ӨЗБЕКСТАН ЭКОЛОГИЯЛЫҚ ПАРТИЯСЫНЫҢ САЙЛАЎАЛДЫ БАДАРЛАМАСЫ
Өткен әсирде қоршаған орталыққа бийпәрўалық пенен мүнәсибетте болыў ақыбетинде суў ҳәм жер ресурсларына, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясының генофондына унамсыз тәсир көрсетилип, биологиялық көптүрлилик қысқарды, қоршаған орталықтың санаат ҳәм басқа да түрли шығындылар менен патасланыў күшейди. Арал теңизиниң глобал көринистеги экологиялық ҳәм гуманитар апатшылығы Аралбойы халқының өмири ҳәм денсаўлығы менен байланыслы аўыр ақыбетлерге алып келди.
Орайлық Азия аймағында кем-кемнен глобал түс алып атырған экологиялық машқалаларды шешиў, ықлым өзгериўи процесине қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан жәҳән жәмийетшилигиниң ис-ҳәрекетлерин бирлестириў жолында белсене жумыс алып бармақта.
Өзбекстан Республикасының социал-экономикалық жақтан өсиўи ҳәм турақлы раўажланыўы, халқымыздың пәраўанлығын және де жоқарылатыў — бар тәбийғый байлықларымызға сүйенип әмелге асырылады. Ғәрезсиз раўажланыўымыздың ҳәзирги жаңа басқышында қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды келешек әўладларға қалдырыў бойынша узақты гөзлеген мәмлекет сиясаты алып барылмақта.
Мәмлекетимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, машқалаларды шешиў ҳәм олардың унамсыз ақыбетлериниң алдын алыў бойынша ўазыйпалардың көлеми экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм пайда болған машқалаларды пүткиллей шешиўге бағдарланған мәмлекет сиясатын әмелге асырыўда жәмийеттиң түрли қатламларына дәрек пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеўди талап етеди.
Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм халықтың денсаўлығын сақлаў тараўында жумыс алып барып атырған миллий ҳәм сырт ел жәмийетлик шөлкемлери ҳәм ҳәрекетлериниң унамлы тәжирийбелерин өзлестирген сиясий күш — партия бундай әҳмийетли турмыслық мақсет ҳәм ўазыйпаларды орынлай алатуғынлығын айтып өтиў зәрүр.
Дәўир талабынан келип шығып, жәмийетшиликтиң қәлеўи менен шөлкемлестирилген Өзбекстан Экологиялық партиясы сиясий шөлкем сыпатында жәмийетти социаллық топарларға ажыратпаған ҳалда, ҳәзирги ҳәм келешек әўладларға таза тәбиятты, санитария-эпидемиологиялық тынышлықты, пуқаралардың қолай қоршаған орталыққа болған конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған ис-ҳәрекетлерин әмелге асырыўда жәмийеттиң барлық күшлерин бирлестириўге ҳәм иске қосыўға умтылады.
Партия электораты қоршаған орталықты ҳәм халықтың денсаўлығын сақлаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша демократиялық жәмийеттиң таянышы, тараўдағы жедел реформалардың мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаўшы ҳәм әмелге асырыўшы тийкарғы күш болған, жәмийетлик-сиясий жақтан ең белсенди, жанкүйер инсанлардан ибарат. Олар қоршаған орталықты қорғаўға бийпәрўа болмаған, елимиз ҳәм халқымыздың бүгинги ҳәм келешек тәғдирин ана-тәбияттың тазалығысыз көз алдына келтире алмайтуғын, жәмийеттиң турақлы раўажланыўы — тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўда, деп билетуғын инсанлар болып табылады.
Партия Өзбекстан ғәрезсизлиги жылларында шөлкемлестирилген ҳәм жумыс алып барып атырған басқа сиясий партиялардың көзқараслары ҳәм де мақсет ҳәм ўазыйпаларын бийкарламаған ҳалда, барлық сиясий, идеологиялық күшлерди ана-тәбиятты сақлаў, Ўатанымыздың тәбият байлықларын келешек әўладларға жеткериўден уллы идея әтирапында биригиўге шақырады.
Биз өз дәстүрий ўазыйпаларымызды, сайлаўалды сиясий позициямызды әмелге асырыўда, партияның дәстүрий мақсет ҳәм идеяларын қоллап-қуўатлайтуғын, Өзбекстан экологиялық ҳәрекети қатарында жетерли тәжирийбе арттырған, өз белсендилиги менен Ўатанымыз мәплерине садықлық пенен хызмет ететуғын, экологияны ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ҳәм де халықтың денсаўлығын сақлаў, санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды терең түсинген, шөлкемлестириў тәжирийбесине ийе болған ҳәм бул бойынша еркин қарар қабыл ете алатуғын пуқараларға таянамыз.
Өзбекстан Экологиялық партиясы «Биз келешек ушын жуўапкермиз!» деген идеяны өзиниң бас ураны деп есаплаған ҳалда төмендегилерди өз хызметиниң жоқары бағдарлары деп есаплайды:
- пуқаралардың қолай қоршаған орталыққа ийе болыў ҳуқықын қорғаўға бағдарланған сиясатты әмелге асырыў, тәбиятты қорғаў ҳәм халықтың денсаўлығын сақлаў бойынша кең жәмийетшиликтиң ис-ҳәрекетлерин бирлестириў;
- мәмлекетлик уйымлардың бар экологиялық машқалаларды шешиў ҳәм де олардың унамсыз ақыбетлерин сапластырыў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған нәтийжели парламент ҳәм жәмийетшилик қадағалаўды шөлкемлестириў;
- глобал, аймақлық, жергиликли экологиялық машқалаларды шешиў ҳәм де экологиялық жағдайды турақластырыў ислеринде жәмийетшиликтиң белсенди қатнасыўын ҳәр тәреплеме күшейтиў;
- қоршаған орталықты ҳәм халықтың денсаўлығын сақлаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм де халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў саласындағы нызамшылықты жетилистириў;
- халықтың экологиялық қәўипсизлигин ҳәм де жәмийетте саламат турмыс тәризиниң, медициналық мәдениятының ғалабаласыўын тәмийинлеў, экологиялық мәдениятын көтериў, бунда жоқары мәнаўият, жәмийетлик сана арқалы миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларымызға сүйенип, ана- тәбиятты сақлаўға ерисиў;
- өсип киятырған жас әўладта экологиялық санасы, билимди пайда етиў ҳәм де раўажландырыў, үзликсиз тәлим системасында экологиялық тәлим-тәрбия процесин нәтийжели шөлкемлестириў тийкарында экологиялық тәлим нәтийжелилигин жаңа басқышқа көтериўде белсенди қатнасыў;
- социал-экономикалық реформаларда белсенди қатнасыў, экономиканың барлық тармақларына энергия ҳәм ресурсларды тежейтуғын, аз шығынлы, экологиялық таза инновациялық технологияларды енгизиўге көмеклесиў;
- қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўында Өзбекстанның мәплерин қорғаған ҳалда халықаралық ҳәм сырт елли экологиялық шөлкемлер менен байланысларды избе-из раўажландырыў ҳәм де беккемлеў.
Өзбекстан Экологиялық партиясы — бул тәбият тазалығы ҳәм инсан саламатлығы ушын қайғыратуғын, жасы, жынысы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, шахсы ҳәм жәмийетлик абырайына қарамастан, ҳақыйқый Ўатансүйиўшилер, тәбиятты қорғаўда жанкүйер ҳәм пидайылар, әмелий ҳәрекетлери менен келешекке исеним менен умтылып атырғанлар партиясы болып табылады.
Бизиң тийкарғы мақсетлеримиз:
- ана журтымыздың тәбийғий байлықларынан ақылға уғрас пайдаланып, мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыў саласындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларға ерисиўинде белсенди қатнасыў, оның экономикалық жағдайын және де күшейтиў, халықтың турмыс дәрежесин асырыў арқалы экологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў;
- социал-экономикалық реформаларды әмелге асырыў процесинде қоршаған орталықты патасландырыўға жол қоймаў ҳәм де экологиялық жағдайды турақлы сақлаўға тосқынлық етип атырған машқалаларды анықлаў ҳәм таллаў, оның нәтийжелери тийкарында экономикалық салаларға жаңа технологияларды енгизиў бойынша усыныслар таярлаў;
Арал машқаласын шешиўге ҳәм де бул машқаланың Аралбойы халқы генофондына ҳәм қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин жумсартыўға жәмийеттиң барлық күшлерин бириктириў ҳәм де Аралбойы аймағында «Экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы»н жаратыўда белсенди қатнасыў;
- халықтың, әсиресе, аўыллық жерлердеги халықтың таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўин жақсылаўға ҳәм аймақларда канализация системаларын раўажландырыўға, санитар тазалаў ҳәм де шығындыларды жыйнаў, утилизация етиў ҳәм қайта ислеў системасын нәтийжели шөлкемлестириўге ерисиў;
- сырттан кирип келип атырған ҳәр қандай технологиялардың миллий мәплер үстемлиги принципине тийкарланып экологиялық экспертиза етилиўине ерисиў, сол арқалы экологиялық таза қәўипсиз ислеп шығарыўды шөлкемлестириў;
- халық пенен тығыз байланыста абаданластырыў жумысларын режелестириў, бар материаллық ресурслар ҳәм инфрасистема имканиятларынан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, «инсанлар ушын қала» ҳәм «жасыл қала» моделлериниң элементлерин қолланған ҳалда, аймақларды абаданластырыўдың үлгили жойбарларының ислеп шығылыўын ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлеўде белсене қатнасыў;
- халықтың экологиялық дүньяқарасын пайда етиў, экологиялық ҳәм медициналық мәдениятын жоқарылатыў;
- экологиялық сиясатты үгит-нәсиятлаў, экологиялық машқалаларды сапластырыўда мәмлекет ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, халықаралық финанс институтлары, экспертлер жәмийетшилиги, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары менен нәтийжели ислесиўди жолға қойыў;
- экологиялық машқалаларды ҳәм халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеўге қаратылған жойбарларды әмелге асырыў, усы мақсетте конференция, семинар, дөгерек столы ҳәм басқа әмелий илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўден ибарат.
Өзбекстан Экологиялық партиясы өз мақсетлерине ерисиў ушын төмендеги тийкарғы бағдарлардағы ўазыйпаларды өз алдына қояды:
I.Мәмлекетте қоршаған орталық жағдайын жақсылаў ҳәм экологиялық машқалаларды комплексли түрде шешиўге қаратылған мәмлекет сиясатын әмелге асырыў
Өзбекстан Экологиялық партиясы мәмлекетимиздиң экологиялық сиясатын әмелге асырыў ҳәм елимиздиң барлық пуқараларын қолай қоршаған орталыққа болған конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўде, сондай-ақ, өзиниң сиясий басламаларын турмысқа енгизиўде жәмийеттиң барлық күшлерин иске қосыўды әҳмийетли бағдар деп есаплайды.
Республикамыздың өзине тән әжайып тәбиятын, тәбийғый объектлерин ҳәм комплекслерин, өсимликлердиң ҳәм ҳайўанлардың генофондын сақлап қалыў мақсетинде қоршаған орталық мониторингин жүргизиў, қоршаған орталықтың патасланыўына, тәбийғый ресурслардан надурыс пайдаланылыўына алып келиўи, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип салыўы мүмкин болған жағдайларды анықлаў, экологиялық мәнаўиятты пайда етиў, экологиялық тәлим ҳәм тәрбияны жетилистириў бойынша қосымша комплексли ис-илажларды табанлы әмелге асырыў зәрүр.
Усы мақсетлерге ерисиў ушын Өзбекстан Экологиялық партиясы төмендегилерге умтылады:
- мәмлекетимиздиң ҳәр бир район ҳәм қаласындағы экологиялық жағдайды үйрениў, бар машқалаларды шешиўге қаратылған жойбар ҳәм бағдарламаларын ислеп шығып турмысқа енгизеди, бул бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымлары менен өз-ара ислесиўди жолға қояды, олардың орынланыўы үстинен парламент, депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўды әмелге асырадыf
- аймақларды келешекте раўажландырыўға тийисли бағдарламаларды ислеп шығыўда қатнасып, олардың ҳәр тәреплеме экологиялық талапларға муўапықлығы бойынша кең жәмийетшиликтиң жуўмақлары алыныўын жолға қояды:
- бар экологиялық машқалаларды шешиў, олардың пайда болыўының алдын алыў ҳәм унамсыз ақыбетлерин жоқ етиўде мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлар, хожалық жүргизиўши субъектлер, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм де пуқаралардың ис-ҳәрекетлерин бирлестиреди:
- суў ҳәм тәбийғый ресурслардан пайдаланыў мәдениятын күшейтиў, тәбиятты қорғаў бойынша миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларымызды тиклеў ҳәм раўажландырыў, ата-бабаларымыздың сақлап келген ана-тәбиятты қорғаўды муқаддес парызымызға айландырыў идеясын үгит-нәсиятлайды;
- пуқаралардың экологиялық мәселелерге байланыслы мүрәжатларын көрип шығады, халық пенен туўрыдан-туўры диалогты шөлкемлестиреди, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин толық қорғаў мақсетинде үйме-үй жүриў, жәмийетлик ҳәм басқа объектлерди үйретиў арқалы машқалаларды анықлайды ҳәм де шешеди.
Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, халықтың экология ҳәм санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў мәселелери бойынша қарарларды таярлаў ҳәм қабыл етиўде, сондай-ақ, мәмлекетлик экологиялық бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм де әмелге асырыўда қатнасады.
II. Экология ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўындағы миллий нызамшылықты жетилистириў
Биз экологияға байланыслы жетик нызамлар менен алдынғы экологиялық нормалар ҳәм де стандартлар тәрепдарымыз.
Өзбекстан Экологиялық партиясы улыўма итибарға алынған халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларына тийкар, тәбиятты қорғаў мәселелерин ҳуқықый жақтан тәртипке салыўды жетилистириў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан ақылға уғрас пайдаланыў, халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў тараўында әмелдеги нызамшылықты және де жетилистириў, жаңа нызам ҳүжжетлерин қабыл етиў басламасы менен шығады.
Атап айтқанда, Өзбекстан Экологиялық партиясы:
Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў тараўын ҳуқықый жақтан тәртипке салатуғын комплекс миллий нызамшылық базасын жаратыўға итибар қаратады. Бунда түрли жүзеки нормалардан жырақ болған, туўрыдан-туўры ислейтуғын ҳуқықый ҳүжжетлер, соның арасында Экологиялық кодекс ислеп шығылыўын;
миллий мәплерге сәйкес келетуғын, тараўға тийисли халықаралық ҳүжжетлер талапларын миллий нызамшылыққа сиңдириўди;
пуқаралардың қолай қоршаған орталыққа ийе болыў ҳуқықын қорғаўды ҳәм де тәбияттан пайдаланыў тараўында «патаслаған төлейди» принципине тийкар экономикалық механизмлерди енгизиўди комплекс тәризде тәмийинлеў бойынша нызам ҳүжжетлерин қабыл етиў ҳәм де оларды әмелге асырыўға көмеклесиўди;
трансшегаралық түрдеги зыянлы тәсирлердиң ақыбетлерин жоқ етиў ҳәм де қоршаған орталыққа ҳәм халықтың денсаўлығына келтирилген зыянның орны қапланылыўын ҳуқықый жақтан тәртипке салыў механизмлерин жетилистириў ҳәм де бул бойынша ҳуқықты қоллаў әмелиятының нәтийжелилигин асырыўға көмеклесиўди;
Өзбекстанды турақлы раўажландырыўдың үстем мақсетлерине ҳәм оның миллий мәплерине сәйкес келиўши халықаралық экологиялық конвенция ҳәм келисимлерге қосылыўы мәселелерин алға сүриўди нәзерде тутады.
III. Экологиялық қәўипсизлик, халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын ҳәм де экологиялық ҳәм санитария нормаларына бойсыныўды тәмийинлеў
Экологиялық қәўипсизликти, халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын ҳәм де денсаўлықты сақлаўға байланыслы экологиялық ҳәм санитария нормаларына бойсынылыўын тәмийинлеў мәселелерин шешиўди биз жақсы билемиз.
Өзбекстан Экологиялық партиясы Халықтың экологиялық қәўипсизлик стратегиясын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў ҳәм де оны иске асырыў басламасы менен шығады.
Өзбекстан Экологиялық партиясының тийкарғы ўазыйпаларынан бири мәмлекет органлары, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыў органлары тәрепинен экология, халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине ҳәм де экологиялық ҳәм санитария нормаларына бойсынылыўын тәмийинлеў, усы тараўда қабыл етилген қарарларды, сондай-ақ, мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыў жумысларын жеделлестириўден ҳәм оның орынланыўын тәмийинлеўди қадағалаўға алыўдан ибарат.
Бунда парламент ҳәм жәмийетшилик қадағалаўдан кең пайдаланып тийкарғы итибар төмендегилерге:
-Арал экологиялық апаты ақыбетлериниң Аралбойы халқы ҳәм қоршаған орталық ушын унамсыз тәсирин жумсартыўға, сондай-ақ, мәмлекеттиң басқа экологиялық қолай болмаған аймақларында тәбийғый орталықты саламатластырыў бойынша қабыл етилген қарарлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың атқарылыўын тәмийинлеўге;
-тәбиятты қорғаў, халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы, суў ҳәм суўдан пайдаланыў, жер, жер асты байлықлары, атмосфера ҳаўасын қорғаў, шығындылар, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар, тоғай, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм де олардан пайдаланыў, қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талаплары орынланыўына көмеклесиўге;
-халықтың, әсиресе, аўыллық орынлардағы халықтың таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўин жақсылаў ҳәм аймақларда канализация тармақларын раўажландырыў, санитар тазалаў ҳәм де шығындыларды жыйнаў, утилизация етиў ҳәм қайта ислеў системасын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қабыл етилген қарарлардың орынланыўын үйрениўге ҳәм тәмийинлеўге;
-қорғалатуғын тәбийғый аймақлар системасын және де раўажландырыў, оларды басқарыў саласына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўди тәмийинлеў, мәмлекет экосистемасының биокөптүрлилигин сақлап қалыў, сондай-ақ, экологиялық туризмди раўажландырыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыўға қаратылады.
IV Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў.
Ҳаял-қызлар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў системасында пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм сиясий партияларды раўажландырыўда еле де белсенди қатнасыўын, олардың Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм де нызамларында кепилленген ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўге көмеклесиў, ҳаял-қызлардың мәмлекеттиң сиясий турмысындағы орны ҳәм абырайын көтериўге хызмет етиўши турақлы өзгерислерди қоллап-қуўатлаў Өзбекстан Экологиялық партиясының тийкарғы ўазыйпаларының бири есапланады.
Усы ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын Өзбекстан Экологиялық партиясы өз ҳәрекетлерин төмендеги бағдарларға қаратады:
-ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға байланыслы нызамшылықты және де жетилистириў, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин асырыў, социаллық қорғалыўын күшейтиў бойынша кең көлемли реформаларды турақлы даўам еттириў;
- ана ҳәм бала саламатлығын беккемлеўге қаратылған мәмлекет бағдарламаларының орынланыўын тәмийинлеўге көмеклесиў;
- ҳаял-қызлардың жәмийет турмысындағы белсенди қатнасыўын хошаметлеў, басламаларды қоллап-қуўатлаў, олардың руўхый интеллектуал, кәсиплик билимлерин толық әмелге асырыў ушын шараятлар жаратыў;
- ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған мәмлекет сиясатын әмелге асырыў ислеринде ҳаял-қызлар комитетлери менен пуқаралық жәмийети институтлары мәмлекет ҳәкимият басқарыў органлары арасында жәмийетлик шерикликти кеңейттириў;
- ҳаял-қызлардың турмысын жақсылаў;
Денсаўлықты сақлаўдың мәмлекет ҳәм жеке сектор бәсекисин күшейттириў, медициналық кепиллигиниң абзаллықларын үгит-нәсиятлаў, ҳалықтың кең қатламларына көрсетилетугын медициналық жәрдем сапасын еле де арттырыў;
- Скрининг ҳәм перинатал орайлары, ҳаяллар медициналық мәсләҳәт ханалары, туўыў орынлары, генекология ҳәм патронаж хызметлери жумысын турақлы жетилистирип барыў;
-ана ҳәм бала саламатлығын беккемлеўге қаратылған мәмлекет бағдарламаларының орынланыўын тәмийинлеўге көмеклесиў.
V.Мәмлекеттиң «Жасыл экономика»ға өтиўине көмеклесиў
Биз әтирап-аймақты нәтийжели басқарыў тәрепдарымыз. Биз бар жерде, әлбетте, әмелий нәтийжелер де болады ҳәм биз буған беккем исеним менен кирисемиз!
Өзбекстан Экологиялық партиясы әтирап-аймақ патаслығын кемейтиўди тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм инсан саламатлығын жақсылаўды нәзерде тутыўшы «Жасыл экономика»ны, тийкарынан, ресурсты үнемлеўши ҳәм экологиялық таза инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў басламасы болады ҳәм де оны әмелге асырыўда белсенди қатнасады.
-Өзбекстан Экологиялық партиясы мәмлекетимизди социал-экономикалық раўажландырыўдың зәрүр бағдары болған «Жасыл экономика» ға өтиўдиң тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат болыўы керек деп есаплайды:
- экономиканың барлық тармақларында қайта тиклениўши энергия дереклеринен, тийкарынан — қуяш, самал, киши суў ағымлары, геотермал ҳәм биомасса энергиясынан пайдаланыў;
-санааттың көп ресурс талап ететуғын айырым тармақларында, энергетика, аўыл хожалығы, саўда, транспорт-коммуникация системасы ҳәм коммунал секторда инновациялық, ресурс, энергия, суўды тежеўши ҳәм басқа экологиялық таза технологияларды ҳәм де мәлимлеме-коммуникациялық технологияларын кең енгизиўди қоллап-қуўатлаў;
-тутыныў қәсийетин жоғалтқаннан кейин әтирап-аймаққа зыян жеткеретуғын ислеп шығарылған ҳәм импорт етилген товарлар топарына экологиялық төлем енгизиў арқалы әтирап-аймақты қорғаўды тәмийинлеўдиң экономикалық механизмин («патасландырыўшы төлейди» принципи тийкарында) жетилистириў;
- «Жасыл экономика»ға өтиў мақсетлерине ерисиў ушын инвестицияларды тартыў, экономикалық, материаллық техника қураллары ҳәм де интеллектуал ресурсларды қолланыў.
Партия мәмлекетимиздиң азық-аўқат қәўипсизлигин, өсип баратырған ҳалықты ҳәм де артып баратырған талабын экологиялық таза аўыл хожалығы өнимлери менен еле де толығырақ қанаатландырыў, олардың сатып алыў имканиятларын беккемлеў, баҳаның асып кетиўи, инфляцияға ҳәм ҳалықтың реал дәраматларының түсип кетиўине алып келиўши себеплердиң пайда болыўына жол қоймаў мақсетинде «ақыллы» аўыл хожалығы технологияларын ҳәм инновацияларды әмелде кең енгизиў лазым деп есаплайды.
Мәмлекетимизде экономика тараўларын энергия ресурсларының исенимли дереклери менен турақлы тәмийинлеў, экологиялық таза альтернатив түрлерине басқышпа-басқыш өтиў, атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳәм усы бағдарларға алдынғы инновациялық технологияларды енгизиў партияның дыққат орайында болады.
VI. Әтирап-аймақты қорғаў, тәбияттан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм халық ушын қолай шараятларды жаратыў
Биз әтирап-аймақты қорғаў, ана тәбияттан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы халық ушын қолай жасаў шараятларын жаратыўды ең тийкарғы зәрүр ўазыйпалардың бири деп есаплаймыз. Буның ушын Өзбекстан Экологиялық партиясы төмендеги мақсетли мәмлекет, аймақлық ҳәм жергиликли бағдарламалар ҳәм жойбарлардың орынларда әмелде орынланыўын тәмийинлеў зәрүр деп есаплайды;
-тәбийғый ресурслардан пайдаланыўда экологиялық факторларды есапқа алған ҳалда жантасыў;
-пуқараларға тәбийғый ресурслардан пайдаланыў тараўында мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў системасын кеңейтиў, бул бойынша халықтың социаллық көмекке мүтәж қатламларын қорғаў көлемин ҳәм түрлерин көбейтиў;
-тараўда мәмлекет басқарыўы системасы нәтийжелигин арттырыў, экологиялық факторларды есапқа алып, жеке секторды раўажландырыў ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў;
- тәбийғый байлықлардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, әтирап-аймақты қорғаўды тәмийинлеў, суў ресурсларын басқарыўды жетилистириў, трансшегаралық суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, суўды тежейтуғын, заманагөй инновациялық технологияларды кең енгизиў, топырақ өнимдарлығын арттырыў ҳәм жерлердиң мелиоратив аўҳалын жақсылаў;
-ықлым өзгериўи ҳәм оның ақыбетлерине қарсы гүресиў, атмосфера ҳаўасын қорғаў, озонды бузыўшы затлардан пайдаланыўды тоқтатыўды басқышпа-басқыш әмелге асырыў;
-санаат, қурылыс, аўыл хожалығы, сервис ҳәм басқа шығындылар пайда болыўының алдын алыў, қайта ислеў ҳәм олардан екилемши пайдаланыў, олардың көлемин қысқартыў;
-медициналық шығындыларды басқарыўдың беккем системасын жаратыў;
-аймақларда экономика тармақларын ислеп шығарыў күшлерин жайластырыў, ислеп шығарыў кәрханаларын модернизациялаў, ишимлик суў тармағы ҳәм канализация тармақларын раўажландырыў;
-биологиялық көп түрлиликти сақлаў, өсимлик ҳәм ҳайўанат генофондын сақлаў ҳәм оларды қорғаў, тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе болған тәбийғый ландшафтларын ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақларды сақлаў, оларды белгиленген тәртипте Улыўма жәҳән мәдений мийрас объектлери дизимине киргизиў;
-арзан, исенимли, турақлы ҳәм заманагөй энергия дереклеринен, қайта тиклениўши энергиядан пайдаланыўды, энергия нәтийжелигин жақсылаўды тәмийинлеўге қаратылған ис-ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў;
-туризмниң экологиялық, рекреация, агро, гастрономиялық, экстремал ҳәм басқа түрлери инфраструктурасын раўажландырыў;
-экологиялық қамсызландырыў системасын жаратыў ҳәм де раўажландырыў, экологиялық экспертиза, экологиялық баҳалаў ҳәм экологиялық аудит системасын қәлиплестириў;
-мәмлекет, ведомстволық ҳәм экологиялық жәмийетлик қадағалаўы системаларын раўажландырыў.
Өзбекстан Экологиялық партиясы орынларда тәбиятты қорғаўға бағдарланған еркин инновациялық жойбарларының орынланыўы үстинен жәмийетшиликтиң системалы экологиялық мониторинги әмелге асырылыўына бул мақсетлер ушын мәмлекет бюджетинен ажратылған каржылар, сондай-ақ, туўрыдан-туўры бул инвестициялар ҳәм кредитлерди қәўендерлер қаржыларын өз ўақтында, толық өзлестириўге ҳәм де ақылға уғрас пайдаланыўға да өз итибарын қаратады.