ХАЛЫҚ ИСЕНИМИН АҚЛАЎ ЖОЛЫНДА
Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы 1-Айрықша батальоны хызметкерлери пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын қорғаў, жәмийетте қәўипсизликти, соның менен бирге, мәмлекетлик ҳәм пуқаралардың жеке мүлклериниң сақланыўын тәмийинлеў бойынша өзлерине жүклетилген ўазыйпаларды инабат пенен атқарып келмекте.
Батальон хызметкерлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, Ҳүкимет қарарлары ҳәм басқа да норматив ҳүжжетлер тийкарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Олар қорғаў хызметиниң жуўапкершилигине жүклетилген, мүлкшилик түринен басқа да материаллық байлықларды жынайы ис-ҳәрекетлерден қорғаўда өзлериниң бар билим ҳәм тәжирийбелерин жумсап келмекте. Усының нәтийжесинде батальон хызметкерлери тәрепинен қорғалып атырған халық хожалығы объектлеринде ҳәм пуқаралардың үйлеринде бирде-бир урлық ислениўине жол қойылмады.
Усы жерде соны да айтып кетиў керек, кейинги ўақытлары айырым мәкеме, кәрхана басшылары 1-Айрықша батальон менен дүзилген шәртнамаларды бийкарлап, қорғаўды өзлериниң қараўылларына тапсырмақта. Бизиң хызметимизден ўаз кешкен бул мәкеме ҳәм кәрханаларда майда урлықлардың жүз берип атырғанын бийкарлап болмайды.
Биз ушын қорғалып атырған объектлерде жүз бериўи мүмкин болған урлықлардың алдын алыў, қорғаўдың сапасын арттырыў, оларға заманагөй сигнализация үскенелерин орнатыў, исенимли қорғаў дәрежесин көтериў бойынша қосымша имканиятларды излеў әҳмийетли болып, хызметкерлеримиз өз мүлклерин қорғаў ушын тапсырған пуқаралар, мәкеме ҳәм кәрхана басшыларының исенимин ақлаў жолында жигерлилик пенен мийнет етпекте.
Бүгинги күнде қорғаў бөлимлери республикамыздағы мәмлекетлик, жәмийетлик ҳәм жеке мүлклерди қорғаўға арналған бирден-бир қәнигелестирилген мәкеме болып, өз жумысларын қорғаўдың бес түринен пайдалана отырып, әмелге асырмақта. Булар қараўыллық, әскерийлескен сақшылық, мәкеме сап бөлимшелери, түнги жөнелис сап бөлимшелери ҳәм техникалық қорғаў пультлери болып табылады.
Пуқаралар жеке меншик үйлери ҳәм көп қабатлы жайлардағы квартираларына техникалық қорғаў пунктлериниң электрон қорғаў үскенелерин үйлеринде орнатылған телефон линиялары арқалы қорғаўға тапсырса, олардың қорғаўсыз қалмағанына толық исенип, демалысларға ҳәм басқа да жумысларына арқайын кетиў мүмкиншиликлерине ийе болады.
Ҳәзирги ўақытта қорғаў хызмети заманагөй сигнализация әсбап-үскенелери менен толық тәмийинленген болып, өз ўазыйпаларын талап дәрежесинде атқарыў ушын қәнигели хызметкерлер ҳәм материаллық-техникалық базаға ийе.
Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы 1-Айрықша батальоны хызметкерлери мәкеме, кәрхана объектлери ҳәм пуқаралардың жеке меншик мүлклериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша өз жумысларын белгиленген режелер тийкарында әмелге асырып, олардың исенимин ақлаў ушын хызмет ете береди деп исендирип айта аламыз.
А.ЖАМАЛОВ,
Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў
басқармасы 1-Айрықша батальоны 3-отряд командири, аға лейтенант.