ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ЖИГИРМА ТОҒЫЗЫНШЫ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА
МӘЛИМЛЕМЕ
Усы жыл 16-декабрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма тоғызыншы сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған реформалар, анық мақсет және ўазыйпаларды өзинде жәмлеген пәрман ҳәм қарарлар, Бағдарламалар турмысымызда әҳмийетли орын тутпақта. Соны айрықша атап өтиў керек, Президентимиздиң ҳәр бир сапары үлкен дөретиўшилик ислерге тийкар болмақта.
Президентимиздиң республикамызға усы жылдың август айындағы сапарынан соң 14 триллион 805 миллиард сумлық 697 жойбарды әмелге асырыў, усының есабынан 14 мыңнан аслам жаңа жумыс орнын жаратыў ўазыйпасы белгилеп берилген еди. Соннан бүгинги күнге шекем 455 миллиард сумлық 111, яғный быйылғы жылдың өзинде 16 процент жойбар иске түсирилди.
Бул жойбарлардың ең баслыларына тоқтап өтетуғын болсақ, Нөкис районында жылына 300 тонна балық жетистиретуғын балықшылық кластери жолға қойылды. Нөкис қаласында шприц ҳәм медициналық буйымлар ислеп шығаратуғын «Нукус мед тех» кәрханасы, Елликқала районында «Ел абад мәҳәлле» фермер хожалығында жылына 1200 тонна ун өнимлерин ислеп шығаратуғын линия, Тақыятас ҳәм Елликқала районларының ҳәр биринде 4 гектарлық гидропоника усылындағы заманагөй ыссыханалар иске түсирилип, жумыс баслады. Усылар менен бир қатарда ең ири объектлерден есапланған «Нөкис Сити» комплекси ушын жер майданы ажыратылып, бас режеси бекитилди. Қала ҳәм районларымыз фармацевтика, электротехника, нефьт-химия санааты, тоқымашылық, туризм, шарўашылық, бағшылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларға қәнигелескени, Мойнақ районында ҳәр айда 5-6 объекттиң, Конституция байрамы күнлери қала ҳәм районларымызда 50 ден аслам объекттиң иске түсирилгени экономикамыздың беккемленип, халқымыздың турмыс дәрежеси жақсыланып атырғанынан дәрек береди.
Бүгинги күнде исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Быйылғы жылдың өзинде «Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен», «Жаслар — келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламалары тийкарында 312 миллиард сумнан аслам жеңиллетилген кредит қаржыcы берилди. Республикамызға 180 миллион долларлық көлемдеги инвестиция тиккелей алып келинип, Германия, Қытай, Қубла Корея, Япония, Түркия, Латвия, Польша, Белорусь ҳәм басқа да мәмлекетлерге 150 ден аслам түрдеги өним экспортқа шығарылды. Усы жылдың өзинде Тунис, Болгария ҳәм Сингапур мәмлекетлерине өнимлер экспортқа шығарылып, ишки имканиятларымыз кеңеймекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары ўақтында елимиздиң ҳәр бир аймағында биреўден жаңа типтеги Президент мектеплерин шөлкемлестириў, бул жумысты Қарақалпақстаннан, Нөкис қаласынан баслаўды усыныс еткен еди. Бул бойынша бүгинги күни Ташкент, Наманган, Хийўа қалаларынан кейин Нөкис қаласында Президент мектеби ашылды. Бул мектептиң қурылысы ушын жергиликли бюджет есабынан 83 миллиард сум қаржы ажыратылып, ең заманагөй шараятлар жаратылды. Заманагөй жойбар тийкарында 168 орынға мөлшерленген еки қабатлы оқыў имараты, усынша орынға мөлшерленген үш қабатлы жатақхана, барлық қолайлықларға ийе мийманхана, гимнастика ҳәм спорт заллары, жүзиў бассейни, асхана, сабақ таярлаў ханалары оқыўшылардың ийгилигине тапсырылды. Барлық зәрүр үскенелер Қытай Халық Республикасы ҳәм Түркия мәмлекетинен алып келинди.
Президентимиздиң басламасы менен Арал теңизиниң әтирапында экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде, теңиз ултанында өткен мәўсимде 1 миллион 125 мың гектарға шамалас жер майданы таярланып, 500 мың гектарға сексеўил, қандим ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер егилген болса, быйылғы жылы 700 мың гектарға егиў режелестирилип, бул бойынша жумыслар баслап жиберилди. Бул жумысларға ўәлаятлардан, қала ҳәм районларымыздан мыңға жақын техника ҳәм механизмлер, 4 дана киши самолёт, 2500 ден аслам жумысшы қатнасыўы күтилмекте. Оларға қолайлы шараят жаратыў мақсетинде 74 дана вагон үй, төрт орында авиация қоныў майданшасы таярланды ҳәм 120 километр жол тегисленди. Егис жумысларына талап етилетуғын 61 миллион дана сексеўил, қандим ҳәм басқа да өсимликлердиң нәли таярланған болса, буған қосымша ўәлаятлардан 45 миллион данадан аслам нәл алып келиниўи күтилмекте. Бүгинги күнге 915 тонна туқым таярланған болса, бул көрсеткишти 2400 тоннаға жеткериў нәзерде тутылмақта. Быйылғы мәўсимде самолётлардың жәрдеминде 9 мың гектардан зыят майданға 35 тоннаға шамалас сексеўил туқымы егилди.
Президентимиз тәрепинен жаратылып берилген имканиятлар нәтийжесинде өткен жылы бюджет прогнозының артықша орынланған бөлеги есабынан 1 триллион сум қаржы халқымыздың ийгилигине қалдырылып, бул қаржылар аўылларымызды абад етиў, кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма билим бериў мектеплери, мәденият үйлери, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт объектлерин оңлаў, олардың материаллық-техникалық базаларын беккемлеў, ең аўыр аймақларды абаданластырыў сыяқлы ийгиликли ислерге жумсалды. Быйылғы жылы бюджетке дәраматлар түсимин ҳәм жумыслар көлемин өткен жылға салыстырғанда 2,5 есеге көбейтиў, яғный бюджет прогнозын 3,5 триллион сумға орынлап, соннан 750 миллиард сумлық еркин қалдық қаржысын қалдырыў режелестирилмекте.
Усы жылдың 30-ноябрь күни Олий Мажлис Сенатында биринши мәрте 2020-жыл ушын «Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Усы Нызамға тийкар республикамыздың барлық ири кәрханаларының ҳәм басқа да салық төлемлер толық өзимизде қалдырылмақта.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасының 2020-жылдағы Бюджетин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе бойынша республика Қаржы министри М.Содиқов баянат жасады. Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Қаржы министриниң орынбасары Ё.Турсунов, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының орынбасары Ф.Умаров, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Қ.Халмуратовлар шығып сөйледи ҳәм депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Күн тәртибиндеги «Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик сыйлықлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы С.Турманов баянат жасады. Бул мәселе бойынша 30-санлы «Маңғыт» сайлаў округинен депутат О.Йўлдашев шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда, сондай-ақ, «Қарақалпақстан Республикасының айырым Нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы С.Турманов баянат жасады. Бул мәселе бойынша 51-санлы «Ақмаңғыт» сайлаў округинен депутат Қ.Елмуратов шығып сөйледи. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Күн тәртибиндеги «Ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикалық жағдайы ҳаққында» мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирхановтың есабаты тыңланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги тәрепинен 2019-жылда алып барылған жумыслар туўралы мәселе бойынша Қурылыс министри Ж.Бердихановтың есабаты тыңланды. Бул бойынша Елликқала районының ҳәкими, депутат С.Авезов шығып сөйледи. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Күн тәртибиндеги «Пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша республика прокуроры Х.Каримовтың есабаты тыңланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, сондай-ақ кәрхана, мәкеме, ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин суд арқалы қорғаўды әмелге асырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаеваның мәлимлемеси тыңланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Күн тәртибиндеги «Норма дөретиўшилиги ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты тараўында 2019-жылда алып барылған жумыслардың барысы ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша республика Әдиллик министри С.Худайбергенов мәлимлеме берди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судының баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының талапларына муўапық Гаўҳар Зарипова Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судының баслығы етип сайланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма тоғызыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
***
Бул депутатлық корпус ушын жуўмақлаўшы сессия болып табылады. Өткен 5 жыл даўамында өткерилген 29 сессия мәжилисинде 156 мәселе көрип шығылды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына өзгерислер киргизилди ҳәм 30 Нызам қабыл етилди. Өткен дәўирде экономикамыздың барлық тараў басшыларының 76 есабаты тыңланды. Сондай-ақ, өткен 5 жыл даўамында Жоқарғы Кеңес комитетлери тәрепинен 220 мәселе көрип шығылды ҳәм тийисли шешимлер қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.