Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:11:49, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎ

«Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек!», — мәмлекетимиз басшысының талабы бүгин барлық мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм де мәкеме, шөлкемлер басшылары ушын күнделикли турмыслық позицияға айланған.

Халық пенен сәўбетте болыў, олардың дәртин, тәшўишин тыңлаў, машқалаларды туўрыдан-туўры орынларға шыққан ҳалда үйрениў ҳәм шешимин табыў жолында бүгин барлық жуўапкер басшы хызметкерлер тыным билмей ислеп атыр.

Мәмлекетлик Бажыхана Комитети Баслығы басшылығындағы исши топар жақында Республикамызда болды.

Алды менен, исши топар Бажыхана басқармасында исбилерменлик субъектлери ҳәм де пуқараларды қабыллап, олардың жумысларындағы машқалаларды үйренди. Сондай-ақ, коррупция мәселелери бойынша пикирлер билдирилди.

Билдирилген мүрәжатлардың тийкарғы мазмунын транспорт қуралларына импорт бажыхана төлемлеринен жеңилликлерди қоллаў, өнимлерди экспорт етиўде ҳәм шегара бажыхана пост­ларында және де қолай шараятларды жаратыў, бажыхана уйымларына жумысқа кириў ҳәм де қайта тиклеў мәселелерин қурады.

Атап айтқанда, буннан бир нешше жыллар бурын айрым себеплерге көре бажыхана хызмети уйымларынан жумыстан босаған пуқара Г.Кның мәселеси Мәмлекетлик Бажыхана Комитети Баслығы басшылығындағы көшпели қабыллаў даўамында үйренип шығылып, унамлы шешим тапты. Бажыхана уйым­ларындағы хызмети даўамында жол қойған айырым қәте ҳәм кемшиликлеринен пушайман болып, өзине тийисли жуўмақ шығарған бул пуқараның қуўанышы шексиз. Ендигиден былай ол бажыхана уйымларында өз жумысын қайта даўам еттирип, республикамыз экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеўге ўәде берди.

Және де, Қоңырат районында жайласқан боянтамыр экстрактын экспорт қылыўшы «Қунграт Агро Солодка Систем» ЖШЖ жумысларындағы маш­қалалы мәселеде исши топар итибарынан шетте қалмады.

Исбилерменниң  машқаласы толық үйренилип, кәрхана тәрепинен МОБна кепиллик хаты берилиўи шәрти менен өним экспортынан түскен валюта есабынан кәрхананың дебитор қарыздарлығы төлеп берилиўи белгиленип, кәрхана өнимлериниң экспортқа шығарылыўына рухсат етилди.

Буннан кейин, исши топар «Хожели» шегара бажыхана пос­тында болып, бул жерде пост арқалы ҳәрекетленип атырған физикалық шахслар, товарлар экспорты ҳәм импорты менен шуғылланып киятырған исбилерменлик субъектлери өзлерин қызықтырған, көптен берли ойландырып кия­тырған машқалалы мәселелери бойынша Мәмлекетлик Бажыхана Комитети Баслығына мүрәжатларын билдирди.

Сондай-ақ, пост арқалы ҳәрекетлениўши жолаўшылардың қоңсылас мәмлекетлердиң бажыхана тәртип-қағыйдаларынан хабардарлығын асырыў бойынша билдирилген усыныслары ина­батқа алынды.

Өткерилген сәўбет даўамында пуқаралар ушын шегара пост­ларында жаратылған имканият ҳәм шараятлар ҳаққындағы пикирлери үйренилди.

Солай етип, жаңа форматтағы көшпели қабыллаўда бир топар Қарақалпақстанлы исбилерменлер ҳәм де пуқаралардың машқалалы мәселелери орнында шешимин тапты.

Мавлюда Чимбергенова,

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы

Жәмийетшилик ҳәм “ХҚ менен байланыслар топары инспекторы,

Бажыхана хызмети лейтенанты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF