ЖАҢА, ҚҮДИРЕТЛИ, АШЫҚ ҲӘМ БӘСЕКИГЕ ШЫДАМЛЫ ӨЗБЕКСТАН
Мақсетимиз анық ҳәм оған ерисиў жолларын билемиз!
Исбилерменлер ҳәрекети — Өзбекстан либерал-демократиялық партиясы — бул мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мироманович Мирзиёевтиң партияның VIII съездинде қабыл етилген сайлаўалды бағдарламасы ҳәм де 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын толық әмелге асырыў жуўапкершилигин өз мойнына алған сиясий күш болып есапланады. Усы мақсет жолында биз бәрше имканиятларымызды иске салып атырмыз.
Партия мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың бас мақсети инсан, оның өмири, еркинлиги, қәдир-қымбаты, ар-намысы ҳәм мәплерине қаратылғанлығына айрықша итибар қаратады. Ең баслысы, биз бүгин халқымыз ҳәм мәмлекет органлары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм бизнес жәмийетшилиги, турмыстың барлық тараўларын еркинлестириў, Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген жоқары мақсетлерге ерисиў идеялары әтирапында бирлесип атырғанының гүўасы болып атырмыз.
Раўажланыўдың усы басқышында жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында ерисилген жоқары шеклер ҳәм раўажланыўларды сәўлелендирген түрде партия өз алдына төмендеги мақсетли ўазыйпаларды қояды:
- Өзбекстанды дүньяның 50 раўажланған, экономикасы турақлы өсип атырған ҳәм инсан капиталы жоқары болған, демократиялық мәмлекетлер қатарына киргизиўди тәмийинлеў;
- дүньяның айырым мәмлекетлери «төртинши санаат аўдарыспағы» жағдайында турған бир ўақытта Өзбекстанның бәсекиге шыдамлылығын, мәмлекеттиң инновациялық раўажланыў жолында жедел ҳәрекетлениўи, «билимлер экономикасы» ҳәм «санлы экономика», «хабар жәмийети»н қәлиплестириўге ерисиў;
- Өзбекстанды бизнес жүргизиў ҳәм инвестиция киргизиў ушын ең қолайлы мәмлекетлер қатарынан орын алыўын тәмийинлеў;
- Өзбекстанды урбанизация көрсеткиши 60 процентке жеткен, заманагөй қалалар, мегаполислерине ийе, жаңа технологиялар жәрдеминде пүткил мәмлекет бойлап турмыстың бир қыйлы жоқары дәрежеси тәмийинленген, еркин ҳәм бахытлы адамлар жасайтуғын қүдиретли ҳәм имканиятлы мәмлекетке айландырыў.
Усы мақсетлерге либерал-демократиялық принциплерге, сондай-ақ, «Жедел жаңаланыўдан-жәмийет раўажланыўы ҳәм гүллеп-жаснаўына қарай», «Халық бай болса, мәмлекет те бай ҳәм қүдиретли болады», «Монополияның ҳәр қандай көринисине жол қоймаў ҳәм бәсеки орталығын қоллап-қуўатлаў, жеке мүлкти ҳүрмет етиў» сыяқлы принциплери әмелге асырылған ашық ҳәм күшли пуқаралық жәмийети, конституциялық парламент демократиясы, еркин базар экономикасы шараятында ғана ерисиў мүмкин. Партиямыздың бас қәдириятлары - еркинлик, жуўапкершилик, ҳадаллық, әдалатлылық, кеңпейиллик ҳәм имканиятлар теңлиги биз ушын әмелий бағдарлама болып қала береди.
Биз, бүгинги күнде мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысына жоқары пуқаралық жуўапкершилигине ҳәм заманагөй дүньялық көзқарасына ийе болған жаслар кирип киятырғанын өз алдына атап өтемиз. Партия — халықтың пәраўанлығы ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўға таяр, жаңа, бәсекиге шыдамлы ҳәм жәмийетшилик ушын ашық мәмлекетти қурыў, оның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ўазыйпаларын шешиўге ийе келешеги айдын, бирликли жәмәәтке сүйенеди.
Биз оларға толық исенемиз, алдымыздағы сайлаўларда ең мүнәсиплериниң талабанларын усынамыз, бар күшимизди реформалардың нәтийжеси ҳәр бир инсан ҳәм оның турмысына унамлы тәсир көрсетиўи және бул тәсирди бүгинги күнниң өзинде сезиўине бағдарлаймыз.
I.ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН — ЖАҢАША БАСҚАРЫЎ
Шахс, бизнес ҳәм жеке сектордың ҳукықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғайтуғын профессионал парламент.
Биз ушын жаңа Өзбекстан — күшли парламентаризм институты жумыс алып барып атырған ҳәм «Инсан мәмлекет ушын емес, мәмлекет инсан ушын» принципи әмел етип атырған мәмлекет болып есапланады.
Партияның бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:
- парламентаризмди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм беккемлеў, сиясий партиялардың ролин асырыў, халық ҳәкимиятын және де күшейтиў. Биз парламент сайлаўларында жеңиске ерискен партия сыпатында тек ғана Бас Министр талабанлығын емес, бәлки парламенттиң төменги палатаси Спикери талабанлығы, ҳүкимет қурамына усыныс киргизиўи, «сайлаўлардың пропорционал системасы»на өтиў, ҳәкимият органларының есап бериўин ҳәм ашықлығын тәмийинлеў мақсетинде жәмийет ҳәм парламент қадағалаўы ҳаққындағы нызамларды заман талапларынан келип шығып жетилистириў сыяқлы идеялар тәрепдарымыз;
- нызам дөретиўшилиги барысындағы искерлик сапасын түптен арттырыў, нызамшылық базасын системаластырыў ҳәм нызам асты ҳүжжетлери санын кескин қысқартыў, нызам дөретиўшилигинде «ақыллы тәртипке салыў» модели элементлерин қолланыў. Партияның қатаң позициясы — бизге туўрыдан-туўры ислейтуғын нызамлар керек ҳәм нызамасты ҳүжжетлери менен улыўма мәжбүрий нормалар белгилениўин тоқтатыў зәрүр;
- нызамның бир ғана дереги ҳәм авторы халық екен, нызамлар инсан ҳәм жәмийет турмысын жақсылаў, еркинлестириў ушын қабыл етиледи, деген жоқары идеяны турмысқа енгизиў. Партияның норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин қабыл етиў барысында кең жәмийетшиликтиң қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм де жәмийетлик шөлкемлердиң бул бағдардағы ҳуқық ҳәм миннетлемелерин анық белгилеп қойыў мақсетинде «Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жәмийетшилик додалаўын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилиўин усыныс етеди;
- Халық депутатлары кеңеслери искерлигин жетилистириў, олардың ўәкилликлерин кеңейтиў, ең баслысы — аймақларды социал-экономикалық раўажландырыў, реал дәраматлардың турақлы өсиўи, турмыс дәрежеси ҳәм сапасын арттырыў, жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм қадағалаў бойынша жуўапкершилигин күшейтиў. Биз халық ўәкилликли органларының пуқаралар ушын ашықлығын тәмийинлеў, «Электрон парламент» ҳәм «Электрон Халық кеңеси депутатлары» сыяқлы концепцияларын турмысқа енгизиў тәрепдарымыз.
Мәмлекет басқарыўының нәтийжели ҳәм турақлы системасы.
Мақсетимиз — Өзбекстанды дүньяның мәмлекет басқарыў сапасы жоқары дәрежеге ийе, хабар-коммуникация технологиялары кең ен жайған 30 мәмлекет қатарына кириўин тәмийинлеў. Бизиң қатаң позициямыз — мәмлекет хызмети — бул пуқаралардың профессионал хызмет искерлиги ҳәм мәмлекет хызметинде өз кәсибиниң маманлары болыўы шәрт. Бул мәмлекет басқарыў системасының нәтийжели ҳәм сапалы жүргизилиўи, жәмийеттиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў гиреўи болып есапланады!
Тараўдағы әҳмийетли ўазыйпаларымыз төмендегилерди нәзерде тутады:
-менеждменттиң заманагөй усылларын ҳәм корпоратив басқарыў факторларын енгизиў, аутсорсинг бағдарламаларын әмелге асырыў. Биз мәмлекет хызметине заманагөй пикирлейтуғын, жаңаша пикир жүргизиўге ийе, басқарыўдың инновациялық, және де бейимлесиўши моделлерин, соннан, жойбар моделин (Agile, Scrum, Kanban, PRINCE2 ҳәм басқалар) ислеп шығыў ҳәм енгизиўге қәбилетли жетик қәнигелер, сиясий партиялар, жеке сектор ўәкиллерин, күшли сырт ел экспертлерин қамтыўды нәзерде тутыўшы жаңа кадрлар сиясатын әмелге асырыў тәрепдарымыз. Партия, тийкарынан, «Мәмлекет хызметлери ҳаққында»ғы ҳәм де мәмлекет ҳәм жәмийетлик шөлкемлер жумыс барыўында волонтёрлар (кеўиллилер)ди кең қамтыған, оларды кәсипке бағдарлаў мақсетинде «Волонтёрлар ҳаққында»ғы Нызам жойбарын ислеп шығыўды усыныс етеди;
- ҳәкимшилик реформалар концепциясы қағыйдаларының толық ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы, ҳүкимет, мәмлекет институтлары ҳәм де орынлардағы атқарыў ҳәкимияты органлары искерлигиниң турақлылығын ҳәм нәтийжелилигин, мәмлекетлик хызметлердиң сапасы ҳәм тезлигин тәмийинлеў. Партия әсиресе, барлық мәмлекет хызметлерин BPR (Business process reengineering — Бизнес процесслерин қайта шөлкемлестириў) системасы тийкарында әпиўайыластырыў, мәмлекет хызметлерин көрсетиўде заманагөй хабар системаларын кең енгизиў, «бир айна» принципи тийкарында көрсетилетуғын мәмлекет хызметлерин кеңейтиў;
- биз Өзбекстанның турақлы «инновациялық ҳәм технологиялық раўажланыўын» тәмийинлеў мақсетинде бул тараўды басқарыў системасын жетилистириў идеясын усынамыз. Биз мәмлекет ҳәм хожалық басқарыў органлары искерлиги исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, инвестицияларды тартыў, бюджет қаржыларын бақланыўының ашық-айдынлығы, мәмлекет мүлкинен пайдаланыўдың нәтийжелилигин ҳәм мақсетлилиги сыяқлы әҳмийетли көрсеткишлер тийкарында баҳалаймыз.
Жаңа Өзбекстан: «санлы» ҳәм хабар жәмийетине ийе мәмлекет.
Партия ҳәзирги хабар жәмийети қәлиплесиўи шараятында, хабар ҳәм билимлер раўажланыўының стратегиялық факторына айланған бир дәўирде мәмлекет раўажланыўы ҳәм оның бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў заманагөй хабар-коммуникация ҳәм «санлы» технологияларды жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының бәрше қатламларына қаншелли енгизиў менен байланыслы, деп биледи. Усы бағдарда биз төмендегилерге қаратылған комплекс ис-илажларды әмелге асырыўды усыныс етемиз:
- «Санлы Өзбекстан — 2030» бағдарламасын енгизиў, «үлкен мағлыўматлар» (“Big data”), «блокчейн», «ақыллы», «қәўипсиз» қала, «интернет буйымлары» технологияларын кең енгизиў, телекоммуникация инфраструктурасын және де раўажландырыў. Усы тийкарда мәмлекет ЖИӨниң 30 процентке өсиўи ҳәм де «санлы экономикаға таярлық» ҳәм «ХТК раўажланыўы» халықаралық индекслер бойынша алдынғы мәмлекетлер қатарына кириўин тәмийинлеў;
- Мәмлекеттеги бәрше елатлы пунктлер ҳәм билимлендириў орынларына заманагөй оптикалық талшықлы интернет системасына алып кириў ҳәм интернет хызметлери баҳасын кемейтиў, сыртқы интернет каналлары арқалы интернет трафиклерин сатып алыў ҳәм мәмлекетке тарқатыў бойынша монополияласыўға жол қоймаў;
- Халық, исбилерменлик субъектлери ҳәм мәмлекет органлары арасында өзара нәтийжели байланысты қәлиплестириў, артықша ўақыт созыў ҳәм бюрократизмниң алдын алыўға қаратылған «Электрон ҳүкимет» концепциясын даўамлы әмелге асырыў;
- Мәмлекет органлары ҳәм басқа шөлкемлер жумыс барысында мәлимлеме ресурслары ҳәм технологияларын және де раўажландырыў, тараўда мәмлекетлик шерикшилик механизмин раўажландырыў. Әсиресе, мәмлекет кадастр жумысларын әмелге асырыўдың толық санлы режимге өткерилиўин тәмийинлеў ҳәм мүлкти дизимнен өткериў тәртиплерин әпиўайыластырыў зәрүр.
- Мәлимлеме тараўын либералласыўы-жәмийет раўажланыўы гиреўи есапланады.
- Партияның ең тийкарғы ўазыйпасы ҒХҚын шын мәнисиндеги «төртинши ҳәкимият»қа, халық мүтәжликлерин ҳәкимият органларына жеткериўдиң тәсиршең қуралы, халық жәрдемшисине, демократияның айнасына айландырыўдан ибарат. Мәмлекет органлары жумыс барысын сын ҳәм туўры баҳа бериў, түрли тараўлардағы кемшиликлерди, актуал машқалаларды анықлаў ҳәм жарытыў ҒХҚ жумыс барысын баҳалаўда бас критерия болып қалыўы лазым.
- Бул бағдарда биз мәмлекетимиздиң глобал хабар мәканына толық кирип барыўы ҳәм интеграцияласыўы, халықаралық хабар алмасыўы тараўында оның абырайын беккемлеў, хабар мәканындағы базар мүнәсибетлери ҳәм әдалатлы бәсекини раўажландырыў, бәсекиге шыдамлы мәмлекетлик емес медиа топарларды қәлиплестирилиўи ҳәм миллий журналистика институтын қоллап-қуўатлаўға қаратылған ис-илажларды турмысқа енгиземиз.
Күшли ҳәм әдалатлы пуқаралық жәмийетине ийе жаңа Өзбекстан
Миллеттиң гүллеп-жаснаўына тек ғана күшли әдалатлы пуқаралық жәмийети шараятында ерисиў мүмкин. Бунда бәрше қарарларды қабыл етиўде пуқаралар ҳәм олардың бирлеспелери пикирлери инабатқа алынады.
Ҳәзирги ўақытта партия жәмийетшилик шериклик ҳәм жәмийетшилик қадағалаўы институтларының даўамлы күшейтилиўи, басқарыў функцияларының көпшилик бөлегин халық өзине, жәмәәт бирлеспелерине, өзин-өзи басқарыў органларына, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларына берилиўи тәрепдары есапланады. Партия тараўына байланыслы миллий нызамшылық, ҳуқықты қолланыў әмелиятының терең анализи ҳәм жетекши тәжирийбени үйрениў тийкарында, төмендегилерди усыныс етеди:
-мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққындағы кодексти қабыл етиў ҳәм де халықаралық әмелиятта кең тарқалған жәмийетшилик қадағалаўының нәтийжели ҳәм тәсиршең формаларын жәриялаў, оларды әмелге асырыў механизмлерин нызамда толық белгилеп қойыў мақсетинде «Жәмийетшилик қадағалаўы ҳаққында»ғы Нызамды қайта көрип шығыў;
-мәмлекетте пуқаралық жәмийети раўажланыўын, жәмийет институтларының мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлери менен өз-ара бирге ислесиў дәрежесин, сондай-ақ, оларды мәмлекеттиң социал-экономикалық ҳәм сиясий ҳуқықый тәрептен раўажланыўына қосып атырған үлесин баҳалаў индикаторларын ислеп шығыў ҳәм де келеси бес жыллықта мәмлекетте пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў концепциясын қабыл етиў;
партия жәмийетте әдил турмыс тәризин әмелге асырыўды тәмийинлеўши пуқаралық институтларының кең тармағын қәлиплестириўдиң тәрепдары. Биз мәмлекет органларының пуқаралық жәмийети институтлары менен жүдә керекли социал-экономикалық бағдарламаларды, жаңа инновациялық қолланбаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў илажларын қоллап-қуўатлаймыз. Бизиң әҳмийетли ўазыйпамыз — пуқаралық жәмийети институтларының халықтың турмыслық тийкарғы машқалаларын шешиў, мүликдарлар қатламы мәплерин қорғаў тараўындағы искерлигин нәтийжели шөлкемлестириў;
өзин-өзи басқарыў органларының жумыс барысын ҳәр тәреплеме жақсылаў-туўрыдан-туўры демократияны әмелге асырыўдың тийкарғы жолы болып есапланады. Биз жәмийет басқарыўында мәҳәлле жумыс алып барыўының әҳмийети ҳәм нәтийжелилигин асырыў, оның халыққа әмелий жәрдем көрсетиўши ғәрезсиз, күшли ҳәм тәсиршең пуқаралық институтына айландырыў тәрепдарымыз.
II.ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ, ЕРКИНЛИКЛЕРИ ҲӘМ НЫЗАМЛЫ МӘПЛЕРИН ТӘМИЙИНЛЕЙТУҒЫН ҲУҚЫҚЫЙ МӘМЛЕКЕТ
Жаңа Өзбекстан — нызам ҳәм әдалат үстинлиги принциплерине әмел ететуғын мәмлекет.
Баслы ўазыйпамыз — Өзбекстанның дүньядағы «нызам үстинлиги индекси» жоқары дәрежели 30 мәмлекет қатарына кириўин тәмийинлеў ҳәм халықтың әдалатлы судлаўға исенимин асырыў. Инсанның фундаментал ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаў, жеке мүлк қол қатылмаслығын кепиллеў, пуқаралық, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судлаў жағдайын түптен жақсылаў сыяқлы мәселелерге өз алдына итибар қаратамыз.
Ғәрезсиз ҳәм әдалатлы суд ҳәкимиятына исенимди беккемлеймиз!
Биз судқа болған исеним ҳәм ҳүрметти қайтарамыз. Биз ушын суд искерлиги ҳәм ғәрезсизлигиниң ең әҳмийетли өлшеми — пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалғанлығы, әдалатлы судлаў тәмийинленгенлиги, жуўмақлаўшы ҳәм турақлы суд қарарларының қабыл етилиўинде болып табылады.
Биз судлар искерлигиниң ашықлығы ҳәм әшкаралығының күшейтилиўи, «электрон ҳәм санлы суд» концепциясының әмелге асырылыўы, судлар тәрепинен өз искерлиги ҳаққында есабатын Халық депутатлары кеңеслерине усыныў, мәҳәлле, кәрхана ҳәм шөлкемлерде қоспа суд жыйналысларының өткерилиўи — әдалатлы суд гиреўи, деп билемиз.
Партия суд системасын жетилистириў ҳәм беккемлеў, әдалатлы судлаўдан пайдаланыў имканиятын асырыўға қаратылған төмендеги усынысларды усынады:
-жеке мүлкке қол қатылмаслығын, исбилерменликти исенимли қорғаўды тәмийинлеўде судлардың ролин күшейтиў. Партия: физикалық ҳәм юридикалық шахслардың көшпес мүлклериниң бузыў, мәмлекет ҳәм жәмийет талаплары ушын жер участкалары ҳәм жеке мүлк объектлерин алып қойыў ҳәм де исбилерменлик субъектлерине берилген лицензияларды бийкар етиў бойынша қарарларды тек ғана суд тәрепинен қабыл етилиўи; исбилерменлик субъектлериниң мәмлекет органлары ҳәрекети яки ҳәрекетсизлиги ақыбетинде көрилген зыянлар барысындағы даўа мүддетлерин бийкар етиў ҳәм мүддетсиз екенлигин кепиллеў зәрүр, деп биледи. Сол мақсетте «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына тийисли қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў;
- «Хабеас корпус» институтының қолланыў тараўын және де кеңейтиў, суд ғәрезсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳуқықты қорғаўшы органлар ўәкилликлерин қайта көрип шығыў, оптималластырыў. Биз Прокуратура органларының суд ҳүжжетлери бойынша протест келтириў ўәкилликлерин бийкар етип, олардың тийисли қарарлары бойынша шағым етиў ҳуқықына алмастырыў, прокуратура ўәкилликлеринен өзине тән болмаған ўазыйпалардың шығарып тасланыўы, тийисли ўәкилликлериниң атқарыў ҳәкимиятына берилиўи тәрепдарымыз. Прокуратуралардың статусы, олардың ғәрезсизлигин тәмийинлеў мәселелери, таңлаў ҳәм хызмет дәрежелеринен өсиўиниң нормалары нызамда анық белгиленген болыўы, ҳәкимиятлар бөлиниўиниң Конституциялық принциплерден келип шығып Мәжбүрий орынлаў бюросын Министрлер Кабинети қурамына өткериў зәрүр;
- ўәлаятлар көлеминдеги судларды оптималластырыў, бирлестириў, бир ғана суд баслығына бойсыныўына өткериў. Тийкарынан, ҳәкимшилик судлар тәрепинен ғалабалық, материаллық ҳуқыққа байланыслы жумысларды да әмелде көрип шығылып атырғанлығын инабатқа алып олардың статусын қайта көрип шығыў;
-суд буйрығы институтын жетилистириў, олардың айырым түрлери орнына судқа шекем шешиў механизмлерин енгизиў ҳәм жатып ишер қарыздарлықты суд арқалы өндириў мәселеси ҳәм механизмлерин қайта көрип шығыў;
- халықаралық ҳуқықтың улыўмалық нормалары үстинлиги барысында конституциялық принциплерин турмысқа даўамлы енгизиў, судлар искерлигинде халықаралық ҳуқық ҳәм Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалардағы принцип ҳәм нормаларды кеңирек қолланыўына ерисиў;
- суд тергеў институтын жетилистириў, Судьялар жоқары кеңеси ўәкилликлери ҳәм статусын қайта көрип шығыў, олардың қарар ҳәм жуўмақларына қарата талабанлардың даўагерлик етиў ҳуқықын нәзерде тутыў.
Ғәрезсиз адвокатура институты
Мақсетимиз суд-тергеў искерлигинде пуқаралардың ҳуқықы, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў. Тергеў ҳәм судтың барлық басқышларында жынайый, пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм хожалық ислерин көрип шығыўда адвокаттың ролин асырыў — тийкарғы ўазыйпаларымыздан саналады.
Адвокатура ҳәм юридикалық хызметлер көрсетиў институтларын раўажландырыў мақсетинде партия төмендегилерди усыныс етеди:
- Адвокатлар палатасының ғәрезсизлигин әмелде тәмийинлеў, олардың жанында Адвокатлар академиясын шөлкемлестириў, адвокат статусын алыў ушын қойылған (стажировка) тәжирийбе мүддети ҳаққындағы талапларын бийкар етиў, әдиллик системасының адвокатура тараўына араласыўын сапластырыў;
-адвокатура институты ғәрезсизлиги, адвокатлардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў, ҳуқық қорғаў органлары тәрепинен олардың ҳуқықлары бузылғанлығы ҳаққындағы шағымларды көрип шығыў ҳәм тийисли баҳа бериў мәселелеринде парламенттиң роли ҳәм әҳмийетин арттырыў. Усы мақсетте Олий Мажлис төменги палатасында адвокатура институтын беккемлеў комиссиясын шөлкемлестириў;
-мәмлекетлик емес нотариат институты искерлигин қайта тиклеў, кең жолға қойыў, нотариал ҳәрекетлердиң аралықтан турып, интерактив-электрон хызмет көринисде жумыс алып барыў тараўын кеңейтиў, нотариуслардың мәмлекетлик емес бирлеспе көринисиндеги жәмийетшиликти дүзиў ҳәм де Нотариат ҳаққындағы нызамның жаңа редакциясын ислеп шығыў;
-юридикалық хызмет көрсетиў тараўын және де жетилистириў, «Шәртнамалық ҳуқықый база ҳәм юридикалық хызмет ҳаққында»ғы, «Бийпул юридикалық жәрдем ҳаққында»ғы Нызамларды ҳәм де бир пүтин ҳуқықый қорғаў концепциясын ислеп шығыў, халық санасында адвокатура ҳәм нотариат институтларына хызмет көрсетиўши субъектлер сыпатында көзқарасын қәлиплестириў, усы тараўда жеке сектор ролин арттырыў.
Коррупция үстинен жеңиске ерисиў ҳәм «таза қоллар» сиясаты.
Мақсетимиз — коррупция үстинен жеңиске ерисиў, мәмлекетимиздиң коррупцияны бийкар ететуғын ҳәм жәмийетте оған «ноль тақатлылық»қа ерискен мәмлекетлер қатарына кириўге ерисиў. Бул бағдарда биз төмендегилерди усыныс етемиз:
-сиясий ғайраткерлер ҳәм мәмлекет хызметкерлериниң қаржылары ҳәм мүлклери ҳаққындағы мағлыўматларды ашық-айдынластырыў ҳәм декларация етиўдың жаңа системасын енгизиў;
-мәмлекет сатып алыўларын әмелге асырыўда мәплердиң сәйкеслигин анықлаў ҳәм олардың алдын алыў механизмлерин күшейтиў мақсетинде «Мәмлекет сатып алыўлары ҳаққында»ғы Нызамды, электрон сатып алыўлар системасын жетилистириў;
Жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасы искерлиги нәтийжелилигин арттырыў, шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик-әмелий илажларын күшейтиў, нызамшылықтағы жазаны аўырластырыў яки нормаларын қолланыў процесиндеги инсан факторларын сапластырыў;
-басшылар Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тайынланған ҳәм азат етилетуғын, парламентке есап бериўши, Прокуратура, ИИМ, МҚХнен ғәрезсиз жумыс алып баратуғын өз алдына мәмлекет органлары — Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм Тергеў департаментлерин шөлкемлестириў;
-парламент палаталарындағы коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитетлериниң ўәкиллик ҳәм функцияларын күшейтиў.
Жаңа Өзбекстан либерал нызамлар, жоқары ҳуқықый мәдениятқа ийе пуқаралар мәмлекети
Биз ҳәкимшилик, жынаят, жынаят процессуал ҳәм хожалық нызамшылығын және де еркинлестириў, айырым жынайый ҳәрекетлерди криминалластырыўдан аўлақ етиў, исбилерменлик субъектлери жуўапкершилигин либералластырыў, жынайый жазалар ҳәм олардың орынланыўын адамгершилик жақтан қарап шығыўдың тәрепдарымыз.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң жаңа редакциясын ислеп шығыў, ювеналь юстицияны раўажландырыў, мүлкшилик ҳаққындағы нызамшылықты түп-тийкарынан жетилистириў, дүньяда тән алынған юридикалық шахслардың шөлкемлескен-ҳуқықый көринисиндеги, хожалық жүритиўши субъектлер ҳуқықый статуслары, аутсорсинг механизмин енгизиў киби алдағы тәжирийбелерди нызамшылығымызға имплиментация етиўди усыныс етемиз.
Пуқаралық ҳуқықый билимлерин ҳәм санасын жоқарылатыў, жәмийетте нызамды ҳүрмет етиў ҳәм инсан ҳуқықлары мәдениятын қәлиплестириў, усы бағдарларда мәмлекет системаларының пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары менен өз-ара нәтийжели бирге ислесиўин шөлкемлестириў зәрүр деп билемиз. Жеке басламаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «нызам менен шекленбеген барлық нәрсе мүмкин» принципин турмысқа енгизиўди усыныс етемиз.
III. ЕРКИН ҲӘМ БӘСЕКИГЕ ШЫДАМЛЫ ЭКОНОМИКА
Жаңа ӨзбекстанF бәсекиге шыдамлы экономикаға ийе күшли мәмлекет ҳәм абадан жәмийет.
Биз, мәмлекеттиң экономикалық сиясаты нәтийжелилигиниң бас бағдары — мәмлекет бәсекиге шыдамлы, пуқаралар турмысы сапасы, шаңарақлар абаданлығының даўамлы ҳәм жедел раўажландырылыўы деп билемиз.
Партия макроэкономика турақлылығын, турақлы жоқары экономикалық өсиў дәрежелери, мәмлекет бюджети сәйкеслигин тәмийинлеў, жергиликли бюджетлердиң дәраматлар кесимин беккемлеў, пүткил салық системасын әпиўайыластырыў, қаржы базары турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған турақлылығын қатаң пул-кредит системасын әмелге асырыўға бағдарланған макроэкономика сиясатын қоллап-қуўатлайды. Буның бирден-бир нәтийжели жолы — базар реформаларын және де тереңлестириў деп билемиз.
Биз, экономика ҳәм хожалық субъектлери ушын салық жүгин жәнеде кемейтиў; салық ставкаларын узақ мүддет өзгермеслигин кепиллеў ҳәм де салық төлеўшилерди бул бағдардағы өзгерислер бойынша кеминде 2-3 жыл алдын хабардар етиў; исбилерменлерден салық миннетлемелерин толық орынланыўын талап етиў менен бирге, олардың мәплерин толық қорғаў тәрепдарымыз. Партия жаңа редакциядағы «Салық кодекси»не тийисли усыныслар киргизеди ҳәм «Салық-2025» стратегиясын ислеп шығыў лазым, деп биледи.
Қолай исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталық — турақлы раўажланыў гиреўи! Исбилерменликке тосқынлық-мәмлекет сиясатына тосқынлық!