Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:11:23, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАРТИЯ БАСШЫЛАРЫ УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРМЕКТЕ

Төрткүл районында ӨзЛиДеП басшыларының, партия электораты, белсендилери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында сайлаўшылар менен ушырасыўы өткерилди.

Онда партия Орайлық Кеңесиниң баслығы Актам Хайтов, Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов, район ҳәкими Я.Бабаджанов, 2-санлы «Төрткүл» сайлаў округинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан Р.Мамутов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, болажақ сайлаўлардың әҳми­йетине тоқтап өтти.

Партияның алға қойған мақсет ҳәм ўазыйпалары туўралы мағлыўмат берип, пикир-усыныслар билдирилди.

— Бизиң сайлаўалды бағдарламамызда, фермерлердиң, дийқан хожалықлары менен қыйтақ жер ийелериниң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, аўыллық жерлерде қыйтақ жер — қосымша дәрамат дәреги екенлигин кеңнен үгит-нәсиятлаў, аўыл хожалығын және де модернизациялаў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Биз буны әмелге асыра аламыз,-дейди районның «Солиҳ фарзанд» фермер хожалығының баслығы А.Байрамов.

ЖАСЛАР ЖЕТЕКШИСИ САЙЛАЎШЫЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Кегейли районындағы «Жалпақ жап» АПЖда 53-санлы «Халқабад» сайлаў округинен Исбилерменлер ҳәрекети — Өзбекстан либерал-демократиялық партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутатлыққа талабан А.Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўда талабанның өмир бая­ны, сайлаўалды платформасында көрсетилген ўазыйпалар туўралы оның исенимли ўәкили кең түрде мағлыўмат берди.

— Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти кең түрде раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, олардың жумысына нызамсыз араласыўдың алдын алыў, аўылларда көплеген киши өндирис кәрханаларын шөлкемлестирип,  жетистирилген өнимлерди cақлаў, қайта ислеў, таяр азық-аўқат өнимлерин қадақлаў ушын ең заманагөй технологиялар менен үскенелеўди жолға қойыў, олардың экспортын шөлкемлестириў, соның менен бирге, аўыллық жерлерде жаңа жумыс орынларын жаратыў ўазыйпаларын әмелге асырыўымыз керек,-дейди талабан А.Данияров.

Илажда аймақ турғынларының машқалалары тыңланып, оларды талабанның сайлаўалды платформасына киргизиў ўазыйпалары да көрип шығылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF