ПОЛИКЛИНИКАНЫҢ ЖАҢА ИМАРАТЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ
2018-2019-жылғы Мәмлекетлик инвестициялық бағдарламаға муўапық, Нөкис қаласы «Қарақалпақстанның 60 жыллығы» көшесиндеги жаңа поликлиника имаратының қурылысы ушын 5 миллиард 700 миллион сумнан аслам қаржы ажыратылған еди.
Қурылыс жумыслары «Голденстар Жаўмытбаев Караматдин» ЖШЖ тәрепинен алып барылып, бүгин усы имарат пайдаланыўға тапсырылды.
Имараттың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жылларда барлық тараўлар қатарында медицина тараўы да үлкен жетискенликлерге ерисип киятырғанын атап өтти.
Жаңа имаратта халықтың денсаўлығын сақлаў, наўқасларға диагноз қойыў ҳәм емлеў ушын барлық шараятлар жаратылып, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.
Поликлиника басшыларына имараттың символлық гилти тапсырылып, лента кесилди. Мийманлар поликлиникаға кирип, ол жерде жаратылған шараятлар менен танысты.
— Поликлиникамыздың хызмет көрсететуғын аймағында 9 МПЖ, 7 улыўма билим бериў мектеби, 12 МШБШ жайласқан. Бул жерде жәми 46 мыңға шамалас адам жасайды,-дейди 5-санлы шаңарақлық поликлиникасы бас шыпакериниң орынбасары Қәлбийке Ержанова. — Поликлиникамызда 30 шыпакер, 68 патронаж мийирбийке халыққа медициналық хызмет көрсетеди.
Жаңа имаратқа көшиўимиз себепли, мүмкиншилигимиз әдеўир кеңейди. Күнине 350 адамды қабыллай аламыз.
Ҳәзирги күнде поликлиникамыз «Саламатлық — 3» жойбары тийкарында заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Жақында берилген компьютерлер, адамлардың салмағын өлшейтуғын тәрезилер, бойын өлшеўши әсбаплар, көз өткирлигин өлшеўге арналған кестелер ҳәм офталмоскоплар, стоматологиялық кресло, хирургиялық және гинекологиялық инструментлер топламы, портатив ЭКГ аппараты солардың қатарына киреди.
Бул ушын Президентимизден, республикамыз басшыларынан миннетдармыз...
Илажда көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.