Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:10:41, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОНСТИТУЦИЯ БАЙРАМЫНА БАҒЫШЛАНДЫ

Усы жыл 7-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 27 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Нөкис қаласының ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы П.Турешов кирис сөз бенен ашты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 27 жыллығы байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Минис­трлер Кеңесиниң атынан қыз­ғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Конституция өзиниң терең ойланған принциплери ҳәм қағыйдалары менен ажыралып, елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқық және еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.

Президентимиздиң халқымыздың абадан турмыс кешириўи ушын мүнәсип шараят жаратыў Конституциямыздың тийкарғы мақсети болып табылады,-дегениндей, тынышлықтың қәдирине жетиў, ата-бабаларымыздың мийрасларын қәстерлеп сақлаў, елимизди буннан да абадан үлкеге айландырыў, кексе-нураныйларды,  ҳаял-қызлар менен жасларымызды қоллап-қуўатлаў  бүгинги турмысымыздың тий­карғы өлшемине айланып бармақта.

Президентимиздиң республикамызға усы жылдың август айын­дағы сапарынан соң 14 триллион 684 миллиард сумлық 697 жойбарды әмелге асырыў, усының есабынан 14 мыңнан аслам жаңа жумыс орнын жаратыў ўазыйпасы белгилеп берилген еди. Соннан бүгинги күнге де­йин 337 миллиард сумлық 90 жойбар иске түсирилди.

Экономикамыздың тийкары болған исбилерменликти раўажландырыў бүгинги күни мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарына айланбақта. Быйылғы жылдың өзинде «Ҳәр бир шаңарақ —исбилермен», «Жаслар — келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламалары тийкарында 309 миллиард сумлық жеңиллетилген кредит қаржылары берилди. Республикамызға 180  миллион долларлық инвестиция алып келинип, Германия, Қытай, Қубла Корея, Япония, Түркия, Латвия, Польша, Беларусь ҳәм басқа да мәмлекетлерге 150 ден аслам түрдеги өнимлер экспортқа шығарылды. Быйылғы жылдың өзинде Тунис, Болгария ҳәм Сингапур  еллерине өнимлердиң экспортқа шығарылыўы ишки имканиятларымыздың кеңейип атырғанынан дәрек береди. Конс­титуция байрамы алдынан қала ҳәм районларымызда елиўден аслам жаңа имарат қурып питкерилип, халқымыздың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

  Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Я.Абдуллаева, Төрткүл районындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы, «Жас китапқумар» таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы жеңимпазы Ш.Каримбаева жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, республикамыз халқына, соның ишине, жасларымызға айрықша ҳүрмет ҳәм итибары ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди. Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов Конс­титуцияға арналған қосығын оқыды.

Илаж көркем-өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың байрамға арналған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF