Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:11:42, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОНСТИТУЦИЯ ҲӘМ НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ, БУЛ БАҒДАРДА ЖӘМИЙЕТЛИК ҚАДАҒАЛАЎДЫ КҮШЕЙТИЎ ҲӘМ ЖӘМИЙЕТТЕ ҲУҚЫҚЫЙ МӘДЕНИЯТТЫ АРТТЫРЫЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Бизге белгили, елимизде Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўдың баслы өлшеми болып келмекте.

Елимизде әмелге асырылып атыр­ған кең көлемли реформалардың нәтийжеси, тынышлық ҳәм раўажланыўдың тийкарғы гиреўи  де Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге тиккелей байланыслы болып есапланады. Соның ушын да турмысымыздың барлық тараўлары ҳәм тармақларында мийнет етип атырған адамлар, биринши гезекте, басшы хызметкерлер, пуқаралардың Конституция ҳәм нызамларды пуқта билиўи, олардың орынланыўын дурыс шөлкемлестириўи, бул қағыйдаларға пүткил жәмийет ағзалары қатаң әмел етиўи шәрт болған орталықты жаратыў оғада әҳмийетли ўазыйпаға айланбақта.

Мәмлекетимизде жедел пәтлер менен алып барылып атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар негизинде, бәринен бурын, Конституциямызда белгиленген мәмлекетлик уйымлардың халық мәплерине хызмет етиўи керек екенлиги ҳаққындағы қағыйданы әмелге енгизиўдей ийгиликли мақсет жәмленгени де әне усыны талап етпекте.

Бул бағдарда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәми­йинлеў ушын көплеген нызамлар ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер қабыл етилип атырғаны үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Ҳәзирги ўақытта Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў нызам бузылыўына байланыслы унамсыз ақыбетлерге қарсы нәтийжели гүрести ҳәм бундай жағдайдың ерте алдын алыўға қаратылған тәсиршең системаны қәлиплестириўди талап етпекте.

Нызамлылықты беккемлеўде жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў оғада үлкен әҳмийетке ийе болып, бул ҳәр бир шахс­та нызамларға, инсан ҳуқық­лары менен еркинликлерине ҳүрмет пенен қатнаста болыўды ҳәм ҳуқықбузарлықларға маўасасызлық орталығын қәлиплестириўди күн тәртибине ең тийкарғы мәселе етип қоймақта.

Соның менен бирге, Конституция ҳәм нызам үстинлигине ерисиўде жәмийетлик қадағалаўдың тәсиршең түрлерин енгизиў, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң нызамлы ҳуқықларына ҳәр қандай түрде басым өткериўге жол қоймаў да айрықша әҳмийетке ийе болып есапланады.

Әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин күшейтиў, нызам үстинлигин сөзсиз тәмийинлеў, жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў, пуқаралық жәмийетин раўажландырыўда жәми­йетлик қадағалаўдың нәтийжели түрлерин енгизиў ҳәм бул процессте ғалаба хабар қуралларының қатнасыўын кеңейтиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Конс­титуциясы қабыл етилгениниң 27 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимде белгилеп берилген ўазыйпаларға муўапық Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, бул бағдарда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў ҳәм жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда Бағдарлама деп жүргизиледи) қосымшаға муўапық тас­тыйықлансын.
  2. Бағдарламаны әмелге асырыўдың тийкарғы мақсети етип төмендеги ақырғы нәтийжелерге ерисиў белгиленсин:

Конституция ҳәм нызам үстинлигин, мәмлекетлик уйымлардың қарарлары, лаўазымлы шахслардың ис-ҳәрекетлериниң нызамларға толық муўапық болыўын тәмийинлеў, нызамлардың орынланыўын нәтийжели шөл­кем­лестириў;

жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа көтериў, ҳуқықый мәлимлемени заманагөй усыллар арқалы кең жәмийетшиликке жеткериў, ҳәр бир пуқара ҳәм лаўазымлы шахсларда Конституция ҳәм нызамларға ҳүрмет сезимин қәлиплестириў;

Конституция ҳәм нызам үстинлигине ерисиўде мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаў механизмлерин жетилистириў, еркин ҳәм қалыс ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў, пуқаралық жәмийети институтларын буннан былай да раўажландырыў;

әдил судлаў системасын және де жетилистириў, суд ҳәкимиятының абырайын арттырыў ҳәм шын мәнисиндеги еркинлигин тәмийинлеў;

мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда, мәмлекетлик уйымлардың күнделикли жумысында ашық-айдынлық принциплерин күшейтиў, ҳуқық қорғаў уйымларын халықтың мәпи жолында хызмет ететуғын уйымларға айландырыў;

Конституция ҳәм нызамларда белгиленген инсан, оның турмысы, еркинлиги, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да усыған байланыслы ҳуқықларды жоқары қәдирият сыпатында және де беккемлеў, мүлктиң қол қатылмаслығын кепиллеў.

