ҚАЙСЫ БИРИНЕ ИСЕНЕМИЗ?
Елимизде басқа тараўлар менен бирге медицина тараўы да жедел раўажланып бармақта. Заманагөй типтеги поликлиникалар, емлеўханалар, олардың ишиндеги әсбап-үскенелер пикиримизге айқын дәлил.
«Ал-ҳә, анаў жердеги поликлиника да диагнозды анық қояды екен» десе ҳәмме сол поликлиникаға қарай ағыламыз.
Деген менен, ол жерлерде ислеўши гейпара медицина хызметкерлериниң итибарсызлығынан ба яки басқа себепли ме, гейде тапсырған анализ жуўмақларына кеўилиң толмайды. Мысаллар келтирейин, усы жылдың 13-декабри күни азанда наўқасланған ҳаялымды анализ тапсыртыў ушын жасаў орнымызға байланыслы пайтахтымыздағы 5-санлы поликлиникаға алып барып, қан тапсырттым. Түстен кейин соның нәтийжесин көрсек, қандағы қанттың муғдары 13,47 ммоль.л. болып шықты.
Поликлиникадағылардың қанды қайтадан тексертиў ушын Республикалық эндокринологиялық емлеўхананың лабораториясына жоллама бергеннен кейин 17-декабрь күни азанғы саат 8 лерден өте усы лабораторияға қан тапсырылды. Усыннан кейин ўақытты өткерместен А.Досназаров көшеси бойында жайласқан «Нөкис тиббий диагностика»ға барып қан тапсырылды. Арасы 20 минут. Түстен кейин тапсырылған қанның нәтийжелерин алдық. Нәтийжесине қараң: Республикалық эндокринологиялық емлеўхананың лабораториясынан алынған мағлыўмат бойынша ҳаялымның қанындағы қанттың муғдары 7,4, ал, А.Досназаров көшеси бойында жайласқан «Нөкис тиббий диагностика»сынан алынған жуўмақ бойынша 6,47 болып шықты.
Енди ойлап қараң, 13,47 ммоль.л. болып турған адам қанының муғдарындағы қант 5 күн ишинде 7,4 ке түсиўи мүмкин бе? Ямаса 7,4 моль.л. болып турған адам қанындағы қанттың муғдары 20 минут ишинде 6,47 ге төменлеўи мүмкин бе? Бул анализлердиң қайсы бирине исенейик ямаса улыўма исенимди жоғалтайық па! Тараў басшылары, тийисли қәнигелер буны қалай түсиндиреди!
А.ПАЗЫЛОВ.