Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:53:52, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДӨГЕРЕК ЖУМЫСЛАРЫ ЖЕТИЛИСТИРИЛЕДИ

Жақында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының басламасы менен Мойнақ районы мәденият сарайында «Ҳәўескерлик дөгерек жумысларының нәтийжелилигин жетилистириў» атамасында илимий-әмелий семинар шөлкемлестирилди. 

Семинарға районның кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасты. Онда филиалдың «Халық дөретиўшилиги, мәденият ҳәм китапхана искерлиги» кафедрасының аға оқытыўшысы Г.Сапарбаева сөзге шығып, Президентимиздиң алға қойған бес әҳмийетли басламаның мазмунына айрықша тоқтап өтти. Буннан соң, жаслардың руўхый дүньясын жетилистириў, оларды көркем-өнердиң түрлерине қызығыўшылығын арттырыў, спортқа кеңнен тартыў, китап оқыў ҳәм интернеттен дурыс пайдаланыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, ҳаял қызларды кәсип-өнерге бағдарлаўға қаратылған шеберлик сабақлары өткерилди. Бунда филиалдың 2-3-курс студент-жаслары дөгерек жумысларын еле де жетилистириў бойынша оқыў методикалық қолланбалар менен белсене қатнасты.

Буннан басқа да, Мәденият орайы дөгерек ҳәм ҳәўескерлик жәмәәт басшылары менен дөгеректе сабақ өтиўдиң усыллары бойынша пикир алысыўлар болды. Семинар даўамында қатнасыўшылар тәрепинен орай жумысын еле де жетилистириўде усындай методикалық қолланба ҳәм илажларды шөлкемлестириў ҳәм тәжирийбеде қолланыў бо­йынша да пикир-усыныслар билдирилди.

Илажды өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет — жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде дөгерек жумысларын жетилистириў  бойынша тәжирийбе алмасыў болып табылады.

Семинар соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды.

А.ЮСУПОВ.

Мойнақ районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF