Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:58:16, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«НӨКИС СИТИ» ҚУРЫЛЫСЫ БАСЛАНДЫ

Нөкис қаласындағы «Нөкис сити» жойбарының қурылыс жумыслары басланды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда «Ўзшаҳар қурилиш инвест» инжиниринг компаниясының директоры З.Нарзуллаев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Зиядуллаев, Нөкис қаласының ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы П.Турешов, қурылыс шөлкемлериниң басшылары, жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2016-жыл 21-октябрьдеги «2017-2021-жылларда жаңаланған үлги жойбарлар тийкарында арзан турақ жайлар қурыў бағдарламасы ҳаққында»ғы ҳәм сол жылы 22-ноябрьдеги «2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында республикамызда кең көлемли қурылыс жумыслары алып барылмақта.  Қурылысы басланып атырған «Нөкис сити» қаламыздың ең сулыў ҳәм па­йызлы орынларынан бирине айланады.

Қәнигелердиң атап өткениндей, дәслепки жылы 7 этажлы еки, 16 этажлы еки турақ жай қурыў режелестирилген. Қурылыс жумыслары бас бөлип алып ислеўши «Үй-жай қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен алып барылады. Басқышпа-бас­қыш бир нешше көп этажлы турақ жайлар, мийманханалар, дем алыў орынлары, социаллық тараў объектлериниң қурылысы режелестирилген.

Усы күнниң өзинде нураныйларымыздың жақсы нийет­лери менен 7 ҳәм 16 этажлы турақ жайлардың тырнақ тасы қойылып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF