Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:52:57, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘДИЛЛИК – ҲӘР БИР ИНСАН УШЫН!

ӨЗБЕКСТАН  «АДОЛАТ» СОЦИАЛ-ДЕМОКРАТИЯЛЫҚ ПАРТИЯСЫНЫҢ САЙЛАЎАЛДЫ БАҒДАРЛАМАСЫ

Сиясий майданда халықшыл ҳәм турмыслық идеялар менен өз орны ҳәм абырайына ийе болған Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы гезектеги сайлаўлар алдынан Ўатанымыздың раўажланыўы жолында ҳуқықый демократиялық, «социаллық мәмлекет» ҳәм «ҳәмме ушын абадан турмыс тәмийинленген» әдил пуқаралық жәмийет қурыўдың социал-демократиялық моделин усынады. Оның тийкарғы қағыйдалары төмендегилерден ибарат:

- инсан, оның ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери мәмлекетлик ҳәм жәмийеттиң ең жоқары қәдириятлары екенин тән алып, жәмийет ҳәм мәмлекет турымысының барлық тараўларында ҳәр бир инсанның абадан турмысы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, социаллық әдиллик ҳәм нызам үстинлигиниң нормаларын тәмийинлеў;

- Өзбекстанның еркинлик, имканиятлардың теңлиги, әдиллик, аўызбиршилик, социаллық қорғаў ҳәм жуўапкершилик принциплери ҳүкимдарлық ететуғын, инсанлардың кескин дифференцияланыўына жол қойылмайтуғын күшли «социаллық мәмлекет» сыпатында, халықтың жоқары турмыс дәрежесине ийе раўажланған мәмлекетлердиң қатарына қосылыўына ерисиў;

- «халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» идеясы мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдары екенлигин атап өтип, халық ҳәкимиятының тымсалы болған ўәкиллик демократиясы институтының роли ҳәм әҳмийетин буннан былай да арттырыў;

-мәмлекет экономикасының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, жәми­йеттиң инновациялық, интелектуаллық потенциалын ҳәм инсан капиталын раўажландырыў;

-партияның тийкарғы электораты болып есапланған жумысшы ҳәм мийнеткешлер, жоқары маман қәнигелер, бюджет тараўының хызметкерлери, педагоглар, шыпакерлер, илимий ҳәм инженер-техник хызметкерлер, хызмет көрсетиў тараўының хызметкерлери ҳәм басқа да ийинлеслердиң мәплерин нәтийжели қорғаўын тәмийинлеў;

-ҳәр бир инсанның абадан турмысының гиреўи болған тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралық татыўлық, миллетлераралық ҳәм динлер­аралық кеңпейилликти беккемлеў, тең салмақтағы ҳәм конструктивлик сыртқы сиясатты алып барыў.

Партия электоратымыз ҳәм сайлаўшыларымыздың талаплары ҳәм арзыў-тилеклерине тийкарланған ҳалда, өтмиш сабақларынан дурыс жуўмақ шығарып, мәмлекетимиздиң келешек әўладтың алдындағы жуўапкершиликти сезинип, келеси бес жыл ушын төмендеги әҳмийетли ўазыйпаларды алға қояды.

ҲУҚЫҚЫЙСОЦИАЛЛЫҚ МӘМЛЕКЕТ ҚУРЫЎ — ТИЙКАРҒЫ МАҚСЕТИМИЗ

Тийкарғы принципимиз — әдиллик барлық жерде ҳәм ҳәр бир инсан ушын! Нызам ҳәм әдилликтиң үстинлигине ерисиў — ҳәрекетлеримиздиң өлшеми болып табылады!

Әдилликтиң жүзеге шығыўында суд ҳәкимиятының орны гиреўли. Биз суд ҳәкимиятының бийғәрез, судлар болса әдилликтиң қорғаўшылары болыўының тәрептарымыз.

Биз Жоқарғы суд, Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орай ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте суд-ҳуқық системасындағы реформалардың нәтийжесин, әсиресе, тараўда халықтың наразылығына себеп болған факторларды сын көзқарастан үйренип барамыз ҳәм сол арқалы нызамшылықты жетилистириў бойынша анық усынысларды таярлаймыз.

Биз суд системасын комплексли раўажландырыў, судлардың абырайын арт­тырыў, судьяларға қол қатылмаслығын тәмийинлеў әдил жәмийет қурыўдың әҳмийетли шәрти, деп есаплаймыз.

Биз инсанлардың сергиздан болыўының алдын алыў ҳәм судлар жумысының сапасын арттырыў мақсетинде әмелдеги «Суд ҳаққында»ғы Нызамды жетилистириў арқалы пуқаралық, жынайый, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик жумыслар бо­йынша районлық, қалалық ҳәм ўәлаятлық судлар тийкарында улыўмалық юрисдикция судларды шөлкемлестириўди, оларға «халық судлары» статусын бериўди, ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судларға қадағалаў инстанциясы ўәкиллигин жүклеў усынысын беремиз.

Бизге белгили, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм оны мүнәсип қорғаўда адвокатура институтының орны ҳәм роли оғада үлкен. Сол себепли, биз адвокатлардың статусын буннан былай да көтериў, оларды социаллық жақтан қорғаў механизмлерин күшейтиў, ҳәр бир адвокаттың жоқары ҳуқықый хызмет көрсетиўи ушын зәрүр илажларды көриў, бул бағдардағы әмелдеги нызамлардың орынланыўы бойынша күшли ҳәм нәтийжели қадағалаўды орнатыў, суд процесинде адвокатура ҳәм прокуратура ҳуқықларының теңлик принципин тәмийинлеў ушын гүресемиз.

Әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық суд қарарларын орынлаў ўәкиллиги прокуратура ҳәм ишки ислер уйымларына берилген болып, бул жағдай халық­аралық талапларға жуўап бермейди. Сондай-ақ, жазаны өтеп атырған шахслар қуўдалаўшы уйымлардың қолында болмаўы керек. Усы мүнәсибет пенен, биз барлық атқарыў менен байланыслы ўәкилликлерди ҳәм жазаны өтеў мәкемелерин сорастырыў және тергеў ўәкиллигине ийе болмаған, қалыс уйым — әдиллик уйымларының басқарыўына бериўди мақсетке муўапық деп билемиз. Сол ўақытта сорастырыў ҳәм тергеўге бол­ған наразылықлар тоқтатылады, ҳәр қандай нызамға қайшы ҳәрекетлерди, қыйнаў ҳәм қуўдалаўлардың алды алынады, атқарыў процесинде инсан ҳуқықлары тәмийинленеди.

Биз ҳуқық қорғаў уйымларының жәмийетшиликтиң алдында есап берип барыў тәртибин қоллап-қуўатлаймыз ҳәм оның ашық-айдынлығын буннан былай да арттырыў илажларын көремиз.

Ҳәр бир пуқараның жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, исеними, шахсы ҳәм абырайына қарамастан, нызам алдында тең екенлигин тәмийинлеў, пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын, нызамлы мәплери менен еркинликлерин қорғаў мәмлекетлик ҳәкимияттың барлық тармақларының, бәринен бурын, мәмлекетлик басқарыў ҳәм әсиресе, ҳуқық қорғаў уйымларының биринши дәрежели ўазыйпасы болыўы керек.

«Пропискадан өтиў» системаға жаңаша көзқарас, пуқараларымыздың  өз қәлеўинен келип шығып, турақлы түрде жасайтуғын орнын өзи белгилейтуғын ҳуқықты тәмийинлеўши ҳуқықый тийкарды басқышпа-басқыш жетилистирип барыў мәселеси турақлы итибарымыз орайында болады.

Биз жәмийетлик орынлар түсинигиниң ҳуқықый тийкарын жаратамыз, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасын жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бо­йынша ишки ислер системасының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм халықтың өтиниш тилеклерин жүзеге шығарыў мақсетинде олардың санын оптималластырыў және «халық поли­циясы» деп ат бериў, Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкерлериниң санын оптималластырыў ҳәм инспекторларды шын мәнисиндеги «халықтың жәрдемшилери»не айландырыў усынысын алға қоямыз.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры ҳәм оған бойсынатуғын прокурорлардың нызамларды анық ҳәм бир түрде орынланыўын қадағалаў ўазыйпасын кеңейтиў ҳәм төменги прокуратура уйым­ларына «Халық прокуратурасы» статусын бериў усынысын алға қоямыз.

Бүгинги күнде дәслепки тергеў ҳәрекетлери Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, ИИМ ҳәм МҚХ тәрепинен әмелге асырылмақта. Дәслепки тергеў уйымларының пытыраңқылығының нәтийжесинде инсан ҳуқықларының бузылыў жағдайларының жүз берип атырғаны сайлаўшылардың ҳақылы түрдеги наразылықларына себеп болмақта. Бас прокуратура ҳәм оның төменги уйымларының тергеў процеси үстинен қадағалаў функциясы барған сайын төменлемекте. Бул жағдайды сапластырыў, дәслепки тергеўдиң үстинен қадағалаўды күшейтиў мақсетинде, мәмлекетте бирден-бир тергеў уйымы — Тергеў комитетин шөлкемлестириў басламасын алға қоямыз.

Халықтың барлық қатламлары арасында, әсиресе, жасларда коррупцияға маўасасыз гүрес мәдениятын күшейтиўди әҳмийетли деп есаплаймыз. Биз коррупция менен гүресиў тек ғана мәмлекетлик уйымлар ҳәм ҳуқық қорғаў структураларының ўазыйпасы деп емес, ал пүткил жәмийеттиң миннетлемеси екенлигин тән аламыз. Партия бул иллетти түп тамыры менен жоқ етиўи ушын гүреседи. Бас прокуратура менен биргеликте келеси  5 жылда Өзбекстан Республикасының коррупцияға маўасасыз 50 мәмлекетиң қатарына кириўин тәмийинлеўге қаратылған комплексли илажларды белгилеп әмелге асырамыз.

Биз жәмийетте коррупцияға болған пүткиллей тақатсызлық мәдениятын қәлиплестириўге қаратылған системалы илажларды ислеп шығамыз ҳәм кең жәмийетшиликке жеткериў бойынша нәтийжели жумысларды шөлкемлестиремиз.

Биз мәмлекетлик басқарыў уйымлары қадағалаўшы ҳәм ҳуқық қорғаў структураларының жумысында нызамшылық нормаларының бузылыўына, олардың дурыс емес ҳәм өз басымшалық пенен қолланылыўына, сондай-ақ, төрешилик, рәсмиятшылық ҳәм коррупцияға қарсы кескин гүрес алып барамыз. Коррупцияға байланыслы жағдайлардың өз ўақтында алдын алыў, оларды анықлаў ҳәм сапластырылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, коррупцияға имканият беретуғын себеплер ҳәм шараятларды жоқ етиўдиң илажларын көремиз.

КҮШЛИ СОЦИАЛЛЫҚ СИЯСАТХАЛЫҚТЫҢ АБАДАН ТУРМЫСЫНЫҢ КЕПИЛИ

 Биз «Социаллық теңлик — тең ҳуқықлылық ҳәм тең жуўапкершилик дегени» деген принципке сүйенген ҳалда жәмийеттеги социаллық теңликти тәми­йинлейтуғын, ҳәр бир пуқараның қәбилети ҳәм тәжирийбесинен келип шығып мийнет етиўи кепилленетуғын, өз мийнетиниң муғдары ҳәм сапасына жараса мүнәсип айлық мийнет ҳақы ҳәм турмыслық дәрежесине ерисиўи ушын кең имканиятлар жаратылған социаллық мәмлекетти қурыў ушын гүресемиз.

Мақсетимиз — социаллық әдиллик принципин тәмийинлеў. Социаллық әдиллик — бул сиясий көзқарасы, жынысы, миллети, тили ҳәм диний исенимине қарамастан, нызам алдында барлық пуқаралардың өз-ара теңлигин тәмийинлеўден ибарат. Бул — билимлендириў, медицина ҳәм басқа да тараўлардағы имканиятлардың теңлиги болып табылады. Бул — кепилленген мийнет етиў еркинлиги, лаўазымлар бойынша көтерилип барыўдың имканиятлар бойынша теңлиги болып табылады. Ең баслысы, бул — кексе әўлад ўәкиллери ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар ҳаққындағы ғамқорлық болып табылады.

Илимли болыў — бахыт,  илимсиз  — болыў мүсийбет! Биз күшли социаллық сиясатты мәмлекетимиздиң келешеги уллы болыўын тәмийинлейтуғын инсан капиталына қаратамыз. Билимлендириўге инвестицияларды киргизиў — бул келешекке инвестиция киргизиў, халықтың абаданлығын, мәмлекеттиң бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўши фактор болып табылады. Сол себепли, биз үзликсиз түрде билимлендириў системасын жетилистириў, сапалы тәлим-тәрбия бериў, жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаўдың тәрепдарымыз.

Биз буннан кейин де мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери системасын белгили дәрежеде кеңейтиў ҳәм оларда балалардың интеллектуаллық,  эстетикалық ҳәм физикалық жақтан раўажланыўы ушын шараятларды түп-тийкарынан жақсылаў, балаларды мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўды сезилерли дәрежеде арттырыў бағдарындағы ҳәрекетлерди даўам еттиремиз. Бизиң келеси бес жыллық тий­карғы мақсетимиз — балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алыў дәрежесин еки есеге көтериўден ибарат.

Соның менен бирге, мектеплердеги мәнаўий-тәрбиялық жумысларды жаңаша тийкарда шөлкемлестириў, «Миллий идея», «Әдепнама», «Динлер тарийхы», «Ўатан сезими» сыяқлы сабақлықларды бирлестирген ҳалда, бирден-бир — «Тәрбия» сабақлығын енгизиўди қоллап-қуўатлаймыз. Биз мектеплерге уллы уламалар мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткерлер, белгили сәркарда бабаларымыздың атларын бериўдиң тәрепдарымыз.

Улыўма орта билимниң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, улыўма билим бериў мектеплерин ҳақықый билим орайларына айландырыў, балалар спорты және музыка ҳәм көркем өнер мектеплерин сан ҳәм сапа жағынан жаңалаў, балалардың китап оқыў мәдениятын раўажландырыў мәселелери де турақлы түрде итибарымыздың орайында болады.

Биз оқытыўшылардың ҳуқықый статусын буннан былай да көтериў, олардың мийнет ҳақысын ҳәм социаллық абырайын арттырыўға қаратылған шөлкемлестирилген-ҳуқықый илажларды әмелге асырамыз ҳәм сол мақсетте «Оқытыўшының статусы ҳаққында» өз алдына нызам қабыл етилиўин усыныс етемиз.

Билим алыў ҳәм оның сапасын арттырыў стратегиясын қабыл етиў, әмелдеги нызамлар, қарарлар, көрсетпелер ҳәм басқа да норма ҳүжжетлерин системаластырған ҳалда, «Билимлендириў ҳаққындағы кодекс»ти қабыл етиўди усыныс етемиз ҳәм келешекте пүткил билимлендириў процесин муўапықластыратуғын бирден-бир ҳуқықый системаны жаратамыз.

Биз жоқары билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған системалы жумысларды даўам етемиз, жоқары билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жетилис­тириў, оларды заманагөй оқыў-илимий лабораториялар ҳәм мәлимлеме коммуникация технологиялары (МКТ) менен тәмийинлеў, халықаралық билимлендириў стандартларына тийкарланған оқыў-методикалық материаллар ҳәм оқыў бағдарламалары, жетекши педагогикалық технологияларды оқыў процесине кеңнен енгизиў арқалы оқыўдың сапасын арттырыў мәселелерине кеңнен итибар қаратамыз. Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны ҳәм нәтийжелилигин арт­тырыўдың есабынан жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 2030-жылға шекем 50 проценттен арттырыў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң санын буннан былай да арттырыў бағдарында әмелий усынысларды беремиз. Соның менен бирге, жоқары билимлендириў мәкемелериниң бас­қышпа-басқыш өзин-өзи қаржыландырыў тәртибине өтиўин тәмийинлеўге қаратылған нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығамыз.

Сондай-ақ, ең кеминде 10 жоқары билимлендириў мәкемесин халықаралық тән алынған шөлкемлер рейтингиниң биринши 1000 жоқары билимлендириў мәкемелери дизимине, соның ишинде, Өзбекстан Миллий Университети ҳәм Самарқанд мәмлекетлик университетин биринши 500 жоқары билимлендириў мәкемелериниң дизимине киргизиў бағдарындағы илажлардың үстинен нәтийжели ҳәм тәсиршең парламентлик, депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатамыз.

Жоқары билимлендириў минис­трлиги менен биргеликте 2020-жылдан баслап ҳәр бир билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик буйыртпа тийкарында оқыўға қабыл етиў параметр­лерин белгилеў менен бирге, жоқары мағлыўматлы кадрларды көбейтиў ҳәм олар арасында бәсекини күшейтиў, жоқары мағлыўматлылардың саны бойынша мәмлекет дәрежесин көтериў мақсетинде жоқары оқыў орынларына кириў квоталарын басқышпа-басқыш арттырып барыў (бунда оқыў орынлары ушын улыўма қабыллаў квоталарын белгилеў тәжирийбесинен бас кешиў), сыртқы, сыртқы ҳәм аралықтан оқытыў формасын кеңнен енгизиў илажларын әмелге асырамыз.

Буннан тысқары, педагогика бағдарындағы жоқары оқыў орынларын мәкемелерин ең абырайлы билимлендириў мәкемелерине айландырыў, педагоглыққа уқыбы болған жасларды мақсетли тәрбиялап барыў бойынша ўазыйпаларды әмелге асырыў тәрептарымыз.

Мәмлекетимиздиң бәсекиге шыдамлылығын узақ мүддетте перспективалы тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы сыпатында биз мәмлекеттиң илимий потенциалын күшейтиў, социаллық-экономикалық раўажландырыўда илимниң ролин арттырыў, иннова­циялық экономикаға өтиў, илим ҳәм өндиристиң тығыз бирге ислесиўин беккемлеўге кең итибар қаратамыз.

Биз, дәстүрий социал-демократияның социаллық әдиллик принципи ҳәм кең көлемли социаллық бағдарламалардың әмелге асырылыўын тәмийинлейтуғын күшли мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаған ҳалда, төмендеги ўазыйпаларды әҳмийетли деп билемиз:

-мийнетке ҳақы төлеў менен пуқаралардың жасаў минимумының қәрежетлери арасындағы парқты кескин қысқартыў, «базалық есаплаў бирлиги», пенсия ҳәм ең зәрүрли «жасаў минимумы» және «тутыныў себети»ниң өз-ара сәйкеслигине ерисиў ҳәм минимал мийнет ҳақыны базардағы баҳаларға сәйкес түрде арттырыў;

-халықтың дәраматы бойынша кескин дифференцияласыўының алдын алыў ҳәм сол арқалы социаллық қатнасықларда турақлылықты ҳәм үнлесликти тәмийинлеў;

-билимлендириў, илим, медицина тараўының хызметкерлери және зиялылардың социаллық абырайын, статусын арттырыў ҳәм оларды қорғаўдың нәтийжели механизмлерин жаратыў;

-бюджет тараўы хызметкерлери ушын бюджеттен тысқары қаржылар есабынан уйымлық турақ жай қурылысының көлемин кеңейтиў, қурылып атыр­ған турақ жайлардың сапасын арттырыў.

Аўыллардың көринисин пүткиллей жаңалаў, аўыллық жерлерде жаңа турақ жайларды қурыў, социаллық ҳәм коммуналлық объектлерди қурыў, коммуникацияны раўажландырыў, жол инфраструктурасын оңлаў ҳәм реконструкциялаў, аўыл турғынларының турмыс дәрежесин ҳәм мәдениятын арттырыў бойынша жумысларды даўам еттиремиз. Аўыл турғынларын жумыс пенен тәми­йинлеў ҳәм социаллық қорғаўын тәми­йинлеў мақсетинде фермерлердиң қол астында жумыс ислеўшилердиң ҳуқықларын қорғаў системасын жаратамыз. Жумыс бериўши сыпатында фермерлердиң ҳәм оларға жалланып ислеўшилердиң өз-ара қатнасықларын тәртипке салатуғын және ҳәр еки тәрептиң мәплерин қорғайтуғын нызамларды ислеп шығыў басламасы менен шығамыз.

Халықтың саламатлығы — үлкен байлық, жәмийеттиң турақлы раўажланыўының кепили болып табылады. Биз халыққа кепилленген медициналық хызмет көрсетиў, медицина хызметкерлериниң мийнетин хошаметлеў, заманагөй технология ҳәм емлеў усылларын кеңнен енгизиў, денсаўлықты сақлаў системасын қайта қәлиплестириўди даўам еттириўдиң тәреп­дарымыз.

Биз денсаўлықты сақлаў тараўының жеке меншик секторын турақлы раўажландырыўдың әҳмийетли факторларынан бири сыпатында тән алыў менен бирге, денсаўлықты сақлаўдың мәмлекетлик секторын беккемлеў, тараўда жоқары маманлықтағы сырт ел қәнигелериниң санын арттырыў ҳәм сырт ел инвестицияларын кеңейтиў, кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм таярлаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, медициналық хызметлердиң экспортын раўажландырыўға кеңнен итибар қаратамыз. Келеси бес жыллықта денсаўлықты сақлаў бойынша мәмлекетлик қәрежетлерди улыўмалық мәмлекетлик қәрежетлерине салыстырғанда 15,4 проценттен 17 процентке ҳәм ҳәр 1000 адамға хызмет көрсететуғын шыпакерлердиң санын 2,45 шыпакерден 5 шыпакерге, емлеў мәкемелериниң санын болса 1135 тен 1250 ге арттырыў — усы бағдардағы тийкарғы ўазыйпаларымыз есапланады.

Бизиң әҳмийетли ўазыйпамыз — заманагөй жоқары технологиялы, нәтийжели тез медициналық жәрдемниң хызметин қәлиплестириў илажларын көриў. Биз қыстаўлы тез медициналық жәрдем хызметиниң оперативлиги халықаралық тән алынған талапларға сәйкес болыўының, оны басқарыўдың мәлимлеме сис­темасын енгизиў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўдиң тәрепдарымыз.

Биз мектеплер ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балаларға медициналық хызмет көрсетиў тәмийнаты системасын беккемлеў, ҳәр бир мектепте жоқары дәрежедеги медициналық хызметти енгизиў, балаларға бийпул стоматологиялық хызмет көрсетилиўин тәмийинлеў. Балаларды бийпул дәри-дәрмақлар менен үзликсиз тәми­йинлеў, ҳәр бир балада туберкулёз кеселлигин анықлаў ушын манту сынағын өткериў, балалар арасындағы жуқпалы кеселликлерге қарсы емлеўлерди өткериў мәселелерин кешиктирип болмайтуғын әҳмийетли ўазыйпалар деп есаплаймыз.

Сондай-ақ, скрининг ҳәм перенитал орайлар, ҳаял-қызлар медициналық мәсләҳәтханалары, туўыў комплекслери, генекологиялық ҳәм патронаж хызметлериниң жумысын турақлы жақсылап барыўды зәрүр, деп билемиз. Балалар медициналық бирлеспелериниң системасын (мектеп медицинасы) түп-тийкарынан жақсылаўға қаратылған «Саламат балалық» жойбарын әмелге асырыўды усыныс етемиз.

Денсаўлықты сақлаў бойынша реформаларды даўам еттириў ҳәм жоқары дәрежеге көтериў арқалы балалар өлими көрсеткишин ҳәр туўылған 1000 нәрестеге 2017-жылдағы 18 ден 10 ға шекемги, аналар өлими коэффициентин (ҳәр 100000 тири туўылған нәрестеге салыстырғанда) болса  19,7 ден 15 ке шекем кемейтиў келеси бес жыллықтағы әҳмийетли ўазыйпамыз есапланады.

Медициналық хызметтиң үстинен мәмлекетлик-санитариялық қадағалаўды күшейтемиз. Сондай-ақ, дәри-дәрмақларды шыпакердиң рецепти тийкарында берилиўин жолға қоямыз және дәри-дәрмақлар рекламасын шеклеўге қаратылған нызамларды қабыл етиў басламасы менен шығамыз.

«Ақыллы медицина» системасын қәлиплестириў, медицина тараўына заманагөй МКТларды кеңнен енгизиў, халықты қәўипсиз дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў, бул бағдарда депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, халықтың медициналық мәдениятын арттырыў бойынша тәсиршең нызамшылық механизмлерин ислеп шығып, әмелиятқа енгизиў илажларын көремиз.

Биз халыққа социаллық әҳмийетке ийе, жоқары нәтийжели қәўипсиз дәри-дәрмақ ҳәм медициналық қураллар мене, арзан баҳаларда тәмийинлеў, қәлбекилестирилген ҳәм сапасыз дәри-дәрмақлардың нызамсыз айланысына  шек қойыўдың тәрепдарымыз. Тек ғана турмыслық зәрүр медикаментлердиң айланысына ҳәм сапасына емес, ал усақлап сатыўдағы барлық дәри-дәрмақлардың үстинен қатаң түрдеги мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыўды усыныс етемиз. Бул мақсетте биз дәрилердиң бирден-бир электрон базасын қәлиплестириўди ҳәм онда барлық дәрилердиң аты, баҳасы, ислеп шығарыўшысы ҳәм саўдаға шығарыўшысы, сырт елден келтирилген дәри-дәрмақлар болса импорт етиўшиниң мағлыўматларын көрсететуғын электрон системаны енгиземиз. Бул система менен дәрилердиң баҳасын турақластырамыз ҳәм сапасын тәмийинлеймиз. Биз, сондай-ақ, улыўма денсаўлықты сақлаў қәрежетлеринде дәри-дәрмақлар  ҳәм медициналық буйымларды сатып алыў ушын қәрежетлердиң үлесин 9,6 проценттен 15 процентке шекем арттырыўдың илажын көремиз.

Денсаўлықты сақлаў тараўындағы әҳмийетли мақсетимиз — халыққа барлық дәрежеде (республикалық, ўәлаятлық, районлық, аўыллық) жоқары технологиялы қәнигелестирилген ҳәм жоқары дәрежедеги медициналық хызмет көрсетиў системасының нәтийжелилигин тәмийинлеўден ибарат. Биз кеселлениў бағдарларын өз ўақтында анықлаў мақсетинде қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў системасына илимий-изертлеў жумысының ең соңғы жетискенликлерин жедел енгизиўдиң тәрепдарымыз.

Биз медициналық хызметтиң үстинен депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў ҳәм халықтың медициналық мәдениятын арттырыў бо­йынша тәсиршең нызамшылық механизмлерин ислеп шығып, әмелде қолланыўдың илажларын көремиз.

Биз халық медицинасын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратамыз ҳәм усы тараўдың ҳуқықый тийкарларын жетилистирип, беккемлеп барамыз. Халықтың медициналық мәде­ниятын арт­тырыў ҳәм усы тараўда сис­темалы жумысларды күшейтиў мақсетинде, биз «Медициналық мәдениятты арттырыў» мәмлекетлик бағдарламасын қабыл етиўди усыныс етемиз.

Биз ушын турақлы раўажланыўдың және бир әҳмийетли шәрти, бул миллий фармацевтика санаатын қоллап-қуўатлаў болып табылады. Бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпамыз — фармацевтика санаатының тез раўажланыўы ушын қолайлы шараятларды жаратыў, фармацевтикалық еркин экономикалық зоналардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, дәрилик өсимликлерди санаат плантацияларын жаратыў ҳәм оларды терең қайта ислеўди шөлкемлестириў, дәри-дәрмақлар ҳәм биологиялық қосымшаларды ислеп шығарыўды хошаметлеўге бағдарланған.

 ХАЛЫҚТЫҢ АТЫНАН, ХАЛЫҚ УШЫН ҲӘМ ХАЛЫҚТЫҢ МӘПЛЕРИ ЖОЛЫНДА ХЫЗМЕТ ЕТЕТУҒЫН ӘДИЛ ЖӘМИЙЕТТИ ҚУРАМЫЗ

 Өзбекстан «Адолат» социал-демо­кратиялық партиясы — күшли, еркин ҳәм әдил пуқаралық жәмийетин қурыў, «халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген идея тийкарында халық ҳәкимияты принциплерин избе-из әмелге асырыў, парламентаризмди  раўажландырыў,  парламентлик демо­кратияның заманагөй институтларын  қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў системасында ўәкилликли уйымлардың ролин күшейтиў — мәмлекетти демократиялық жақтан жаңалаўдың әҳмийетли бағдары деп есаплайды.

Мәмлекетте Конституция ҳәм  нызамлар әҳмийетли болыўы, нызамлардың халыққа хызмет етиўи, турмыслық дәрежеси ҳәм тиккелей әмел етиўиниң үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың орнатылыўы, бул бағдарда ўәкилликли уйымлар демократияның ҳақыйқый мектебине, реформаларды әмелге асырыўда инталы ҳәм шешиўши күшке айланыўы керек.

Биз «инсан, оның турмысы, еркинлиги, абырайы, қәдири ҳәм басқа да қол қатылмас ҳуқықларының жоқары қәдирият» екенлиги ҳаққындағы конс­титуциялық принципти пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин нәтийжели тәмийинлеўде зәрүр болған «мәмлекет ҳәм жәмийет тәрепинен инсан қәдириниң қорғалыўы ҳәм ҳүрмет етилиўи керек» екенлиги ҳаққындағы жаңа принцип пенен толықтырыў зәрүр, деп есаплаймыз.

Биз ҳуқықый мәмлекеттиң қурылысында «Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы Нызамның әҳмийетиниң жоқары екенлигин нәзерде тутып, ҳәкимшилик уйымлардың халыққа хызмет етиўи, пуқаралардың өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаўын әмелде тәмийинлеў мақсетинде усы нызамды буннан былай да жетилистириў, оны избе-из турмысқа енгизиў механизм­лерин анық белгилеў зәрүр, деп билемиз. Бул мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыс­та әдиллик принципиниң жеңип шығыўын тәми­йинлеўин зәрүрли шәрти болып табылады.

Биз депутаттың сайлаўшылар ҳәм партия алдындағы жуўапкершилигин және есап бериўин арттырыў, депутатлардың жумысын халық пенен үзликсиз байланыстырыўдың илажларын көремиз. «Электрон парламент» ҳәм «Электрон ҳүкимет» бағдарламаларын избе-из әмелге асырыў жолы менен пуқаралар ҳәм барлық дәрежедеги ўәкилликли уйымлар арасында турақлы қатнасық ҳәм байланысларды кеңейтип барыўды әҳмийетли ўазыйпа, деп билемиз.

Биз ҳәкимияттың жергиликли буўынларының ўәкилликлерин күшейтиў ҳәм кеңейтиў — халықтың турмыслық әҳмийетли машқалаларын шешиўде ең исенимли ҳәм дурыс жол деп билемиз. Ҳәзирги ўақытта, халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң әҳмийетин арттырыў арқалы атқарыў ҳәкимияты үстинен депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыў керек, деп билемиз.

Бизиң мақсетимиз — атқарыў ҳәкимияты ҳәм оның уйымларын инсан ҳәм оның мәплери ушын хызмет ететуғын, абадан турмыс ушын шараят жарататуғын, социаллық мәселелер менен толық шуғылланатуғын ашық-айдын ҳәм нәтийжели институт дәрежесине алып шығыўдан ибарат.

Бизге белгили, пуқаралық жәмийетиниң күшли институтларынан бири — ғалаба хабар қураллары болып табылады. Соны жақсы түсинген ҳалда, партия өзиниң сайлаўалды бағдарламаларында мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының жумысында ашық-айдынлық ҳәм есап бериў принциплерин турмысқа кеңнен енгизиў мәселелерин алға қойып келмекте. Партия буннан кейин де усы мәселениң оғада әҳмийетли екенлигин тән алған ҳалда, әмелдеги «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы Нызамды мәмлекеттиң раўажланыўына сәйкес түрде жетилистириў, оның орынланыўы бойынша тәсиршең парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыў, мәлимлеме тараўын буннан былай да демократияластырыў, сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигин тәмийинлеў, баспа ғалаба хабар қуралларының өнимлерин тарқатыў тараўындағы бәсекини кеңейтиў, ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң, әсиресе, журналист ҳәм блогерлердиң социаллық қәўипсизлигин күшейтиўди әҳмийетли ўазыйпа деп биледи. Өйткени ашық-айдынлық — әдил пуқаралық жәмийетиниң тийкарғы шәрти болып табылады.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF