ҲИЗБ-УТ ТАҲРИРДИҢ АЛЖАСТЫРЫЎШЫ ИДЕЯЛАРЫ
Бүгинги арасатлы дүнья тынышлық, парахатшылық, абадан турмысты, жәмийеттиң, мәмлекеттиң раўажланыўын қәлейтуғын ҳәр бир пуқарадан сергекликти талап етеди.
Себеби, барлық мәмлекетлер де тынышлықты гөзлеп, раўажланып атырғаны менен халық арасына иритки салып, әсиресе, мусылманлар арасында экстремистлик кейпиятлар пайда етиўши, бузғыншы идеялар менен қуралланған, терроризмди қоллап-қуўатлаўшы айырым ағымлар, шөлкемлер, олардың жер шарының түрли еллеринде алып барып атырған бузғыншылық ислери нәтийжесинде жәбир көрип атырған халықлар аз емес.
Усындай мақсетти гөзлеген ағымлардың бири — Ҳизб-ут Таҳрир яки толық атамасы «Ҳизб-ут Таҳрир ал-Исламий» ағымы болып, бул ағымның шөлкемлескен дәўири өткен әсирдиң орталарына туўра келеди.
Ҳизб-ут Таҳрир панислам сиясий шөлкеми болып, ҳәзирги ўақытта ол дүньяның дерлик барлық мәмлекетлеринде қадаған етилген шөлкемлер қатарына киргизилген. Мақсетине ерисиў ушын қаржы да, күш те аямайтуғын бул шөлкем көпшилик мәмлекетлерде жасырын ҳәрекетин даўам етпекте.
Бул ағым Өзбекстанда да қадаған етилиўине қарамастан, мәмлекетимиздиң түрли орынларында сийрек болса да ушырасып, халықтың әззи қатламларын, тәрбиясында бослығы бар, айырым жумыссыз жасларды изине ертиў ушын жасырын ҳәрекет етиўге урыныўы ҳәр биримизди қырағылыққа, сергекликке шақырады.
Елимизде рәсмий жумыс алып барып атырған барлық диний шөлкемлер, тийисли уйымлар ҳәм кең жәмийетшилик пенен бирликте экстремистлик ағымларға қарсы тынымсыз гүрес жүргизип келинбекте. Бул бағдарда исленип атырған жумысларымыздың тийкары халқымыз арасында ислам дининиң ҳақыйқый мәнисин үгит-нәсиятлаў, бул дин нықабы астында өз мақсетлери жолында ҳеш нәрседен, мусылманлардың өз-ара урысларын келтирип шығарыўдан, бузғыншылықлардан тайынбайтуғын Ҳизб-ут Таҳрир сыяқлы ағым тәрепинен жаллап қойылған шөлкем ағзаларының жалған ўәделерин ашық-айдын әшкаралаўға қаратылған.
Солай екен, биз бул мақаламызда «Ҳизб-ут Таҳрир ал-Исламий» — «Ислам азатлық партиясы»ның тарийхы, олардың бузғыншылық ҳәрекетлери, Өзбекстанға қашан кирип келгени, халықты изине ертиў ушын қандай усыллардан пайдаланып атырғаны туўралы азы-кем түсиник бериўди мақсет еттик.
«Ҳизб-ут Таҳрир» — рәсмий емес сиясийластырылған диний ағым болып, 1953-жылы Израильде пайда болған. Ағымның тийкарын салыўшы Таҳиюддин Набаҳоний (1909-1979-жыллары жасап өткен) болып, ол Мысырдағы Ал-Азҳар университетин тамамлаған. Иорданиядағы «Мусылман бирадарлар» диний экстремистлик шөлкеми баслықларының бири болған.
«Ҳизб-ут Таҳрир» дүзилиси бойынша пирамида көринисинде шөлкемлестирилген. Топар қурамы 4-5 адамлық киши топарлардан ибарат болып, топар басшысы «мушриф»тен сабақ алады. Бундай киши бөлеклерге бөлиниў арқалы жәриялылық имканиятын азайтқан. Шынығыўлар ҳәптеде кеминде бир мәрте өткерилиўи шәрт, делинген. Бундай сабақларда атына ғана диний тәлим берилип, тийкарғы итибар жаслар тәрбиясындағы бослықтан өз мақсетлери жолында барынша пайдаланыўға ҳәм олардың санасын ғәрезли сиясий пикирлер менен уўлаўға қаратылған. Бөлимше ағзалары бири-бирин тек аты яки лақабы арқалы ғана таныйды. Топарға ағза болған адам ҳәр қандай жағдай болған ўақытта да «Ҳизб» ҳәм оның алып барып атырған ислери ҳаққындағы мағлыўматларды сыр сақлаў ушын ант етеди.
Аймақлық басшы — «муътамад», жер жүзилик «Ҳизб-ут Таҳрир» ҳәрекети басшысы, яғный, «әмир» тәрепинен белгиленеди ҳәм район көлеминде жумыс алып баратуғын ис буйырыўшы «мусаид»лерге басшылық етеди. Ағым ағзалары район ҳәм өз алдына аймақларға бөлинип, төрт мушарифтен ибарат «нақиб» басшылық ететуғын топар дүзеди.
«Ҳизб-ут Таҳрир» көплеген мусылман мәмлекетлери, атап айтқанда, Мысыр, Иордания, Тунис, Ирак, Алжир, Судан, Йемен ҳәм тағы басқа да мәмлекетлерде өз ҳәрекетлерин жасырын түрде алып бармақта. Ҳәзирги ўақытта бул шөлкемге палестиналы Абудқадим Заллум басшылық етип келмекте.
Бул ағым ағзаларының жасырын ҳәрекетлери бизиң мәмлекетимизде l992-жылдан басланды. Олардың тийкарғы мақсети — мәмлекетте билдирместен ҳәм аңсат жоллар арқалы пуқаралар урысын баслаў, елдиң экономикасын изден шығарыў, миллетлер ҳәм динлер арасында тартысыўларды келтирип шығарыў, мәмлекет ишкерисине қурал-жарақ ҳәм нәшебентлик затларын алып кирип, пуқаралардың тыныш-татыўлығына иритки салыў, ғәрезсиз мәмлекетимизди қурал-жарақ ислеп шығарыўшы сырт еллерге ғәрезли етиўден ибарат.
Бул диний шөлкемде гүрес үш басқышта алып барылады.
Олардың бириншиси тақсиф ямаса үгит-нәсият ислери. Толық қәлиплеспеген жасларды өзиниң дузағына түсириў. Пикири сайыз, тәсиршең жасларды, үгит-нәсиятлаўшы уйымлардың, ҳәкимликлердиң айырым жуўапкерли басшыларын өз тәрепине қаратып алыўдан ибарат.
Екинши басқыш — тароул ямаса бирликте ҳәрекет етиў, санасын уўлаў арқалы олардың пикирлеў дүньясында революцияға ерисиў.
Үшинши басқыш — аўдарыў, ҳүкиметти ағым ағзалары арқалы қолға киргизиў.
«Ҳизб-ут Таҳрир» 1989-жылдан түрли тиллерде «Ал-Ўаъй» (Сана) атлы айлық журналды жарыққа шығарып, жасырын рәўиште тарқатып келмекте.
«Ҳизб-ут Таҳрир»диң рәсмий ҳәрекети араб мәмлекетлеринде қадаған етилген. Усы шөлкемниң Иорданиядағы жуўаплы хызметкери Аҳмад ад-Даур 1969-жылы ҳүкиметти ийелеў мақсетинде ислеген қылмыслары ушын айыплы деп табылған ҳәм өлим жазасы берилген. Ал, усы шөлкемниң отыз еки ағзасы Мысырда судланған.
Бүгинги күнде дүнья жүзи мәмлекетлери дин нықабы астында өзлериниң бузғыншы идеяларын әмелге асырыў ушын жасырын ҳәрекет етип атырған бундай экстремистлик диний ағымларға қарсы аяўсыз гүреспекте.
Әлбетте, жәннет мәкан елимиздиң тынышлығы ҳәр биримиз ушын жүдә қәдирли, демек, Ўатанымыздың тынышлығын сақлаў ҳәр бир пуқараның миннетли ўазыйпасы болыўы тийис.
Баҳрамаддин РАЗОВ,
Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад» жомеъ мешитиниң имам-хатиби.