ОРАЙЫМЫЗ ЖӘРДЕМГЕ ТАЯР
«ИСЕНИМ» мәлимлеме-ағартыўшылық ресурс орайы адам саўдасынан жәбир көргенлерге социаллық, психологиялық ҳәм юридикалық жәрдем, соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта адам саўдасының қурбанына айланған ўатанласларымызды қайтарыўда ҳәм шет еллерде қандай да бир себеплерге көре ҳүжжетлерин жойтып алған пуқараларымызға оларды қайта тиклеўге, бир мәртелик сертификат алыўға, шет еллердиң нызамлары, үрп-әдетлери менен жақыннан таныстырыўға, улыўмаластырып айтқанда, зорлықтың (күш көрсетиўдиң) бәрше түрлерине қарсы гүресиўде жақыннан жәрдем көрсетеди.
«ИСЕНИМ» мәлимлеме-ағартыўшылық ресурс орайы тәрепинен адам саўдасының қурбанына айланған пуқараларға көплеген жәрдем түрлери бериледи, орайда жоқары мағлыўматқа ийе болған психолог, социаллық хызметкер, юристлер тәрепинен мүтәжлигине қарап жәрдем түрлери анықланып, сол тараў бойынша жәрдем көрсетиледи, буннан тысқары, адам саўдасының қурбаны болмаған пуқараларымызға, бирақ, шет еллерде ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған (депортация) пуқараларымызға, қайта шет елге шықпаўы ушын орта билим алған қәнигелигине, маманлығына қарап кәсип таңлап, сол кәсипке керек болған қурал-жарақлар, мысалы, ағаш устасыман, бирақ, қурал-жарақларым жоқ дейтуғын болса, сол пуқараға керекли затларды алып бериўге әмелий жәрдем көрсетеди, алып берилген әсбаплар ушын пуқарадан ҳеш қандай төлем алынбайды.
«ИСЕНИМ» мәлимлеме-ағартыўшылық ресурс орайы негизинде адам саўдасының ҳәр қыйлы көринислерине қарсы гүресиў бойынша орай болып табылады, орай тәрепинен ҳәр қыйлы плакатлар, флайерлер, буклетлер, брошюралар, визиткалар таярланып, республикамыздың халық көп жыйналатуғын (базар, вокзал, аэропорт, емлеўханалар ҳәм тағы басқа) орынларында көплеген акциялар өткерилип келинбекте.
Буннан тысқары, жәмийетлик транспортларда, телевидениеде плакатларымыз ҳәм киши роликлеримиз тарқатылмақта, соның нәтийжесинде басқа ўәлаятларға қарағанда адам саўдасы бойынша жәбир көргенлер саны кескин азайды.
Орайымызға келип түскен мүрәжатларды талқылап қарағанымызда, ҳуқықый билиминиң жетиспегенлиги себепли айырым пуқараларымыз адам саўдасынан жәбир көрип атырғанының гүўасы болдық. Мысалы, Қазақстан Республикасына көптен берли барып жүрген пуқара өзиниң қоңсыларын жумысқа алып кетеди. Оларға тек ғана қол күши керек деп түсиндиреди. Бирақ, жумыс орнына барған ўақытта ол жерде потолокларды қурыўға уста талап етилген екен, бирақ, ис бериўши усы бес пуқараның жол ҳақыларын, жумысқа рухсатнама алыў, есапқа отырыў қәрежетлерин төлеп болғаннан кейин олар «бизлердиң қолымыздан ондай жумыс келмейди» деп түсиндиреди, буйыртпа бериўши кеткен қәрежетлерди қаплап бериўин талап етеди. Бурын Қазақстан Республикасына шығып көрмеген ўатанласларымыз жат жоллардан шегараны бузып, Өзбекстан аймағына кирип келеди. Олар кетпесинен алдын мәсләҳәт алып кеткенде, кимлерге хабарласыў мүмкиншилиги барлығын ҳәм елшиханалардың мәнзиллерин алғанда бул жағдайға түспеген болар еди.
Сол тийкарында 2019-жыл май айында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийеттиң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған мәмлекетлик грант тийкарындағы таңлаўға «Арал бойы регионындағы мийнет мигрантларын дискриминация ҳәм мәжбүрий мийнеттен қорғаў бойынша профилактика» жойбары менен қатнасып, мәмлекетлик грант жеңимпазы болдық. Жойбарымыздың баслы мақсети Мойнақ районында жайласқан 5 мәкан пуқаралар жыйыны (МПЖ) ҳәм 6 аўыл пуқаралар жыйыны (АПЖ) турғынларының ҳуқықый билимин арттырыў, адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў, мийнет мигрантларының шаңарақ ағзаларына жәрдем түрлерин белгилеп бериў, орта билим бериў дәргайларын питкериўши жасларға Мийнет кодекси бойынша жумысқа орналасыўда ҳәм өзлериниң жумысларын баслаўда мәмлекет тәрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳәм тағы басқа да мәселелерде жәрдем бериўден ибарат.
Бүгинги күнге шекем Мойнақ районындағы «Таллы-өзек», «Мойнақ», «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынлары, «Бозатаў», «Қазақдәрья», «Ҳәким ата», «Үшсай», «Мәдели», «Тик-өзек» аўыл пуқаралар жыйынлары турғынлары менен жойбарымыз бойынша ушырасыўлар болып өтти.
Б.НУРМАНОВ,
«ИСЕНИМ» мәлимлеме-ағартыўшылық ресурс орайы директоры.