Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:27:07, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИРЛЕСКЕН МИЛЛЕТЛЕР ШӨЛКЕМИНИҢ БИОМЕТРИЯЛЫҚ ҲҮЖЖЕТИНЕ ИЙЕ БОЛҒАН СЫРТ ЕЛ ПУҚАРАЛАРЫ УШЫН ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНА КИРИЎДЕ ВИЗАСЫЗ РЕЖИМДИ БЕЛГИЛЕЎ ҲӘМ ВИЗА РЕЖИМИН ЖЕҢИЛЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Кейинги жылларда Өзбекстан Республикасының Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (кейинги орынларда — БМШ) менен өз-ара бирге ислесиўи турақлы түрде кеңейип, тереңлесип бармақта. БМШ менен орнатылған жоқары дәрежедеги байланыслар турақлы раўажланып бармақта. Өзбекстан БМШның Бас ассамблеясы ҳәм басқа да қәнигелестирилген мәкемелериниң жумысындағы өз қатнасыўын жеделлестирди.

Өзбекстан Республикасының БМШ ҳәм оның структуралары менен барлық әҳмийетли бағдарларда өз-ара қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халықаралық финанс институтлары менен байланысларды кеңейтиў, сондай-ақ, БМШ хызметкерлериниң Өзбекстан Республикасына сапар етиўи ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. 2020-жыл 1-январьдан баслап БМШтың биометриялық ҳүжжетине (қызыл реңли Laissez-Passer паспорты) ийе болған сырт ел пуқаралары ушын Өзбекстан Республикасы аймағына кирген күннен баслап 30 күнлик мүддетке визасыз режим белгиленсин.
  2. БМШтың биометриялық ҳүжжетине (аспан көк реңли Laissez-Passer паспорты) ийе болған сырт ел пуқаралары ушын Өзбекстан Республикасына кириў визалары Өзбекстан Республикасындағы усыныс бериўши тәрептиң усыныс хаты тийкарында 2 жумыс күни ишинде Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен рәсмийлестирилетуғыны;

БМШтың биометриялық ҳүжжетлерине (қызыл ямаса аспан көк реңли Laissez-Passer паспорты) ийе болған ҳәм Өзбекстан Республикасына сапар етип атырған сырт ел пуқараларында бир ўақыттың өзинде әмел етиў мүддети БМШтың биометриялық ҳүжжетлериниң әмел етиў мүддетинен кем болмаған миллий паспорты (ҳәрекетлениў ҳүжжети) болыўы тийис екенлиги белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги:

бир ай мүддетте усы Пәрманның қағыйдалары ҳаққында БМШты хабардар етсин, сондай-ақ, БМШтың биометриялық ҳүжжетлери (қызыл ҳәм аспан көк реңли Laissez-Passer паспортлары)ниң үлгилерин, бундай ҳүжжетлер ҳәм олардың қорғаў элементлериниң толық сыпатламасын сорап алсын;

еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жеңилликлери ҳәм иммунитетлери ҳаққындағы конвен­циясына (Нью-Йорк, 1946-жыл 13-февраль) Өзбекстан Республикасының қосылатуғыны мақсетке муўапық екенлигин үйренип, нәтийжеси бойынша Министрлер Кабинетине тийкарланған усыныслар киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.

     

      Өзбекстан Республикасы   Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2019-жыл 24-декабрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF