Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:57:11, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УСТАЗ  ҚОСЫҚШЫНЫҢ  ЕСТЕЛИГИНЕ  ҲҮРМЕТ

Төрткүл ҳәм Елликқала ра­йонларында  Өзбекстан, Қарақалпақстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықтың ийеси Атажан Худайшукуров туўылғанының 75 жыллығына бағышлан­ған  «Устазға ҳүрмет»  әдебий кешеси ҳәм «Ана дияр жыршысы» таңлаўының  Өзбекстан Республикасы басқышы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңес ҳәм Минис­трлер Кеңеси, республикалық мәденият мәкемелериниң жумысын шөлкемлестириў илимий-методикалық орайы, Төрткүл ҳәм Елликқала районлары  ҳәкимликлери тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илаж Төрткүл районы орайында А.Худайшукуров атындағы Мәденият сарайының қайта оңлан­ған имараты ҳәм белгили қосықшы естелигиниң ашылыў салтанаты менен басланды.

Онда белгили көркем өнер ғайраткерлери, жазыўшы-ша­йырлар, нураныйлар, кең жәми­йетшилик ўәкиллери қатнасты.  Мийманлар бул жерде шөлкемлестирилген музейде қосықшының өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы экспонатлар менен танысты.

Илаж қатнасыўшылары Мәденият сарайының алдына орнатылған А.Худайшукуров естелигине гүл шеңберлерин қойды. Буннан кейин, белгили қосықшының 75 жыллығына бағышланған «Устазға ҳүрмет» еслеў кешеси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан халық артистлери Ё.Ахмедов, М.Азизов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Н.Аңсатбаевлар шығып сөйлеп, А.Худайшукуровтың қосықшылық көркем өнерин раўажландырыўдағы мийнетлерине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде Президентимиздиң басшылығында миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди раўажландырыўға, белгили көркем өнер ғайраткерлериниң естелигин мәңгилестириўге, усы арқалы жас талант ийелерин тәр­биялаўға, олардың  қәбилетин жүзеге шығарыўға айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 23-сентябрьдеги «Өзбекстан халық артисти Атажан Худайшукуров туўылғанының 75 жыллығына таярлық көриў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы мәжилис протоколының орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар буның айқын дәлили болып табылады.  Бул илажды шөлкемлескенлик жағ­дайында өткериў бойынша таярлық жумыслары алып барылды. Төрткүл районы ора­йындағы  атақлы қосықшының исми менен аталатуғын Мәденият сарайында қысқа ўақыттың ишинде оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Кешеде қосықшының туў­ған-туўысқанлары атынан Л.Аллашукурова шығып сөйлеп, шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирди.

Жыйналғанларға республикамыз ҳәм Хорезм ўәлаяты көркем өнер шеберлери тәрепинен белгили қосықшы ат­қарған қосықлардан дүзилген концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илаж ра­йондағы 3-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде илимий-әмелий конференция менен даўам етти. Онда көркем өнер таныўшылар, устаз қосықшының дослары, шәкиртлери, жазыўшы-шайырлар, мәденият хызметкерлери ҳәм жаслар қатнасты.

Усы күни Елликқала районы орайындағы Мәденият сарайында Атажан Худайшукуров туўыл­ғанының 75 жыллығына бағышланған «Ана дияр жыршысы» таңлаўының  Өзбекстан Республикасы басқышы болып өтти.

Илажда Елликқала районы Атажан Худайшукуров атындағы қордың баслығы И.Садуллаев, Өзбекстан миллий Мақам көркем өнери орайы директоры, профессор С.Бегматов таңлаўдың шәртлери менен таныстырды ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Таңлаўды өткериўдеги тий­карғы мақсет — миллий қосықшылық көркем өнеринде өшпес из қалдырған, бийтәкирар ҳаўаз ийе­си, шебер сазенде, жетик композитор ҳәм қосықшы Атажан Худайшукуровтың туўылған күнин кеңнен белгилеў, қосықшы қалдырған бай дөретиўшилик мийрасты үйрениў арқалы жаслардың миллий көркем өнерге бол­ған қызығыўшылығын арттырыў, қәбилетли жасларды излеп табыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў, халық  дөретиўшилиги ҳәм ҳәўескерлик көркем өнерин раўажландырыў, белгили қосықшының мәдений мийрасын үйрениў ҳәм мәңгилестириўден ибарат.

Таңлаўда ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм республикамыз бас­қышының жеңимпазы бол­ған 30 жас талант ийеси өз-ара беллести.

Төрткүл районындағы Атажан Худайшукуров атындағы Мәденият сарайында таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды. Төрешилер қурамының шешими менен биринши орын Қарақалпақстан Республикасынан  Шерзод Эшжановқа, еки екинши орын республикамыздан Шукурулла Абдуллаев пенен Хорезм ўәлаятынан Байрам Якубовқа, үш үшинши орын Хорезм ўәлаятынан Батыр Рахимов, Ташкент ўәлаятынан Акбар Имамов, Әндижан ўәлаятынан Бабур Абдимухта­ровқа несип етти. Сондай-ақ, «Ең жақсы халық қосығын атқарыўшысы», «Ең жақсы атқарыўшылық шеберлиги ушын», «Ең жақсы мақам атқарыўшысы» ҳәм басқа да бир қатар номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды. Оларға диплом және баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының гала концерти менен жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF