Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:03:17, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ БАСЛЫҒЫ М.ЕРНИЯЗОВ САЙЛАЎДА ДАЎЫС БЕРДИ

Республикамызда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерге сайлаўлар шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Нөкис қаласындағы 42-санлы сайлаў участкасында болып, мүнәсип талабанларға даўыс берди. Участкалық сайлаў комиссиясының баслығы Зина Казбекованың атап өткениндей, аймақта жәми 2479 сайлаўшы болып, соннан 52 сайлаўшы биринши мәрте даўыс берди. Сондай-ақ, 57 майыплығы бол­ған сайлаўшыға үйлеринде даўыс бериў шөлкемлестирилди.

Республикамыздағы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм ра­йонлық Кеңеслерге сайлаў өткериўши барлық 622 сайлаў участкасында сайлаўшылар ушын шараятлар жаратылған.  Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 57-статьясына муўапық 6378 сайлаўшы өзлериниң конс­титуциялық ҳуқықларынан пайдаланған ҳалда мүддетинен алдын даўыс берди. Сайлаўлардың барысын сырт еллердиң ҳәм халықаралық шөлкемлердиң бақлаўшылары бақлап барды.

Ҳәр бир сайлаўшы «Жаңа Өзбекстан — жаңа сайлаўлар» сүрени астында өткерилип атырған сайлаўларға белсене қатнасып, мәмлекетимиздиң келешеги, халқымыздың ертеңги абадан турмысына бийпарық емеслигин  әмелде көрсетти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF