Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:08:19, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ЕСАПЛАҒЫШ АНЫҚ ҲӘМ ДУРЫС ЕСАПЛАЙДЫ

Ҳәзирги ўақытта респубикамыз аймағында халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын автоматластырылған заманагөй электр есаплағышларды орнатыў жумыслары алып барылмақта.

Бул жаңа электр есаплағышлар алдынғысынан исенимли түрде парықланады. Атап айт­қанда, егер тутыныўшы жаңа электр есаплағыш орнатылғанға шекем қандай да бир нызамсыз жоллар менен электр энергиясынан пайдаланып келген болса, жаңа электр есаплағыш оған да есап-санақ жолы менен анықлық киргизеди. Буған қосымша тағы бир өзгерис, ҳәр биримиз реактив энергияны пайдаланамыз, бирақ ҳәммемиз де оған төлемди әмелге асырмайтуғын едик. Бүгинги күнге шекем тек ғана белгиленген категориядағы тутыныўшылар буған төлем төлеп келди.

Ал, автоматластырылған есаплағышларға оны өлшеў функ­циясы да қосылды. Бул илаж электр тогының сапалы болыўын тәмийинлейди. Дурыс, бир есаплағыш өлшеген реактив энергия менен ҳеш нәрсе өзгермейди. Бирақ, мине усы система жағдайды анализлеў имканиятын береди.

Орнатылып атырған жаңа электр есаплағышларда анықлық дәрежеси әўелги индукциялық яки биринши әўладқа ти­йисли айырым электрон есаплағышлардан әдеўир жоқары.

Энергетика тараўында «анықлық класы», «сезгирлик дәрежеси» деген түсиниклер бар. Ески электр есаплағышлар орта есапта 30 жыл тутыныўшыға хызмет көрсеткен. Сонлықтан да, оның ишки механизмлери гөнерген ҳәм де электр энергиясын есаплаў дәрежеси пәс бол­ған. «Ўзэнергоинспекция» мәмлекетлик инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң инспекторлары, республикамыздағы кәрхана, мәкеме, мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында жаңа электр есаплағышлардың абзаллық тәреплери бойынша түсиндириў жумысларын турақлы жүргизип келмекте. Жаңа электр есаплағышлар тәбийғый энергия ресурсларын үнемлеўге ҳәм хал­қымыздың ийгилигине хызмет етеди десек қәтелеспеймиз.

Ө.ЕРНАЗАРОВ,

«Ўзэнергоинспекция» мәмлекетлик инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы

аймақлық бөлиминиң жетекши инспекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF