МӘМЛЕКЕТЛИК САТЫП АЛЫЎЛАР СИСТЕМАСЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖЕТИЛИСТИРИЎ ҲӘМ МӘМЛЕКЕТЛИК САТЫП АЛЫЎЛАР ПРОЦЕСИНЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЪЕКТЛЕРИН КЕҢНЕН ТАРТЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетлик сатып алыўлар системасының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм оны буннан былай да жетилистириў есабынан корпоратив буйыртпашылар, соның ишинде, стратегиялық әҳмийетке ийе болған хожалық жәмийетлери ҳәм кәрханалардың қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў және нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик сатып алыўлар процесине исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыў мақсетинде:
- 2020-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 22-январьдағы «Хожалық жәмийетлери ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе кәрханалардың жумысын қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ- 3487-санлы қарары менен тастыйықланған стратегиялық әҳмийетке ийе болған хожалық жәмийетлери ҳәм кәрханалар:
ең жақсы усынысларды таңлап алыў жолы арқалы сатып алыўларды әмелге асырыўдан алдын мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталында дағаза жайластырады. Дағазада сатып алыў комиссиясы тәрепинен усынысларды қабыл етип алыўдың он бес күннен кем болмаған соңғы мүддети және Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызамының 52-статьясында нәзерде тутылған мәлимлеме болыўы керек;
сатып алыў комиссиясының ең жақсы усынысларды таңлап алыў бойынша протоколын ол рәсмийлестирилген күни мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәмлимлеме порталында еки жумыс күни мүддетке жәмийетшиликтиң додалаўына жайластырады;
мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде дүзилген шәртнамалар ҳаққындағы мағлыўматларды олар дүзилген сәнеден баслап үш жумыс күнинен кешиктирмей белгиленген тәртипте мәмлекетлик буйыртпашылар менен дүзилген шәртнамалар реестрине киргизеди;
сатып алыўларды электрон дүкан ҳәм басланғыш баҳаны төменлетиў ушын өткерилетуғын аукцион арқалы нызамда белгиленген өлшемлерге муўапық әмелге асырыўға ҳақылы.
- Таңлаў ҳәм тендер саўдалары арқалы мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларын мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда электрон формаға өткериў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2020-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик буйыртпашыларға электрон дүканның қосымша бетинен пайдаланған ҳалда, мәмлекетлик сатып алыўларды аймақлар (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы) кесиминде жергиликли ислеп шығарыўшылар (жумысты орынлаўшылар, хызмет көрсетиўшилер) арасында әмелге асырыў ҳуқықы бериледи. Онда электрон дүканның қосымша бетинде сатып алыў тәртип-қағыйдасы жуўмақланыўына бола товар (жумыс, хызмет) жоқ екенлиги себепли шәртнама дүзилмеген болса, мәмлекетлик буйыртпашы электрон дүканның тийкарғы бетинен пайдаланбай еркин түрде таңланған жеткерип бериўши менен тиккелей шәртнама дүзиўге ҳақылы емес.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «Өзбекстан Республикасы товар-шийки зат биржасы» акционерлик жәмийети менен биргеликте бир ай мүддетте мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталындағы электрон дүкан саўда майданшасында мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен мәмлекетлик сатып алыўларды аймақлар (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы) кесиминде жергиликли ислеп шығарыўшылар (жумысты орынлаўшылар, хызмет көрсетиўшилер) арасында әмелге асырыў имканиятын беретуғын қосымша бет жаратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2020-жыл 1-январьдан баслап Қаржы уйымлары ҳәм бюджет шөлкемлериниң финанс-есап бөлимлери хызметкерлерин таярлаў ҳәм қайта таярлаў оқыў орайы базасында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң хызметкерлери ушын оқыў процесине тараўдағы жетекши қәнигелерди кеңнен тартқан ҳалда мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы курслар шөлкемлестирсин.
- 2020-жыл 1-январьдан баслап бюджет шөлкемлериниң сырт ел валютасындағы қаржыларына байланыслы Қаржы министрлиги Ғазнашылығында жеке ғазна есап бетлерин ашыў арқалы ғазна орынланыўы механизми енгизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары 3-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
11 . Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 5-декабрь.