ПАРТИЯНЫҢ БАС СҮРЕНИ
«БИЗ ИНСАНЛАРДЫ ИСЕНИМЛИ СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎ ТӘРЕПТАРЫМЫЗ!»
2019-жыл 28-октябрьде Өзбекстан Халық демократиялық партиясының XI қурылтайында қабыл етилген.
Өзбекстан Халық демократиялық партиясы өзиниң бағдарламалық мақсетлерин, ең дәслеп, Өзбекстанның ғәрезсизлигин сақлаў ҳәм беккемлеў, Ўатанымыздың гүллеп-жаснаўы, елимизде социаллық турақлылық, пуқаралар ҳәм миллетлер арасындағы бирлик, ҳәр бир шаңарақ және пүткил халықтың абаданлығына ерисиў сыяқлы улыўма миллий мәплер үстинлигине тийкарланып белгилейди.
Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының баслы мақсети —халықтың турмыс дәрежеси жоқары болған раўажланған демократиялық мәмлекетлердиң қатарына қосылыў, жәҳән жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийелеў мақсети усы мәплерге толық сай келеди.
Усы процессте реформалардың нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў, мәмлекет ҳәм жәмийетти ҳәр тәреплеме жедел раўажландырыў, мәмлекетти модернизациялаў және барлық тараўларды либералластырыўға қаратылған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша ҳәрекетлер стратегиясын турмысқа енгизиў айрықша әҳмийетке ийе.
Ҳәрекетлер стратегиясындағы тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўында белсене қатнасыў Өзбекстан Халық демократиялық партиясы жумысының тийкарғы бағдары есапланады.
Өзбекстан Халық демократиялық партиясы сайлаў кампаниясына кирисер екен, ўәкиллик органларында көпшилик депутатлық орынды ийелеўди, усы арқалы нызамларды қабыл етиў, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын қәлиплестириў, социаллық-экономикалық раўажланыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў ҳәм жүзеге шығарыў имканиятларына ийе болыўды мақсет етпекте.
Раўажланыўдағы социаллық үстинлик-партияның сиясий көзқарасының тийкары.
Халық демократиялық партиясы Өзбекстанда социаллық әдиллик ҳәм теңлик, социаллық бирлик, социаллық демократия нормаларына сай келетуғын социаллық демократиялық мәмлекет қурыўды өзиниң жокарғы мақсети, деп есаплайды.
Усы мақсетке ерисиўде Өзбекстан Халық демократиялық партиясы экономикалық реформалардың социаллық нәтийжелилигин арттырыўға тийкарғы әҳмийет қаратқан.
2030-жылға шекем елимиздиң экономикалық турақлылығын тәмийинлеў арқалы Өзбекстанды халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сапасы бойынша дүньяның орта раўажланған мәмлекетлери дәрежесине алып шығыў жоқарыдағы әҳмийетли ўазыйпаны әмелге асырыўда тийкарғы бағдарлама етип алынған.
Партия усы мақсетке ерисиў жолларын белгилеўде, мәмлекет ҳәм жәмийет тәрепинен социаллық қорғаў ҳәм де қоллап-қуўатлаўға мүтәж төмендеги халық қатламының мәплеринен келип шығыў зәрүр, деп есаплайды:
-пенсия ҳәм социаллық напақалардың муғдары жасаў ушын жетерли болмаған пенсионерлер, майыплығы болған шахслар, майыплығы болған балаларды тәрбиялап атырған ата-аналар, көп балалы ҳаял-қызлар, ата-аналардың қарамағынан айырылған балалар, жалғыз кекселер ҳәм халыктың басқа әззи қатламлары;
-мийнет пенен бәнт болмаған мийнетке жарамлы халық, жумысқа орналасыўда қыйыншылықларға ушырасып атырған инсанлар, соның ишинде, мийнет базарына енди кирип келген билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери;
-керекли кәсиплик көнликпеси жоқлығы себепли турақлы жумыс орны ҳәм турақлы дәраматқа ийе болмаған адамлар, соның ишинде, ишки ҳәм сыртқы мийнет мигрантлары.
Өзбекстан ХДП мәмлекеттиң барған сайын раўажланып атырған экономикалық потенциалын халықтың кем тәмийинленген қатламларының турмыс дәрежеси ҳәм жасаў шараятын арттырыў ушын хызмет етиў керек, деп есаплайды. Бул елимизде социаллық турақлылық ҳәм пуқаралардың бирлигин буннан былай да беккемлеўдиң тийкарғы факторы және турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли шәрти есапланады.
Усы әҳмийетлиликтен келип шығып, партия өзиниң депутатлары арқалы экономикалық реформалардың социаллық нәтийжелилигин арттырып барыўды, жәмийетте белсенди пуқаралық позицияны қәлиплестириўди, социаллық бирге ислесиў қатнасықларын раўажландырыўды нәзерде тутады.
Социаллық жәрдемге мүтәж адамлардың турмыслық талаплары менен байланыслы мәселелерди шешиўде партия турақлы социаллық-экономикалық раўажланыў тәрепдары болған барлық шахслардың жәрдемине сүйенеди.
Усы мәселелерде партияның сүрени;
Биз социаллық раўажланыўдың тәрептарымыз! Бул экономикалық реформалар нәтийжелилигиниң тийкарғы факторы!
Халықтың кем тәмийинленген қатламлары, пенсионерлер ҳәм майыплығы болған шахслардың турмыс дәрежесин арттырыў.
Халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламларын жоқары социаллық тәмийинленгенлик дәрежеси — жәмийеттеги турақлылықтың беккем тырнағы есапланады.
Партия пенсионерлер, майыплығы болған шахслар, майыплығы болған балаларды тәрбиялап атырған ата-аналар, жалғыз кекселер, ата-ана қарамағынан айрылған балалар және халықтың басқа әззи қатламларына пенсия тәмийнаты ҳәм социаллық напақаларды белгилеў 2030-жылға шекем Турақлы раўажланыў бойынша Миллий мақсетлер ҳәм ўазыйпалардағы нормаларға тийкарланыўы керек, деп есаплайды.
Буның ушын төмендегилерди әмелге асырыў зәрүр:
-халықтың кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж басқа катламларына бийпул социаллық хызметлер усыныс етилиўин тәмийинлейтуғын «Минимал мәмлекетлик социаллық стандартлары ҳаққында»ғы Нызам жойбарын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў;
- Халықтың турмыс дәрежесин белгилеўде, социаллық сиясат ҳәм мәмлекетлик социаллық бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, ең кем ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар, напақалар ҳәм басқа социаллық төлемлердиң ең кем дәрежесин белгилеўде халықаралық жәмийетшиликте улыўма қабыл етилген көрсеткишлер, яғный жасаў минимумы ҳәм тутыныў корзинкасы ҳәм де оларды қоллаў тәртибин әмелиятқа киргизиў.
Усы мақсетте партия нызамшылық басламасына муўапық өзиниң парламент фракциясы арқалы тийисли нызам жойбары ҳәм тийисли нызам ҳүжжетлерине зәрүр өзгерислерди киргизиў бойынша усынысларды ислеп шығыўды режелестирмекте.
Партия, сондай-ақ, ҳаял-қызларға пенсия таярлаў ушын зәрүр болған жумыс стажына бола 3 жасқа толғанға шекем баланы тәрбиялаў дем алысларында болыў ўақтын толық қосып есаплаўға ериседи.
Усы мақсетте партия «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына тийисли өзгерислер киргизиў бойынша усыныслар ислеп шығыўды режелестирген.
Партия төмендеги мәселелер бойынша парламентлик, депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўды әмелге асырыўды режелестирген:
-кем тәмийинленген шаңарақлардың ағзалары, сонын ишинде, жумыссызлар, мийнетке жарамлы майыплар, ҳаял-қызлардың исбилерменлик тараўындағы белсендилиги және үйге бөлип алып ислеўди мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында хошаметлеў системасын буннан былай да жетилистириў. Бул халықтың арасында исжақпаслықты жоғалтыўға хызмет етеди;
-майыпларға жеке исбилерменлик және қыйтақ жер хожалықларын раўажландырыў ушын жеңилликли кредитлер ажыратыў;
-пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары негизинде нызамшылықта нәзерде тутылған мәсләҳәт орайлары ҳәм кем тәмийинленген, мийнетке жарамлы пуқараларды исбилерменлик тийкарларына бийпул оқытыўдың басқа формалары және оларға тийисли мәселелер бойынша ҳуқықый ҳәм экономикалық мәсләҳәтлер бериў системасын буннан былай да раўажландырыў.
Партия жалғыз кекселер, ата-ана қарамағысыз қалған балалар және өзгелердиң тәрбиясына мүтәж болған майыплардың турмыслық мүтәжликлерине итибарды күшейтиў зәрүр, деп есаплайды. Усы мақсетте партия төмендеги илажларды көрмекши:
-депутатлық және жәмийетшилик кадағалаўын орнатыў арқалы «Мүриўбет», «Саховат» ҳәм «Меҳрибанлық үйлери»нде жасап атырған жалғыз баслы кекселер, ата-ана қарамағынан айрылған балалар және өзгелердиң тәрбиясына мүтәж болған майыплардың жасаў шараятларын үйрениў;
-жалғыз баслы кекселер, ата-ана қарамағысыз қалған балалар және өзгелердиң тәрбиясына мүтәж болған майыпларға социаллық хызмет көрсетиўде мәмлекетлик — мәмлекетлик шериклик механизмлеринен пайдаланыў және социаллық исбилерменлик бойынша алдынғы мәмлекетлердиң тәжирийбелерин үйрениў;
-үйрениўлер және тийисли социаллық топарлар менен өткерилген пикирлесиўлер нәтийжелеринен келип шығып, әмелдеги нызамшылықта мәмлекетлик- мәмлекетлик шериклик және социаллық исбилерменлик тийкарында халыққа социаллық хызметлер көрсетиўдиң анық процессуаллық механизмлерин киргизиўди нәзерде тутыўшы усыныслар ислеп шығыў және оларды партияның парламенттеги фракциясы арқалы нызамшылық басламасы сыпатында алға қойыў;
Сондай-ақ, ХДП социаллық қорғаўға мүтәж халықтың мәмлекеттиң мәдений ҳәм социаллық турмысында қатнасыўында мүнәсип шараят жаратыўды нәзерде тутқан.
Халықтың социаллық мәплерин қорғаў, турмыс дәрежесин арттырыў, социаллық қорғаўға мүтәж қатламның социаллық мәплерин ҳәм руўхый дүньясына қатаң зыян жеткеретуғын артықша қәрежетлердиң алдын алыў мақсетинде партия төмендеги усынысларды алға қойыўды режелестирген;
-үйлениў тойлары, юбилейлер, жерлеў мәресимлери ҳәм басқа шаңарақлық илажларды өткериў тәртибин нызам жолы менен беккемлеў;
-тарийхый қәлиплескен мәдений қәдириятлар ҳәм дәстүрлердиң тийкарғы мазмуны және әҳмийетине байланыслы үгит-нәсият жумысларының нәтийжелилигин арттырыў.
Партия майыплардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў системасын түп-тийкарынан жақсылаў максетинде алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда төмендеги илажларды көриўди режелестирген:
-Қаржы, Денсаўлықты сақлаў, Бәнтлик ҳәм мийнет катнасықлары, Халық билимлендириў министрликлери менен биргеликте майыплар жәмийетлерине мәмлекет субсидияларын ажыратыў, мәмлекетлик қаржылары есабынан майыплар ушын қәнигелестирилген кәрханалар шөлкемлестириў және усы кәрханаларға социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен социаллық буйыртпа бериў тәртибине байланыслы анық усыныслар ислеп шығыў ҳәм ҳүкиметке усыныў;
-парламенттеги фракциясы арқалы БМШниң Майыплар ҳуқықлары бойынша конвенциясын ратификациялаў басламасын белгиленген тәртипте алға қойыў.
Усы мәселеде партияның сүрени:
Биз инсанларды исенимли социаллық корғаў тәрептарымыз! Бул социаллық турақлылықтың таянышыдур:
Күнделикли тутыныў товар ҳәм хызметлердиң баҳаларының социаллық турақлылығын тәмийинлеў-мәнзилли социаллық сиясаттың тийкарғы бағдары.
Өзбекстан Халық демократиялық партиясы социаллық әҳмийетке ийе товар ҳәм хызметлердиң баҳалары ҳәм тарифлери нормативлик ҳүжжетлерде белгиленген нормалардан артып кетпеслиги ушын усы баҳаларды қәлиплестириў үстинен қатаң мәмлекетлик ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын орнатыўдың тәрептары.
Усы мақсетте төмендегилерди усыныс етеди:
-айрықша социаллық әҳмийетке ийе товар ҳәм хызметлердиң баҳалары және дизимин белгилеў мәмлекет тәрепинен тәртипке салыныўын нызамлы жақтан беккемлеў;
-елимизде жетерли муғдарда ислеп шығарылмай атырған айрықша социаллық әҳмийетке ийе болған товарлар ушын бажыхана бажы ҳәм төлемлери бойынша жеңилликли ставкаларды орнатыў;
-импорт орнын басыўшы социаллық әҳмийетке ийе өним ислеп шығарыўшыларға импорт товарларынан алынатуғын дәраматлардың бир бөлегин жеңилликли кредит бериўге пайдаланыў тәртибин енгизиў;
-социаллық әҳмийетке ийе товар ҳәм хызметлерди ислеп шығарыўшы компаниялардың монополиясын шеклеў, соның ишинде, монопол кәрханаларды мәжбүрий рәўиште бөлиў ҳәм олардың қурамынан бийғәрез хожалық субъектлерин ажыратыў бойынша нызамшылыққа тийисли процессуаллық нормаларды киргизиў.
-халықтың кем тәмийинленген қатламлары ушын социаллық әҳмийетке ийе товарлар ҳәм азық-аўқат өнимлерин сататуғын дүканлар шөлкемлестириўди ҳуқықый тәртипке салыў және усындай саўда тармақларын раўажландырыўға байланыслы алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў. Алынған нәтийжелер тийкарында сырт ел тәжирийбесин Өзбекстан шараятында қолланыў бойынша анық усынысларды таярлаў.
Усы мәселеде партияның сүрени:
Биз ҳәр бир инсанның турмыслық талапларын кепилликли тәмийинлениўиниң тәрепдарымыз!
Турақ жай ҳәм коммуналлық хызметлердиң социаллық турақлылығын тәмийинлеў
Халықтың социаллық қорғаўға мүтәж катламын арзан ҳәм сапалы турақ жай менен тәмийинлеў — социаллық қорғаўдың әҳмийетли бағдары.
Буның ушын төмендегилерди әмелге асырыў тийис:
-шырайлы ипотека үйлерин қурып атырған компаниялар ҳәм коммерциялық банклер табысынан мәжбүрий ажыратпалар алып қалыў тәртибин нызамлы енгизиў. Усы қаржыларды арнаўлы фондларға бағдарлаў ҳәм кейин ала халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларының, соның ишинде, турақ жайы жоқ, жасаў шараяты жүдә аўыр ҳаял-қызлар, «Меҳрибанлық» үйлеринде тәрбияланған шахслар ушын арзан турақ жай қурыўға жумсаў;
халықтың кем тәмийинленген қатламы, соның ишинде, майыплығы болған шахслар, майып перзенти бар ата-аналар, аўыр шараятқа түсип қалған ҳаял-қызларға, кем тәмийинленген, перзентлери толықсыз шаңарақта тәрбияланып атырған ҳәм жасаў шараятын жақсылаўға мүтәж аналар ушын қурылып атырған арзан турақ жайлардың санын көбейтиў. Сондай-ақ, усы тараўда жеңилликли ипотека кредитин ажыратыў әмелиятын жетилистириў.
Партия, квартиралар ҳәм көп ханалы үйлерде коммуналлық хызметлер және көп ханалы үйлерде эксплуатация хызметлери төлемлериниң социаллық муўапықлық дәрежесин арттырыў мақсетинде төмендегилерге ерисиўди нәзерде тутады:
-орайласқан ысытыў ҳәм ыссы суў тәмийнатын, турмыслық шығындыларды алып кетиў ҳәм утилизациялаў хызметлерин көрсетиўши кәрханалардың тәбийғый монополиясы бойынша нызамшылық нормаларын көрип шығыў;
-инженерлик тармақ инфраструктурасы менен байланыслы болмаған, коммуналлық хызметлер усыныў бойынша альтернатив автоном (локал)формаларды раўажландырыў;
- «Коммуналлық хызметлер ҳәм тарифлерди тәртипке салыў тийкарлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамының жойбарын ислеп шығыў. Усы арқалы коммуналлық хызметлер, турақ жай қорынан пайдаланыў ушын баҳалар ҳәм тарифлерди, коммуналлық хызметлерди көрсетиўши шөлкемлердиң рентабеллигиниң шегераланған дәрежесин қәлиплестириў нормаларын нызамшылықта беккемлеў;
-коммуналлық хызметлерди әмелге асырыўшы шөлкемлердиң өндирис пенен байланыслы болмаған жоғалтыўларды қаплаў мақсетинде баҳалар ҳәм тарифлердиң көтерилиўи жағдайларына жол қоймаслық ушын мағлыўматлардың ашықлығын тәмийинлеў және коммуналлық хызметлердиң тарифлери үстинен жәмийетшилик қадағалаўын күшейтиў;
-нызамшылықты турақ жай қорларынан пайдаланыўды шөлкемлестириў, тийкарғы коммуналлық хызметлерди жеткерип бериўшилер ҳәм олардан пайдаланыўшылардың өз-ара жуўапкершилигин арттырыўға байланыслы процессуаллық нормалар менен байытыў.
Сондай-ақ, партия төмендегилерди әмелге асырыўды усыныс етеди:
-турақ жай қорын-коммуналлық хызметлерди жеткерип бериўши шөлкемлердиң есабынан заманагөй электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы, ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суўларды есаплаў әсбаплары менен толық тәмийинлеў;
-коммуналлық хызметлер ушын барлық өлшеў әсбапларын жеткерип бериўши шөлкемлердиң балансына өткериў және оларға әсбапларға техникалық хызмет көрсетиў, оңлаў ҳәм турақлы тексерип турыў ўазыйпасын жүклеў.
Партия жоқарыдағы мәселелерди шешиў мақсетинде тийисли мәмлекетлик уйымлар менен системалы рәўиште бирге ислесип, олардың орынлардағы бөлимшелериниң жумысы үстинен парламентлик, депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын орнатыўды нәзерде тутқан.
Атап айтқанда, партия орынларда коммуналлық хызметлер бойынша тийкарсыз есапланған қарыздарлықты анықлаў, тутыныўшылардың бузылған ҳуқықларын тиклеў үстинен депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барыўда қатнасады.
Усы мәселеде партияның сүрени:
Биз турақ жай ҳәм коммуналлық хызметлердиң социаллық турақлылығын тәмийинлеў тәрепдарымыз!
Медициналық хызметтиң социаллық бейимлилигин тәмийинлеў
Халықтың кем тәмийинленген қатламларына медициналық хызметлер көрсетиў, әсиресе, социаллық қәўпи бар кеселликлерди емлеў ҳәм алдын алыў имканиятын жаратыў — социаллық сиясаттың әҳмийетли бағдары болып табылады.
Усы мақсетте партия төмендегилерди әмелге асырмақшы:
-мүлкшиликтиң түрине ҳәм қаржыландырыўдың дәреклерине қарамастан, барлық медициналық мәкемелерде бийпул көрсетилетуғын мәжбүрий медициналық хызметлердиң дизимин, қамсызландырыў механизмлерин нызамшылықта беккемлеўге байланыслы усынысларды ислеп шығыў ҳәм парламенттеги фракциясы арқалы нызамшылық басламасы менен шығыў;
-мүлкшиликтиң формасына ҳәм қаржыландырыўдың дәреклерине қарамастан, барлық медициналық мәкемелерде кем тәмийинленген шаңарақлар, майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары ушын жоқары технологиялы медициналық хызметлерден пайдаланған ҳалда ҳәр жылы бийпул медициналық тексериўлерден өткериў системасын жетилистириў;
-халықтың айрықша тайпаларына ажыратылатуғын дәри қураллары, протез-ортепедия қураллары ҳәм медициналық-социаллық жәрдемди жеңилликли усыныў системасын жетилистириў, бул бағдарда нәтийжели жәмийетшилик қадағалаўын орнатыў.
Сондай-ақ, партия «Дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық қураллардың баҳаларын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў ҳаққында»ғы Нызамын кабыл етиў мәселесин көрип шығыўды усыныс етеди
Жоқарыдағы мәселелерди шешиў мақсетинде партияның депутатлық бирлеспелери ҳәрекетлерин пенсионерлер, майыплығы болған шахслар, кем тәмийинленген шаңарақлар, «Мүриўбет», «Саховат» ҳәм «Меҳрибанлық» үйлеринде жасаўшылар және халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына медициналық хызмет көрсетиў, оларды дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық қураллар менен тәмийинлеў және социаллық дәриханалардың тармағын раўажландырыў үстинен нәтийжели парламентлик ҳәм депутатлық қадағалаўын әмелге асырыўға бағдарлайды.
Усы мәселеде партияның сүрени:
Биз жәмийеттиң ҳәр бир ағзасына денсаўлығын беккемлеў ушын теңдей имканиятлар жаратыўдың тәрепдарымыз!
Билимлендириўде социаллық теңлик
Билимлендириўде социаллық теңликти тәмийинлеў елимизде демократиялық жәмийетти қәлиплестириўдиң әҳмийетли факторлардан бири есапланады.
Усы мақсетте Өзбекстан Халық демократиялық партиясы билимлендириў тараўында социаллық әҳмийетке ийе төмендеги тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыўға итибар қаратыўды әҳмийетли, деп есаплайды:
-бийпул ҳәм жеңилликли төлемлер тийкарында жумыс алып баратуғын мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тармағын кеңейтиў ҳәм алдағы ўақытлары 3-6 жастағы балаларды мәжбүрий мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде 3 жастан киши балалар ушын арнаўлы тәрбия топарларын шөлкемлестириў;
-тийисли педагогикалық мағлыўматқа ийе, бирақ, мектепке шекемги жастағы балалардың тәрбиясы менен бәнт болмағаны ушын ислемейтуғын ҳаял-қызларды мектепке шекемги билимлендириўдиң аймақлық уйымлары системасындағы шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў тәрбияшысы сыпатында үй мийнетин шөлкемлестириў, атап айтқанда, мектепке шекемги жастағы балаларды үйине барып мектепке шекемги билимлендириў хызметлерин көрсетиў бағдарламасы — «Нomevisits» сыпатында олардың қатнасын тәмийинлеў.
Халықтың кем тәмийинленген қатламы ушын жоқары билимлендириўден пайдаланыўының социаллық муўапықлығын арттырыў мақсетинде партия төмендегилерди усынады:
-аўыл жасларын кейин ала өзиниң аўылында ислеў шәрти менен мәмлекетлик грантлар тийкарында педагогикалық, медициналық ҳәм басқа қәнигеликтеги жоқары билимлендириў мәкемелерине жеңилликли қабыл етиў;
-төлемли-шәртнама тийкарында билим алатуғын кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлерине жеңилликли билимлендириў кредитлерин ажыратыў;
-майыплығы болған шахслардың жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыўы ушын имканиятларды кеңейтиў.
Сондай-ақ, партия мәмлекетлик-жеке меншик тийкарында шөлкемлестирилетуғын мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелеринде тек өзине тоқ шаңарақлардың перзентлериниң оқый алыўына жол қоймаў мақсетинде усы билимлендириў мәкемелериндеги төлемли-шәртнаманың социаллық қолайлы болған муғдарын нызамшылықта белгилеп қойыўды усыныс етеди.
Соның менен бирге, партия төмендеги мәселелер бойынша процессуаллық механизмлерди нызам жағынан беккемлеп және нәтийжели парламент, депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын әмелге асырыў зәрүр, деп есаплайды:
Кем тәмийинленген шаңарақлардан шыққан қәбилетли балалардың мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ҳәм улыўма билим бериў мектеплеринде билим алыўын тәмийинлеў;
-мектеп оқыўшыларының жәмийетлик транспортта бийпул пайдаланыўына ерисиў;
-жоқары билимлендириў системасын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўға байланыслы алдынғы тәжирийбени есапқа алған ҳалда төлемли-контракт муғдарын оптималластырыў, студентлерге тайынланатуғын стипендияның муғдарын пәнлерди өзлестириў дәрежеси және инновациялық белсендилигине қарай белгилеў, барлық жәрдемге мүтәж студентлердиң жатақханада қолайлы шараятта жасаўын тәмийинлеў ҳәм т.б.
-мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тәрбияланыўшылары ҳәм мектеп оқыўшылары ушын саламат аўқатланыўды шөлкемлестириў;
-майыплығы болған балалар ушын арнаўлы әдебиятлар, атап айтқанда, даўыс шығаратуғын Брайль әлипбеси тийкарында ҳәм басып шығарыў ҳәм сатып алыў, иксклюзив билимлендириўди раўажландырыў ҳәм усы тараўда жумыс алып баратуғын муғаллимлерге жеңилликлер усыныў, усы мақсетлер ушын қаржыларды мәмлекет бюджетинен қаржыландырыўды тәмийинлеў.
Усы мәселеде партияның сүрени:
Биз ҳәмме тең рәўиште билим алыўының тәрепдарымыз. Бул елимиздиң интеллектуаллық қәбилетин раўажландырыўдың кепилидур!
Мәдений-гуманитарлық тараўда тең имканиятларды тәмийинлеў
Өзбекстан ХДП жәмийет турмысының барлық тараўларында социаллык теңлик принципине сүйенген ҳалда, реформалардың бул басқышында кем тәмийинленген шаңарақлардың талантлы ҳәм қәбилетли перзентлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, майыплығы болған балаларды қоллап-қуўатлаўды буннан былай да кеңейтиў ушын жетерли имканиятлар бар деп есаплайды. Усы мақсетте партия төмендеги мәселелерди көрип шығыў зәрүр деп есаплайды:
-баланың қәбилетин ерте аныклаў ҳәм олардың бәркамал раўажланыўына бағдарланған нәтийжели процессуаллық механизмлерди жаратыў;
-кем тәмийинленген шаңарақлардың талантлы ҳәм қәбилетли перзентлерин қоллап-қуўатлаў ушын мәмлекетлик грантлар системасын жаратыў;
-алыс аўыллық елатлы пунктлериндеги мәденият мәкемелери, «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери, музыка ҳәм көркем өнер мектеплерин раўажландырыўды қаржыландырыў ушын бюджет қаржыларын көбейтиў;
-кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери ушын «Бәркамал әўлад» балалар мектеплерине төлемлерди бийкар етиў;
-кем тәмийинленген шаңарақлар, әсиресе, алыс аўыллық елатлы пунктлеринде жасап атырған жаслардың спорт пенен шуғылланыўы ҳәм кеўилли дем алыўы ушын тийисли инфраструктураны раўажландырыў;
Мәмлекеттиң материаллық ҳәм материаллық емес мийрасынан халықтың кем тәмийинленген қатламлары заўық алыўы ушын қолайлы имканиятлар жаратыў тийис. Усы мақсетте, партия қәўендерлердиң жәрдеминде Өзбекстанның дыққатқа ылайықлы орынларына саяхатлар шөлкемлестириў ушын қәнигелестирилген қорлар дүзиўди усыныс етеди.
Усы мәселелерде партияның сүрени:
Бул мәдений-гуманитарлық тараўда теңдей имканиятлардың тәрепдарымыз! Бул бәркамал әўладты тәрбиялаў тырнағы болып табылады!
Социаллық экономика-күшли социаллық сиясаттың тийкары!
Ишки базарды өзимизде ислеп шығарылған жоқары қосымша баҳаға ийе өнимлер менен толтырыўды турақлы экономикалық раўажланыўдың тийкарғы факторларынан бири деп есаплайды.
Усы мақсетте партия жергиликли ҳәкимиятлардың дәрежесинде аймақлардың азық-аўқат товарларға талапты үйрениў ҳәм де халықтың өсим көрсеткишлерин есапқа алған ҳалда, тутыныў талабын раўажландырыў режесин таярлаў зәрүр деп есаплайды. Бунда, усы аймақта ислеп шығарылатуғын өнимлер ушын зәрүр ресурслар бар екенлигине итибар қаратыўы лазым.
Усы тийкарда керекли товарларды ислеп шығарыўды раўажландырыў бойынша орта мүддетли аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыў. Усыларды қала ҳәм районларда бәнтлик ҳәм жумыс орынларын жаратыўға байланыслы бағдарламалар және орта арнаўлы ҳәм жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаў бағдарламаларына муўапықластырыў зәрүр.