳәм Беруний районын, соң Шоманай районын, быйылғы жылы Қанлыкөл районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында алып барылған жаратыўшылық ислер нәтийжесинде район орайларының келбети пүткиллей өзгерип, буны көрген ҳәм ийгиликли исте қатнасқан халық бүгинги күнинен разы болып, қуўаныш­қа бөленбекте. Ал, бүгин танымаслық дәрежеде өзгерген Мойнақ пүткил дүнья нәзеринде. Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен БМШ қәўендерлигинде Аралбойы аймағы ушын көп шериклик тийкарында Траст фонды дүзилди. Өзбекстан Президенти жанында Аралбойы халықаралық инновация орайы, Аралбойында инновацияларды қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, теңиздиң қурыған ултанында тоғайзарлық, Әмиўдәрья дельтасында киши суў ҳәўизлери қурылмақта.

Қәнигелердиң пикиринше, 42 жыл даўамында жәми 400 мың гектарға сексеўил егилген болса, өткен қыс-бәҳәр мәўсиминде 500 мың гектарға, ал бүгинги күни усы ийгиликли истиң екинши мәўсими даўам етип, алдымыздағы мәўсимде теңиздиң қурыған майданларына, яғный Возрождение  ҳәм Ақбеткей аймақларындағы 700 мың гектар жерге «жасыл қаплама» жаратыў ушын шөл өсимликлерин егиў режелестирилген.

Мойнақты экономикалық раўажландырыў, Арал машқаласынан жәбир шегип атырған аймақ халқының турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша үлкен жумыслар исленди. Мойнақ ра­йонын 2019-2021- жылларда жедел комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген арнаўлы мәмлекетлик бағдарлама тийкарында 1 триллион 485 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, усы жылдың өзинде 8 балалар бақшасы, 7 мектеп, 4 спорт имараты, 6 медицина мәкемеси ҳәм 8 мәденият объекти қурылды ҳәм қайта оңланды. 20 көп қабатлы турақ жайдың қурылысы жедел пәтлер менен алып барылмақта. Әлбетте, буныңдай жаратыўшылық ислер, жаңаланыўлар ҳаққында тилге тийек мысалларды республикамыздың барлық аймақларынан келтириў мүмкин. Газетаның жыл басынан берли шыққан санларына нәзер аўдарар екенбиз, ҳәр бир санында күнниң жаңалығы, елеўли ўақыяның сәўлеленгениниң гүўасы боламыз. Республикамыздың халық хожалығының барлық тараўларында жүз берген жаңалықларды бармақ бүгип санап, дизимге дизе бериўге бул кишкене мақала көтермейди. Лекин, халқымыз елимиз Конституциясы байрамының 27 жыллығын салтанатлы байрамлап, тарийхый ўақыя, үлкен жаңалық — Президент мектебиниң ашылыўының гүўасы болғанлығына өз алдына тоқтамақшымыз.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жыл ноябрь айында республикамызға сапары даўамында елимизди жаңа раўажланыў басқышына көтериў ушын ең дәслеп жаңа әўлад кадрларын таярлаў зәрүр екенлигин, усы мақсетте елимиздиң ҳәр бир аймағында биреўден жаңа категориядағы мектеплер ­ Президент мектеплери шөлкемлестирилетуғынын атап өтти. Усы жылдың 20-февраль күни мәмлекетимиз басшысының «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, оған муўапық усы жыл Ташкент, Нөкис, Наманган ҳәм Хийўа қалаларында қурып питкериў нәзерде тутылған еди.

Қурылыс сметасы 67 млрд cумлық мектептиң қурылыс ислери қысқа мүддетте питкерилип, барлық заманагөй қолайлықларға ийе мектепте 144 зийрек, қәбилетли балалар жергиликли ҳәм шет елли қәнигелерден билим алмақта. Президентимиз айтқанындай, бул мектепте билим алып атырған балалар елимиздиң «алтын фонды» саналады.

Бозатаў районының қайта шөлкемлестирилиўи, заманагөй «Нөкис сити» қурылысының басланыўы халқымызға өзгеше кейпият, қуўаныш бағышлады.

Елимиздиң алға илгерилеўи, республикамыздың ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажланыўындағы, көп жыллық пидә­керли мийнетлери ушын республикамыз басшысы Муса Тәжетдинович Ерниязовқа мәмлекетимиздиң ең уллы, ең әзиз байрамы — ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы қарсаңында Ҳүрметли Президентимиз Пәрманы менен  ең жоқары атақ «Өзбекстан Қаҳарманы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланыўы гүллән халқымызды үлкен қуўанышқа бөледи. Бул Журтбасшымыздың Қарақалпақстанға болған айрықша ҳүрмети болып табылады.  

«Жаңа Өзбекстан — жаңа сайлаўлар» принципи тийкарында өткен екшемби күни болып өткен сайлаўлар жылдың елеўли сиясий ўақыяларынан саналады. Президентимиздиң басламасы менен ислеп шығылған Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Сайлаў ҳаққында нызамы талаплары шеңберинде өткен бул сайлаў алдын­ғы сайлаўлардан әдеўир парқ қылады. Бул сиясий мапазда республикамыз пуқаралары конституциялық ҳу­қықынан пайдаланып, ҳуқықый мәденияттың, үлкен аўызбиршиликтиң, жоқары адамгершиликтиң үлгилерин көрсетип, елимиз бойлап жоқары көрсеткишти тәмийинледи. Келешекке үлкен исеним арттырған ҳалда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслерге ҳәрекеттеги бес партия­дан усынылған мүнәсип талабанларға даўыс берип, келешекке бийпарқ емеслигин әмелде және бир мәрте тастыйықлады.

Жылдың жылнамасына жазылатуғын усындай ўақыяларды, жаңалықларды оптимистлик қыяллар менен избе-из мақалаға киргизип атырғанымда бир кәсиплесимниң: «— Келеси жыл­ға тираждың жағдайы қандай, еки есе төмен десип атыр. Солай ма..? » деген сораўлы гәпи бәрин ушырып, пессимистлик көзқарас пайда етти.

Ҳақыйқатында, быйыл өзиниң 95 ҳәм 100 жыллық юбилейлерин белгилеген тийкарғы еки басылым менен оқыўшылары арасында қандайдур «тәнепис» пайда болғандай. «Көз көзге түскенде меҳир, исеним еки мәрте артады» деген ибараға сүйенип, район ҳәкимлерине, министрликлерге бир, айырымлары менен еки мәрте жүзлесип, газетаға жазылыўды «мәжбүрий емес, зәрүрлик деп қарайық» деп илтимас еттик. Негедур...

Халқымызда «буннан қыйынында да тойға барғанбыз» деген гәп адамға өзгеше жигер бағышлайды. Солай екен, Жаңа жыл қарсаңында песси­мистлик қыялды жойып, газеталарға жазылыўдағы «тәнепис»ке қоңыраў қағылып, бизди қоллап-қуўатлайтуғын зиялылардың көбейетуғынлығына исеним арттырамыз.

Жаңа жыл елимизге тынышлық, ығбал-бахыт, шаңарақларыңызға мол ырысқы-несийбе алып келетуғын жыл болғай!

Жаңа жылда жаңа нийетлер, арзыў-үмитлер менен көрисейик, әзиз оқыўшы.

Қурбанбай БАЙНИЯЗОВ,

Бас редактор орынбасары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF