ПАРТИЯНЫҢ БАС СҮРЕНИ
«МИЛЛИЙ ТИКЛЕНИЎДЕН — МИЛЛИЙ РАЎАЖЛАНЫЎҒА ҚАРАЙ!»
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы:
раўажланыўдың ҳәр қандай басқышында миллий ғәрезсизлик идеяларына садықлығын көрсетип, өзбек мәмлекетшилиги раўажланыўының көп мың жыллық тарийхый тәжирийбесине таянып ис көриў;
Өзбекстан раўажланыўының жаңа басқышында алға сүрилген
«Миллий тиклениўден — миллий раўажланыўға қарай» деген баслы идеяны барқулла итибар орайында сақлаў;
миллий мәплерди қорғаў ҳәм алға сүриў, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, мәмлекетимиз сиясий, социаллық, экономикалық турмысында мәдений ҳәм руўхый байлықларды, бай тарийхый мийрасты сақлаў ҳәм байытыў ҳәм де инсансүйиўшилик идеяларын турмысқа енгизиў;
заманагөй раўажланған мәмлекет қурыў ҳәм руўхый бәркамал пуқаралық жәмийетин раўажландырыў менен бирге миллий өзлигимизди, ар-намыс ҳәм мәртебемизди, инсаный қәдир-қымбатымызды, ана тилимизди, динимизди, үрп-әдет, дәстүр ҳәм қәдириятларымызды сақлап қалыў ҳәм байытыў;
ата-бабаларымыздың руўхый мийрасы ҳәм де тән алынған улыўма инсаный қәдириятлар негизинде миллий тәрбияны раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў;
жәмийетти өзге мәдениятлар есабына емес, өз үрп-әдет, дәстүр ҳәм қәдириятларымызға тийкарланып раўажландырыў;
миллий мәмлекетшилик тәртип-принциплери ҳәм базар экономикасы тийкарларын беккемлеў, миллий экономикада еркин базар қатнасықларын қәлиплестириў ҳәм де саламат бәсеки орталығын жаратыў;
«халық мәмлекетлик уйымларына емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек», деген әҳмийетли турмыслық идеяға әмел етиў;
халқымыздың келешекте емес, бүгин жақсы жасаўы ушын шараят жаратыў;
инсан өмири ҳәм саламатлығын тек ғана шаңарақ ҳәм жәмийет пәраўанлығы, бәлким мәмлекет турақлылығының әҳмийетли шәрти, деп белгилеў;
жанажан Ўатанымыз прогреси ҳәм жәмийет раўажланыўында экономикалық ҳәм руўхый факторлар, миллий ҳәм улыўма инсаный қәдириятлар уйғынлығына тийкарланыў;
мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында демократия принциплерин және де күшейтиў;
шахстың ҳуқық ҳәм мәплерин кепиллике алыў, пикир ҳәм сөз еркинлигин, нызам үстинлигиниң әмелде орынланыўын тәмийинлеў;
үзликсиз билимлендириў менен бир қатарда үзликсиз тәрбия системасын қәлиплестириў, үзликсиз тәрбия ҳәм билимлендириўдиң уйғынлығын тәмийинлеў;
Өзбекстан халқының миллий, дәстүрий ҳәм мәдений-руўхый қәдириятларын терең қәдирлейтуғын Ўатан сүйиўши ҳәм ҳадал шахсты тәрбиялаў;
барлық пуқараларға, ең алды менен, жасларға өз үстинде ислеў, раўажланыў ушын шараят ҳәм имканият жаратыў;
сиясий күш сыпатында, Өзбекстан пуқараларының жынысы, расасы, миллети, дини, социаллық келип шығыўы ҳәм дәрежесине қарамастан ықтыярлы тийкарда бирлестириў ҳәм мәплерин белсендилик пенен алға сүриў;
халықты социаллық жақтан қорғаў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин асырыў, гендер теңлиги принциплерин тәмийинлеў;
илим-пәнниң жаратыўшылық потенциалынан өнимли пайдаланыў, халықтың улыўма илимий дүнья қарасы, мәдений дәрежесин асырыў жолында кең көлемли информация илажларын жедел уйымластырыў;
Ўатанымыз халқын қураўшы түрли этник топарлардың миллий-мәдений орталыққа кирисиўи, онда өзин исенимли сезиўи ушын зәрүр шараятларды жетилистириў;
Ана Ўатанымыз — Өзбекстан ҳәм барлық өзбекстанлылар, шет еллерде жасап атырған, биз ушын ҳәр дайым әзиз болған ўатанласларымыз мәплеринен келип шығып, өзиниң 2020-2024- жылларға мөлшерленген Сайлаўалды бағдарламасын жәриялайды.
Биз ушын «Миллий тиклениў» — миллий үрп-әдет, дәстүр ҳәм қәдириятлар, көп әсирлик тарийхымызды терең үйрениў, тиклеў, қәдирлеў ҳәм үгит-нәсиятлаў, ҳәр бир ўатанласымыз санасында Ўатан сүйиўшилик туйғыларын қәлиплестириў ҳәм беккемлеўде жәмийеттиң бирдемлигиндеги ҳәрекети.
«Миллий раўажланыў» — мәмлекетимиз раўажланыўы, халқымыздың сиясий-ҳуқықый ой-пикири, турмыс дәрежеси ҳәм турмыс сапасын ҳәр тәреплеме жоқары басқышқа көтериў жолындағы ҳәрекети.
«Миллий тиклениўден — миллий раўажланыўға қарай» идеясы жанажан Өзбекстанды қүдиретли мәмлекет, Өзбекстан халқын пәраўан ел болыў жолында бирлестириўши шақырықдур.
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы:
- «Миллий тиклениўден — миллий раўажланыўға қарай» идеясына таянған «Инсанды өзгертиў арқалы жәмийетти өзгертиў» сүрени менен жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы реформаларда белсене қатнасыўды;
- мәнаўий-интеллектуал раўажланыўға ерисиў ушын мәмлекетти модернизациялаў, инсан капиталын раўажландырыўға шараят жаратыўды;
- Өзбекстанды раўажланған заманагөй мәмлекетке айландырыў, халықаралық көлемдеги абырай-итибарын және де көтериўди;
- барлық тараўда миллий мәплер үстинлигин тәмийинлеў ушын гүресиўди;
- миллий, мәдений ҳәм мәнаўий байлығымыз, бай тарийхый мийрасымыз, Өзбекстан халқының үрп-әдет, дәстүр ҳәм қәдириятларын қәстерлеп сақлаў ҳәм көбейтиўди;
- Өзбекстан халқының мәдений, дәстүрий ҳәм миллий-руўхый қәдириятларын терең қәдирлейтуғын Ўатан сүйиўши инсанларды өз қатарына бирлестириўди;
- миллий-мәдений қәдириятлар ҳәм де заманагөй раўажланыўдың уйғынлығын тәмийинлеўди;
- жәмийетте ҳуқықый, сиясий сана ҳәм мәдениятты асырыў арқалы нызам үстинлигин тәмийинлеўди;
- мәмлекет ҳәм жәмийет ортасында исенимли пикирлесиў, лаўазымлы шахслардың пуқаралар алдындағы есап бериўши ҳәм пуқаралардың мәмлекет басқарыўындағы хуқықларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеўди өзиниң тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары сыпатында белгилейди.
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партияси — зиялылар, соның менен бирге, илим-пән ҳәм билимлендириў, мәденият, көркем-өнер ҳәм мәлимлеме тараўы ўәкиллери, келешегимиз жаратыўшылары болған жаслар, сондай-ақ, алымлар, тәрбияшы ҳәм оқытыўшылар, дөретиўши ҳәм көркем өнер хызметлери, спортшылар, туризм, өнерментшилик ҳәм халық медицинасы тараўы ўәкиллерин, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары хызметкерлерин, сондай-ақ, «Миллий тиклениўден — миллий раўажланыўға қарай», деген баслы идеяны қоллап-қуўатлаўшы Ўатан сүйиўши ҳәм жаратыўшы халқымыз ўәкиллерин өз электораты деп есаплайды.
Биз электоратымыздың умтылыў ҳәм арзыў-үмитлерин жүзеге шығарыўды, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаўды әҳмийетли ўазыйпаларымыздан деп билемиз.
Партиямыз мәмлекеттеги сиясий күш сыпатында барлық ўәкиллик уйымларында шешиўши орынларға ийе болыў, Бас министр кандидатурасын усыныў, Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы фракциясы арқалы партия идеяларына уйғын болған нызам жойбарларының баслаўшысы, ҳүкимет ағзалығына усынылатуғын талабанларды олардың бағдарламаларынан келип шыққан ҳалда қоллап-қуўатлаў жолынан барады.
I. Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўын және де демократластырыў, руўхый бәркамал пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўдиң баслы бағдарлары
«МӘМЛЕКЕТ ҲӘМ ХАЛЫҚ ПЕНЕН ПИКИРЛЕСИЎ — ПӘРАЎАНЛЫҚ ГИРЕЎИ»
Биз Өзбекстанды бай руўхый-ағартыўшылық мийрасқа ийе, экономикалық раўажланған, турақлы пуқаралық жәмийетине таянған, инсан ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери кепилликке алынған, сиясий абырайлы мәмлекет сыпатында көремиз.
Партия бул мақсетлерге ерисиўде тийкарғы дерек болған халқымыздың руўхый ҳәм материаллық жетилисиўин шешиўши әҳмийетке ийе деп есаплайды. Мәмлекет басқарыўы нәтийжелилигин асырыў, ашықлығы ҳәм тазалығын тәмийинлеў, узақ мүддетли раўажланыў стратегияларын ислеп шығыў, мәмлекет органлары хызметине инновацияларды енгизиў, мәмлекет басқарыўына кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин асырыў системасын және де жетилистириў тәрепдары.
Ҳәкимият буўынларының хызмети «Халық мәмлекетлик уйымларына емес, ал, мәмлекетлик уйымлары халқымызға хызмет етиўи керек» деген принцип тийкарында жәмийет пенен турақлы ҳәм системалы пикирлесиўди, мәмлекеттиң пуқаралар менен жақын бирге ислесиўин жолға қойыў, мәмлекет уйымлары хызмети үстинен тәсиршең жәмийетшилик қадағалаўын орнатыўға тийкарланады.
Партия «парламентти — «халық үйи»не, депутатларды — халқымыздың пидайы хызметкерине айландырыў»ды әмелде тәмийинлеўди тийкарғы ўазыйпа деп биледи. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайланған депутатлардың, ең әўели, өз сайлаўшылары менен турақлы ҳәм үзликсиз байланысын жолға қойыў арқалы халқымыздың машқалаларын үйрениў, талықлаў, оларға шешим табыў илажларын көреди.
1.1. Мәмлекет ҳәкимияты системасында Олий Мажлистиң, сондай-ақ, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында сиясий партиялар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары ролин күшейтиў тараўында:
- Олий Мажлис палаталары, атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм суд ҳәкимияты ортасындағы байланысларды және де нәтийжели жолға қойыў;
- Олий Мажлис палаталарының халықаралық бирге ислесиўдиң, соның ишинде, шет ел мәмлекетлериниң парламентлери ҳәм халықаралық парламент шөлкемлери менен турақлы байланысларын раўажландырыў;
- «Халық дипломатиясы концепциясы» ҳәм «Парламент дипломатиясы концепциясы»н ислеп шығыў ҳәм де әмелге асырыў;
- Олий Мажлистиң ҳүкимет жумысы үстинен қадағалаўды әмелге асырыўға тийисли ўәкилликлерин басқышпа-басқыш кеңейтиў, соның ишинде, «электрон парламент», «электрон парламент қадағалаўы», «парламент қадағалаўы порталы»н енгизиў;
- жәмийет ҳәм мәмлекет қурылысы процесинде сиясий партиялар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларының белсене қатнасыўын тәмийинлеў;
- мәмлекет дәрежесиндеги, аймақлық ҳәм басқа бағдарламалар жойбарларын ислеп шығыўға пуқараларды кең тартыўдың заманагөй механизмлерин енгизиў;
- мәмлекет ҳәм аймақлық бағдарламалар жойбарларын барлық дәрежедеги депутатларға, сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм де халық депутатлары ўәлаят, район ҳәм қалалық Кеңеслерине көрип шығыў ушын мәжбүрий усыныў ҳәм олардың усынысларын алыў системасын енгизиў;
- Министрлер Кабинети, министрликлер, мәмлекет комитетилери ҳәм уйымлары тәрепинен ислеп шығылған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын тийислилигине қарап сиясий партияларға экспертиза ушын жибериў әмелиятын енгизиў;
- қабыл етилген нызамлардың нәтийжелилиги, олардың социаллық, экономикалық, сиясий, ҳуқықый ақыбетлерин социологиялық жақтан үйренилиўин жолға қойыў;
- сиясий партиялардың мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органларынан ғәрезсизлигин тәмийинлеўге қаратылған ҳуқықый механизмлерди ислеп шығыў;
- мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўына тийисли халықаралық рейтинглерде қатнасыўды кеңейтиў, соның ишинде, мәмлекет сиясатына исеним рейтинглеринде кең түрде қатнасыў.
1.2. Халық ҳәкимиятшылығын раўажландырыў, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, халық депутатлары жергиликли Кеңеслери жумысларын жетилистириў тараўында:
- «халық мәмлекет ҳәкимиятының бирден-бир дереги», деген конституциялық принципти әмелде тәмийинлеў илажларын көриў;
- жергиликли мәмлекет ҳәкимияты системасында халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң орны ҳәм ролин асырыў, олардың ўәкилликлерин анық белгилеў;
- халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жергиликли атқарыў ҳәкимияты органлары үстинен қадағалаў ўәкилликлерин және де кеңейтиў, соның ишинде, жергиликли атқарыў органларының олардың алдындағы есабат бериўге асырыў;
- жергиликли атқарыў органлары басшыларын лаўазымға тайынлаўдан алдын халық депутатлары жергиликли Кеңеслер додалаўынан өтиўи, онда өзиниң анық көрсеткишлерге ийе орта ҳәм узақ мүддетли бағдарламасын депутатларға усыныў әмелиятын енгизиў;
- халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги депутатлар ҳәм партия топарлары жумысларын күшейтиў, жергиликли Кеңес баслығының ҳуқықый статусын анық белгилеў ҳәм де жергиликли атқарыў ҳәкимияты искерлиги үстинен қатаң депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыў илажларын көриў;
- жергиликли атқарыў ҳәкимияты баслығының бир ўақыттың өзинде халық депутатлары жергиликли Кеңеси баслығы болыўын басқышпа-басқыш бийкар етиў;
- партияның барлық дәрежедеги ўәкиллик органлары депутатларының биргеликте үзликсиз жумыс алып барыўдан ибарат системасын жаратыў.
II. Мәмлекетте нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын және де реформалаўдың баслы бағдарлары
«МӘМЛЕКЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫ ҲӘМ ДЕ ЖӘМИЙЕТ ПӘРАЎАНЛЫҒЫНА НЫЗАМЛАРҒА ӨЗ ЎАҚТЫНДА ӨЗГЕРИС ҲӘМ ҚОСЫМШАЛАР КИРГИЗИЎ, ОЛАРДЫҢ ТОЛЫҚ ОРЫНЛАНЫЎЫН ТӘМИЙИНЛЕЎ АРҚАЛЫ ЕРИСИЎ»
Нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын және де реформалаў, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлиги ҳәм пуқаралар ҳуқық ҳәм де еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин беккемлеў — жәмийетимиз ушын кешиктирип болмайтуғын ўазыйпа.
Демократиялық жәмийетти қәлиплестириўди жеделлестириў ҳәм бул бойынша реформалардың жетискенлиги көп жағынан пуқаралардың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятына байланыслы. Партия суд-ҳуқық тараўында демократиялық жәмийеттиң тийкары ҳәм ҳуқықый система беккемлиги көрсеткиши болған пуқараларда ҳуқықый сана ҳәм мәдениятын асырыўды өзиниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири, деп есаплайды.
Партия нызамлар үстинлигин сөзсиз тәмийинлеў, атап айтқанда, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери, жеке мүлкке қол қатылмаслығын, нызамлардың әмелде атқарыўшы, бир-бирине қарама-қарсы яки қайталанып атырған нормаларға сапластырып бериў бойынша системалы жумыс алып барады.
Партия пуқаралардың ҳуқықый ҳәм сиясий мәдениятын раўажландырыўға көмеклесиўди өзиниң суд-ҳуқық тараўындағы әҳмийетли ўазыйпа, деп биледи. Мәмлекетте ҳуқықый билим ҳәм мағрифатты, жәмийетте ҳуқықый билимди үгит-нәсиятлаўды және де жақсылаўға қаратылған системалы ис-илажлар қабыл етиўин мақуллайды.
Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымларының жеке исбилерменлик хызметине тийкарсыз араласыўын шеклеўге қаратылған анық ҳуқықый механизмлерин жетилистириўге умтылады.
Партия нызамдағы силтеме нормаларды ең кем дәрежеге келтириў ҳәм нызам асты норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер санын кемейтиў, яғный нызамлардың туўрыдан-туўры әмел етилиўине ерисиў процесинде белсенди қатнасады.
2.1. Суд ҳәм ҳуқықты қорғаўшы уйымлар хызметин және де жетилистириў, «Турақлы нызамшылық» концепциясын алға сүриў тараўында:
- ҳуқықый билим бериўди және де жақсылаў, жәмийетте ҳуқықый билим бериўди үгит-нәсиятлаўға қаратылған системалы ис-режелерди қабыл етиў;
- ҳуқықты қорғаўшы уйымлар хызмети үстинен жәмийетшилик қадағалаў механизмлери нәтийжелилигин асырыў, пуқаралардың ҳуқықты қорғаў системасын исенимли беккемлеў;
- пуқаралардың жеке мүлкке байланыслы ҳуқықларын әмелге асырыў кепилликлерин беккемлеў;
- пуқаралар мүрәжатларын өз ўақтында көрип шығыў, бул процессте әўере сарсаң, рәсмиятшылық ҳәм бийпәрўа мүнәсибетке жол қойғанлық ушын жуўапкерликти тәмийинлеў;
- адвокатура институтын раўажландырыў, жынайый, хәкимшилик, пуқаралық ҳәм экономикалық ислерди көрип шығыўда адвокаттың дәрежесин ҳәм ролин асырыў;
- сорастырыў, тергеўге дейин тексериў, суд процесинде адвокат ҳәм прокурордың тең ҳуқықлығын шын мәнисинде тәмийинлеў;
- суд ҳәкимияты ҳәм судьялардың горизонтал ҳәм вертикал ғәрезсизлигин тәмийинлеў, олардың айлық ис хақыларын басқа ҳәкимшилик уйымлары хызметкерлериниң айлықларынан кем болмаслығын тәмийинлеў;
- жазаны орынлаў мәкемелери ҳәм басқарыўын әдиллик министрлигине өткериў яки ғәрезсиз системаға айландырыўды кең додалаў;
- суд-ҳуқық тараўын либералластырыўда айыпсызлық презумпциясына әмел етиўдиң ҳуқықый нормаларын жетилистириў, судтың нызамлы күшке кирген қарары болмағанша тергеў, сорастырыў уйымлары тәрепинен шахсларды ҒҲҚ ҳәм социаллық тармақларда айыплы деп жәриялаў, олардың инсан сыпатындағы ҳуқықларын аяқ асты етиў, пуқараларға қыйнаўлар менен инсаныйлыққа жат, мийримсиз қатнасты шеклейтуғын анық ҳуқықый механизмлерин жаратыў;
- Судьялар жоқары кеңесиниң ғәрезсизлигин толық тәмийинлеў, судьялар корпусын қәлиплестириўде жәмийетшилик қатнасын тәмийинлеў, атап айтканда, район, қалалық ҳәм ўәлаят судлары судьяларын таңлаў ҳәм тайынлаўда жәмийетшилик пикирин есапқа алыў системасын енгизиў;
- жасларға байланыслы суд ислеринде жәмийетшилик қорғаўшылары сыпатында жәмийетлик шөлкемлер ўәкиллери қатнасын кең енгизиў әмелиятын қоллап-қуўатлаў;
- «Турақлы нызамшылық» концепциясын әмелде тәмийинлеў, яғный нызам ҳүжжетлерине пуқта исленбеген өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизиў, жаңа нызам ҳүжжетлерин тийкарсыз қабыл етиўге жол қоймаў, соның менен бирге, нызам ҳүжжетлерин узақ жылларды гөзлеп қабыллаў әмелиятына өтиў;
- нызам асты ҳүжжетлерин қабыл етиўдиң қатаң нормаларын белгилеў.
2.2. Халықтың ҳуқықый, сиясий санасы ҳәм мәдениятын асырыў, коррупцияға қарата маўасасыз гүресиў тараўында:
- ҳуқықый, сиясий сана ҳәм мәдениятын улыўма жәмәәт мәдениятының ажыралмас бөлегине айландырыў;
- мәмлекет ҳәм жеке шөлкемлер зәрүр халыққа онлайн яки басқаша көринистеги бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў системасы, «Пуқаралық мәсләҳәт бюросы» киби кеўиллилер бирлеспелерин шөлкемлестириў басламасы менен шығыў, «Жылдың ең жақсы ҳуқықый қайырқомлығы» атамасындағы жойбарды әмелге асырыў;
- ҳәр бир пуқараның нызам хүжжетлерин билиўи ҳәм оларға әмел етиўге тийисли ис-илажларды белгилеў;
- нызамларға әмел етиў көнликпесин қәлиплестириўде шаңарақ, тәлим-тәрбия орынлары, мәҳәлле, жәмийетшилик институтлары имканиятларынан пайдаланыўға қаратылған механизмлерди жаратыў;
- нызам ҳәм нызам асты норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары додалаўларында халықтың белсене қатнасыўын тәмийинлеў;
- коррупцияға қарсы гүресиўдиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм жуўапкершиликтиң анық усылларын таңлаў, адамлар санасында коррупцияға маўасасыз мүнәсибетин қәлиплестириў.
2.3. Мириўбет, кеширимлилик, инсан сүйиўшилик ҳәм кеңпейиллик сыяқлы ағла пазыйлетлерди суд әмелиятына енгизиў тараўында:
- жынайый ислерге тийисли нызамшылықты және де либералластырыў, айырым жынаятларды декриминализациялаў сиясатын, жынайый жазалар орынланыўы тәртибин жеңиллестириўди даўам еттириў;
- монополиялық искерлик, сондай-ақ, медицина тараўындағы нызам бузылыўлар, атап айтқанда, медициналық жәрдем көрсетпегенлик, диагноз ҳәм емлеў бойынша надурыс мағлыўматнама бериў ҳәм басқа жағдайлар ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти белгилеў;
- ҳәкимшилик судлаў ислерине жарастырыў институтын кең енгизиў;
- халықаралық әмелиятта кең қолланылып атырған жынаят ҳуқықының заманагөй институтларын миллий нызамшылыққа имплементациялаў, атап айтқанда, тек ғана жәбирлениўшиниң арзасы болғанда ғана қозғатылатуғын айрықша жынайый ислер тайпасын кеңейтиў;
- шаңарақ, мийрас, үй-жай даўасы ҳәм күнделикли турмыста жүзеге келетуғын басқа жәнжеллерди судқа шекем шешиў системасын раўажландырыў, соның ишинде, ҳәр қандай жәнжелди халқымызға тән болған тыныш жол менен шешиўге умтылыў ҳәм келисим жолын излеў, ислерди судқа шекем шешиў институтларын кең қолланыў арқалы әмелиятта суд тәртибинде көрип шығылатуғын ислердиң үлесин кемейтиў;
- судьялардың қәнигелесиўин сақлап қалған ҳалда район, қала ҳәм ўәлаятларда жумыс алып барып атырған жынайый, ҳәкимшилик, пуқаралық ҳәм экономикалық судларды бирлестириў.
2.4. Нызам дөретиўшилиги процесин жетилистириў ҳәм де нызам үстинлигин тәмийинлеў тараўында:
- нызам ҳүжжетлери жойбарларының ҳуқықый экспертиза ҳәм коррупцияға қарсы экспертизасын әмелге асырыўды нызам менен беккемлеў;
- туўрыдан-туўры ислейтуғын нызамлар қабыл етилиўин тәмийинлеў, нызам асты норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қысқартыў, сондай-ақ, министрлик, мәмлекетлик комитет ҳәм уйымлар тәрепинен норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиўди ең кем дәрежеге жеткериў ҳәм басқышпа-басқыш бийкар етиў;
- Олий Мажлис Нызамшылық палатасында нызам жойбарларын биринши оқыўда қабыл етиў ҳәм де фракцияларда додалаўда баянатшы сыпатында депутат емес, ал нызамшылық баслама ҳуқықына ийе субъектлердиң лаўазымлы шахслары ямаса жуўапкерли ўәкиллери қатнасын нызамшылықта беккемлеў;
- нызам дөретиўшилиги процессинде заманагөй жантасыўларды енгизиў мақсетинде экономика, саўда, санаат, энергетика, денсаўлықты сақлаў, туризм, логистика, транспорт, авиация тараўларына тийисли нызам ҳүжжетлерди халықаралық стандартлар ҳәм раўажланған сырт ел нызамшылығына уйғынластырыў;
- нызам ҳүжжетлери жойбарларын мәпдар шөлкемлер менен келисиўдиң электрон системасын жолға қойыў;
- нызамшылық басламасын алға сүриў бойынша әмелдеги тәртиплерди жетилистириў, бунда басламаны халық машқалаларын шешиўге қаратылғанлығы, тийисли илимий қатнаслар, анық социаллық сораўлар арқалы тийкарлаўға итибар қаратыў;
- нызам жойбарларын кең жәмийетшиликке жәриялаў, билдирилген усыныс ҳәм пикирлерди толық үйрениўди жолға қойыў.
III. Миллий экономиканы турақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары
«ХАЛЫҚ БАЙ БОЛСА — МӘМЛЕКЕТТЕ БАЙ, ҲӘМ ҚҮДИРЕТЛИ БОЛАДЫ»
Партия күшли, турақлы ҳәм бәсекиге шыдамлы экономиканы қәлиплестириўди өзиниң тийкарғы ўазыйпасы, деп биледи. Экономикалық мүнәсибетлерде ҳәмме ўақыт индивидуал қатнасты тәмийинлеў лазым, деп есаплайды.
Партия мәмлекетте орта қатламның көбейиўиниң тәрепдары болып, халықтың орта қатламында қанаат ҳәм шүкирлик, бай қатламында жуўапкершилик ҳәм руўхый қәдириятларды атап өтиў, кеңпейиллик киби қәсийетлерди әмелге асырыўды үгит нәсиятлайды. Халықтың реал дәраматлары ҳәм сатып алыў қәбилетин асырыў, дәраматлары бойынша классификацияланыў дәрежесин пәсейтиў тәрепдары.
Мәмлекеттиң экономикадағы қатнасын кескин қысқартыў ҳәм де жеке мүлкти қорғаўды күшейтиўге қаратылған реформаларды жеделлестириўдиң тәрепдары. Исбилерменлик структурасы жумысларына нызамсыз араласыўға қатаң түрде шек қойыўды тәмийинлеў зәрүр.
Партия миллий өнимлеримиз ҳәм брендлеримиздиң сырт еллерге, потенциалға ийе базарларға турақлы кирип барыўын өмирлик зәрүрият, деп биледи.
Мәмлекетимизде жергиликли ислеп шығарыўшыларды ҳәм хызмет көрсетиў тараўын үнемли қоллап-қуўатлаў, Өзбекстанда миллий мәплерден келип шығып алып барылып атырған сыртқы актив экономикалық стратегияны жақлайды. Биз жәҳән базарында «Made in Uzbekistan» миллий брендиниң абырайын асырыў ушын белсене ҳәрекет етемиз.
Усының менен бирге, партия Өзбекстанда ислеп шығарылған өнимлердиң өз тутыныўшыларымыз ушын қәдирлирек болыўын үгит-нәсиятлайтуғын системаны қәлиплестириў зәрүр, деп есаплайды.
Туризм — экономиканың раўажланыў процесин және де тезлестириўши факт сыпатында әхмийетли орын тутады. Қосымша жумыс орынларының жаратылыўына, экономикалық жақтан халықтың бәнтлигин асырыўға, миллет пәраўанлығын асырыў, миллий, мәдений ҳәм руўхый қәдириятларымызды дүньяға үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди. Экономикалық жумыслар өз-ара байланыслы болған бир қатар тармақлар, атап айтқанда, инфраструктура раўажланыўына түртки болады, олардың және де ғалабаласыўына көмек береди.
Партия технологиялық базаны модернизациялаў, илимий тәжирийбе ҳәм исленбелер, инвестицияларды хошаметлеў, оларды, бюджет, салық ҳәм де басқа хошаметлеў усыллары арқалы интеллектуал мүлкти капиталластырыў ис-илажларын қоллап-қуўатлайды.
Биз мәмлекет экономикасында инвестиция орталығының жақсыланыўының тәрепдарымиз. Инвестициялар экономикамызға, ең алдын, нызамшылық кепиллиги арқалы кирип келиўи лазым.
Аймақлардың социал-экономикалық раўажланыў дәрежесиниң парқын қысқартыў, жергиликли бюджет қәлиплесиўи ҳәм бөлистирилиўиниң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў лазым.
Партия экономика бағдарында салыққа тартыў системасын әпиўайыластырыў, салық хәкимшилигин жетилистириў, мәмлекетлик бюджет турақлылығын тәмийинлеў, жергиликли бюджет дәраматларын қәлиплестириўде еркинликти асырыў, мәмлекетлик бюджет қәрежетлери ҳәм бюджет дефицити оптимизациясын тәмийинлеў, инфляцияны жылаўлаў ҳәм пул-кредит сиясаты инструментлери тәсирлилигин асырыў, қаржы базары инструментлерин көбейтиўди экономика раўажына шынтлап түртки береди, деп есаплайды.
Бәсекиге турақлы миллий қаржы системасын жаратыў, туўрыдан-туўры инвестиция киргизиўшилерди хошаметлеў, айырым өнимлер (товарлар, хызметлер) ушын қосымша қун ҳәм дәрамат салығын бийкар етиў, банк ҳәм қаржы системасына заманагөй базар механизмлерин енгизиў, оның кепиллигине айрықша исеним оятыўды қоллап-қуўатлайды.