«СИЗИҢ ДАЎЫСЫҢЫЗ СИЗИҢ КЕЛЕШЕГИҢИЗ»
Жақында Халықаралық баспасөз орайы Қарақалпақстан бөлиминиң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы, Әдиллик министрлиги, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте сайлаў процесине биринши мәрте қатнасып атырған жоқары оқыў орынларының студентлери ушын «Сизиң даўысыңыз-сизиң келешегиңиз» атамасындағы сайлаў алды мәжилис болып өтти.
Оған Халықаралық баспасөз орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы А.Ембергенов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Ә.Өтеўлиев, Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиўши бийғәрез институтының бас қәнигеси О.Балтабаев ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте атап өтилгениндей, мәмлекетимизде болып өтетуғын сайлаўға он сегиз жасқа толған барлық жаслар өзлериниң конституциялық ҳуқықларынан пайдаланған ҳалда сайлаў процесине қатнасып, даўыс береди. Қарақалпақстан Республикасының Сайлаў ҳаққындағы Нызамының 4-статьясында көрсетилгениндей, «Сайлаў күни он сегиз жасқа толған Қарақалпақстан Республикасы пуқаралары жынысы, расасы ҳәм миллети, тили, динге қатнасы, социаллық шығысы, исеними, жеке ҳәм социаллық жағдайы, мағлыўматы, жумысының түри ҳәм өзгешелигине қарамастан, тең сайлаў ҳуқықына ийе».
Илажда студент жаслар 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары район ҳәм қалалық Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўға байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўапларын алды.
З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.