CАЙЛАЎДА ИМКАНИЯТЫ ШЕКЛЕНГЕН ПУҚАРАЛАР ДА ҚАТНАСТЫ
Сиясий процессте сайлаў участкаларына келе алмайтуғын пуқаралар да белсенди қатнасты.
Участкалық сайлаў комиссияларында дүзилген арнаўлы топар ағзалары кекселер ҳәм имканияты шекленген пуқаралардың үйлерине барып, олардың сайлаўда өзлери қәлеген талабанға даўыс бериўин әмелге асырды.
Төрткүл районындағы 462-санлы участкалық сайлаў комиссиясының ағзалары «Шорахан» АПЖда жасайтуғын 87 жастағы Гүлшад Ерназарованың үйине барды. Ол өзи таңлаған талабанларға даўыс бериў мүмкиншилигине ийе болды.
Сондай-ақ, «Өзбекстан» МПЖдағы 103 жастағы Халима Каримбаеваға да өзиниң Контитуцияда белгиленген ҳуқықларынан пайдаланыў мүмкиншилиги жаратылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.