ИСБИЛЕРМЕНЛЕР УШЫН ЖАРАТЫЛҒАН ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАР
Соңғы жылларда Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкимети тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў, тараў ўәкиллериниң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўды күшейтиў бойынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик статистика комитетиниң комплексли ис-илажлары режесине муўапық кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2005-жыл 15-июньдеги «Исбилерменлик субъектлери тәрепинен тапсырылатуғын есабат системасын жетилистириў ҳәм оны нызамсыз талап еткенлиги ушын жуўапкершиликти күшейтиў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, исбилерменлик субъектлеринен мәмлекетлик статистика уйымларының белгиленген финанслық ҳәм статистикалық есабатларға қосымша түрде ҳәр қандай мағлыўматлар ҳәм басқа да ҳүжжетлерди талап етиўине жол қойылмайды.
Және, соны да айтып өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2014-жыл 7-апрельдеги «Өзбекстан Республикасында инвестиция ықлымы ҳәм исбилерменлик шараятын буннан былай да жетилистириўге қаратылған қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, 2015-жылдың 1-январынан баслап киши исбилерменлик субъектлери статистика есабатларын жылына бир мәрте тапсырыўы белгиленген.
Киши исбилерменлик субъектлери 2019-жыл ушын 1 КВ (жыллық) «Киши кәрхана ҳәм микрофирмалар есабаты»н 2020-жылдың 26-февраль сәнесине шекем интернет тармағы арқалы электрон көринисте тапсырыўы тийис.
А.ИБРАЙМОВ,
Нөкис қалалық статистика бөлиминиң баслығы.