  1. а) 2020-жыл 1-марттан баслап:

елатлы пунктлердиң архитектуралық келбетин түп-тийкарынан жаңалаў ҳәм абаданластырыў, сондай-ақ, оларда комплексли қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыўға байланыслы қарарлар дәслеп сол аймақтағы халық арасында додаланып, жәмийетлик экспертизадан өткерилетуғыны;

физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жер ажыратыў ҳаққындағы ҳүжжетлер қабыл етилгенинен (рәсмийлестирилгеннен) кейин бир күн мүддетте тийисли ҳәкимликлердиң рәсмий веб-сайтларында жәрия­ланып барылатуғыны;

б) 2020-жыл 1-апрельден баслап:

шахсты услаў, оған процессуаллық ҳуқықларды түсиндириў, қорғаўшыдан бас тартыў ҳәрекетлерин мәжбүрий түрде видео көриниске түсириў тәртиби енгизилетуғыны;

ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлерине олар тәрепинен шахс усланғаннан кейин оның усланғаны ҳәм услап турылған орны ҳаққында шаңарақ ағзаларынан бирин, олар болмаған жағдайда, басқа туўысқанларын ямаса жақын адамларын дәрҳал хабардар етиў бойынша миннетлеме жүкленетуғыны;

в) 2020-жыл 1-июльден баслап ҳуқықты шеклейтуғын процессуаллық мәжбүрлеў илажларын қолланыў, соның ишинде, шахсты услап турыў жағдайлары бирден-бир электрон есапқа алыў системасына киргизип барылатуғыны белгилеп қойылсын. 

  1. Нызамлардың орынланыўын тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша:

а) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатына нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайын ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўин мониторинг етип барыў, қабыл етилген нызамларды халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў  жумысларын жетилистириў және күшейтиў усыныс етилсин;

б) Өзбекстан Республикасының Жоқары судына физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин суд жолы менен қорғаўда нызамлардың бир түрде ҳәм дурыс қолланыў жағдайларын үйрениў бойынша суд әмелиятын ҳәр шеректе улыўмаластырып барыў, зәрүрликке бола тийисли Пленум қарарларын қабыл етиў усыныс етилсин;

в) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети нызамлар орынланыўының мақсетли ҳәм комплексли үйренилиўин және оның нәтийжелерин реже тийкарында ҳәр шеректе Министрлер Кабинетиниң Президиум мәжилислеринде додалап барылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары суды Бас прокуратура, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги ҳәм Әдиллик минис­трлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-майға шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын тийисли нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин:

прокурор, сорастырыўшы ямаса тергеўшиниң жынаят исин қозғаў, жынаят исин қозғаўдан бас тартыў, тексериў тайынлаў, сорастырыў ямаса дәслепки тергеўди тоқтатыў ҳәм жынаят исин жуўмақлаў ҳаққындағы қарарлар үстинен лаўазымлы шахслар тәрепинен тиккелей судқа шағым етиў;

суд процесслерин шешиўге араласыў, соның ишинде, процесстиң ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс үйренилиўине тосқынлық етиў, әдалатсыз ҳүким, шешиўши қарар, ажырым ямаса қарар шығарылыўына ерисиў мақсетинде судьяға ҳәр қыйлы түрде тәсир өткериў жағдайлары бойынша жуўапкершиликти күшейтиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пуқаралық жәми­йетти раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңеси (А.Саидов):

Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў орайы, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң миллий ассоциациясы менен биргеликте, 2020-жыл 1-мартқа шекем алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда, ҳәр бир тараў ҳәм тармақ бойынша жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың тәсиршең ҳәм заманагөй системасын жаратыў бойынша комплексли бағдарламаны ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

жәмийетлик қадағалаў тараўында пуқаралық жәмийети институтлары менен нәтийжели бирге ислесиўдиң заманагөй механизмлерин ҳәм олардың жумысын қоллап-қуўатлаў илажларын енгизиў бойынша усынысларды белгиленген тәртипте киргизсин. 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондына 2020-жыл 1-майға шекем мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары арасында жәми­йетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың нәтийжели ҳәм заманагөй механизмлерин енгизиў және бул институтлардың жәми­йетлик басқарыўдағы қатнасыўын кеңейтиў бойынша ең жақсы усыныслардың мәмлекетлик грант таңлаўларын өткериў усыныс етилсин.

  1. Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы 2020-жыл 1-майға шекем халықаралық шөлкемлер, жәмийетшилик, тараў қәнигелери ҳәм экспертлердиң қатнасыўында кеңнен додалаў арқалы төмендегилерди нәзерде тутатуғын Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының миллий стратегиясы жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин:

Өзбекстан Республикасының инсан ҳуқықлары тараўындағы халық­аралық миннетлемелериниң толық орынланыўын тәмийинлеў;

пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине әмел етиўин мониторинг етиў механизмлерин жетилистириў;

инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеўге қаратылған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм басқа да комплексли илажлар системасын жаратыў;

нызамшылыққа ҳәм мәмлекетлик уйымлар, атап айтқанда, ҳуқық қорғаў уйымларының әмелий жумысына инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери тараўында халықаралық стандартларды имплементациялаў механизмлери менен тәртибиниң нәтийжелилигин арттырыў;

халықтың инсан ҳуқықлары тараўындағы ҳуқықый билимин арттырыў, соның ишинде, бул бағдарда нәтийжели мәлимлеме ҳәм ағартыўшылық тар­қатыў, билим бериў жумысын шөлкемлестириў;

инсан ҳуқықларын қорғаў тараўындағы халықаралық ҳәм регионаллық структуралар, сырт мәмлекетлердиң миллий институтлары менен бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуника­циялар агентлиги:

2020-жыл 1-июльге шекем ғалаба хабар қуралларының жумысы ҳәм мәлимлемеден пайдаланыў еркинлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың нызамсыз ҳәрекетлери (қарарлары)нен қорғаў кепилликлерин күшейтиў, журналистлердиң өз кәсиплик жумысына байланыслы миннетлемелериниң белгилениўин нәзерде тутатуғын «Телерадиоеситтириўлер ҳаққында»ғы ҳәм «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы Нызам жойбарларын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;

2020-жыл 1-мартқа шекем барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, оларда жәми­йетшилик, атап айтқанда, ғалаба хабар қураллары менен байланысларын жаңа басқышқа көтериў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тас­тыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасы Әдиллик министрлиги, Жоқары суд ҳәм Бас прокуратура менен биргеликте 2020-жыл 1-майға шекем адвокатура институтын буннан былай да жетилистириў ҳәм адвокатлардың статусын түп-тийкарынан арттырыў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжети жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин:

Адвокатура институтын раўажландырыў концепциясын тасты­йықлаў;

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Адвокатлар палатасының жумысына байланыслы болған ўәкилликлерин қайта көрип шығыў арқалы усы структураның ролин ҳәм әҳмийетин және де арттырыў;

тергеўши, прокурор ҳәм суд тәрепинен мәмлекет есабынан адвокатларды тартыў механизмин халықаралық стандартлар тийкарында қайта көрип шығыў;

адвокатлар ушын қосымша жеңилликлер белгилеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги 2020-жыл 1-март­қа шекем:

халыққа, әсиресе, жасларға олардың ҳуқықларын түсиндириўде әмелий, тәсиршең ҳәм инновациялық механизмлерди қолланыўды нәзерде тутатуғын Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў концепциясын 2020-2021-жылларда нәтийжели әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин;

нызамшылықты жаңалаў ҳәм системаластырыў бойынша жаңа системаны жаратыў бойынша усыныслар таярласын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм уйымлардың бас­шылары:

Бағдарламада белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын, онда нәзерде тутылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары нызамшылық ҳәм әмелиятты терең таллаған ҳалда ҳәм раўажланған мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылыўын ҳәм кең жәмийетшилик арасында, соның ишинде, социаллық тармақларда жедел додаланыўын;

Бағдарламаның әмелге асырылыўы жағдайы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине ҳәр шеректе мәлимлеме усынып барылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:

Бағдарламада белгиленген илажлардың әмелге асырылыўы жағ­дайын турақлы мониторинг етип барсын;

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине мониторинг нәтийжелери ҳаққында ҳәр шеректе мәлимлеме киргизип барылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуника­циялар агентлиги Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпалары ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағында кеңнен сәўлелениўин шөлкемлестирсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 13-декабрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF