«ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН — ЖАҢА САЙЛАЎЛАР»: САЙЛАЎШЫЛАР ӨЗИНИҢ СИЯСИЙ ЕРК-ЫҚРАРЫН КӨРСЕТТИ
22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлығына сайлаўларда пуқараларымыз өз конституциялық ҳуқықларынан пайдаланып, сиясий ерк-ықрарын көрсетти.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаўды өткеретуғын 1-Нөкис, 2-Төрткүл, 3-Елликқала, 4-Әмиўдәрья, 5-Хожели, 6-Шымбай, 7-Арал, 8-Ақмаңғыт округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен даўыс бериўди шөлкемлестириў ушын зәрүрли шараятлар жаратылған. Сайлаўда республикамыздан 995 мың 36 пуқара қатнасып, соннан 17 мың 511и майыплығы болған шахс, 10 мың 218 пуқара жасаў орнынан даўыс бериўи күтилмекте. Соннан быйыл 58 мың 74 жас биринши мәрте даўыс береди. Сайлаўларды бақлап барыў ушын 2 мың 854 бақлаўшы тартылған.
Барлық сайлаў округлери сыяқлы Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 8-санлы «Ақмаңғыт» сайлаў округине қараслы Нөкис қалалық 5-сайлаў участкасында да халықтың даўыс бериў ҳуқықынан пайдаланыўын тәмийинлеў бойынша кең көлемли шөлкемлестириўшилик ҳәм түсиник жумыслары алып барылды.
— Сайлаўда қатнасыў ҳәр бир пуқараның тек ҳуқықы болып қалмай, соның менен бирге миннети де есапланады, - дейди «Қутлы мәкан» МПЖ турғыны Т.Жақсымбаева. — Себеби, сайлаўда келешекте раўажланыўымыз ушын даўыс беремиз, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға өз мүнәсибетимизди билдиремиз. Аймағымыздағы 5-сайлаў участкасына келип, өз сайлаў ҳуқықымды әмелге асырдым — мүнәсип талабанға даўыс бердим.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.