СУЎ РЕСУРСЛАРЫН ТУРАҚЛЫ БАСҚАРЫЎҒА БАҒЫШЛАНДЫ
Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Топырақтаныў» факультетинде Европа Аўқамы, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Европа Аўқамының Орайлық Азия регионаллық экология орайы ҳәм оның Өзбекстандағы филиалы ҳәм «Суўшы» жәмийетлик бирлеспеси менен биргеликте Европа Аўқамының «Өзбекстанның аўыллық аймақларында суў ресурсларын турақлы басқарыў» бағдарламасы, «Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты күшейтиў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў» жойбары шеңберинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери ушын «Республиканың алты аймағында суў ҳәм экология мәселелери бойынша халықтың хабардарлығын күшейтиўге байланыслы ис-илажлар» атамасында семинар болып өтти.
Оған «Суўшы» жәмәәтлик бирлеспеси қәнигелери, ҚМУниң «Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў», «Биология» ҳәм «Топырақтаныў» жөнелислери бойынша оқып атырған студентлери, усы факультеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажды «Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты күшейтиў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў» жойбарының Қарақалпақстан Республикасы бойынша мәсләҳәтшиси Р.Көшеков ашып берип, семинардың мақсет ҳәм ўазыйпалары менен таныстырды. Соңынан «Биология» факультетиниң деканы Я.Аметов ҳәм «Экология ҳәм топырақтаныў» кафедрасы профессоры М.Ибрагимовлар шығып сөйлеп, өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.
«Суўшы» жәмийетлик бирлеспеси директорлар кеңеси баслығы, жойбар басшысы Т.Мажидов өз сөзинде бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болған «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологиялар» атамасындағы презентацияны қатнасыўшыларға қойып берди. Онда Өзбекстан Республикасында тамшылатып ҳәм гидрогель гранулалардан пайдаланып, пленка астына ҳәм көшпели ийилиўшең пластикалық трубалар жәрдеминде суўғарыў усыллары ҳаққында мағлыўматлар берилип, лазер үскенелери менен тегисленген жерлерде үнемленетуғын суў муғдары ҳаққында мағлыўматлар айтылған. Буннан тысқары, тамшылатып суўғарыўды дүнья жүзи мәмлекетлери ҳәм республикамыз ўәлаятларына енгизиў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўде мәмлекет тәрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳәм мәмлекетемизде суўды үнемлеўши технологияларды 2025-жылға шекем 1 миллион гектарға жеткериў ҳаққында мағлыўматлар берилген. Буннан соң республикада тамшылатып суўғарыў системасынан нәтийжели пайдаланып жетискенликлерге ерисип атырған фермерлердиң турмысынан алынған видеокөринислер қойып берилди.
Жойбардың экология бойынша қәнигеси А.Хожақулов «Суў бул тиришилик шербети» атамасында презентация материалларын усынды. Бунда Жер жүзинде суў ресурслары, соннан ишимлик суўы муғдары, дүнья халқының ишимлик суў менен қанша муғдарда тәмийинленгенлиги, жәҳәнде ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Өзбекстанда ықлым өзгериўи, космостан алынған сүўретлер тийкарында ықлым өзгериўиниң Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Өзбекстан аймағындағы музлықларға, дийқаншылыққа тәсирлери, тәбиятта суўдың айланыўы ҳәм ҳәзирги күнде бул айланыў процесиниң бузылыўы, жер жүзи ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Өзбекстанда халықтың жан басына туўры келетуғын суўдың муғдары, Өзбекстанда экономика тараўлары бойынша суўдың бөлистирилиўи, аўыл хожалығына ажыратылған суў муғдарының халықтың өсиўине қарап азайыўы, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Өзбекстан аймағында пайда болатуғын ҳәм пайдаланылатуғын суў ресурслары, суўды үнемлеў технологиялары ҳәм халықты масластырыў илажлары ҳаққында мағлыўматлар берилип, соңынан «Суў тиришилик дереги» атамасындағы видеоролик көрсетилди.
Сондай-ақ, жойбар басшысы Т.Мажидов қатнасыўшыларға «Өзбекстан Республикасында турмыслық ҳәм санаат шығындылары, оларды топлаў, утилизация қылыў ҳәм қайта ислеў» темасы бойынша материалларды усынды. Бул материалларда шығындылардың пайда болыўы, оларды сақлаў, тасыў ҳәм қайта ислеў, жоқ етиў, денсаўлықты сақлаў, қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўдеги әҳмийетине айрықша тоқталған. Баянат-презентация шығындылар машқаласына бағышланған «Ҳәммеси өз қолыңда, инсан» атамасындағы видеоролик пенен жуўмақланды.
Жойбардың экология бойынша қәнигеси А.Хожақулов «Арал машқаласы ҳәм оны жумсартыў» атамасындағы презентациясында экологиялық машқалалар, глобал, регионаллық ҳәм локаллық болып бөлиниўи, Арал машқаласы ҳәм локаллық, ҳәм регионаллық, ҳәм глобаллық машқала екенлиги, себеби халықаралық экспертлердиң мағлыўматларына қарағанда Аралдың ултанынан көтерилген зәҳәрли дузлар Жер шарының түрли тәреплерине барып жеткенлиги ҳаққында айтып өтти. Глобаллық экологиялық машқалалар қурамына ең тийкарғысы болған ықлым өзгериўи, азон қатламының жемирилиўи, таза ишимлик суўы машқаласы, пестицидлерден пайдаланыў машқалалары киргизилген. Соңынан семинар қатнасыўшыларына «Тоғайзарлыққа айланып атырған Арал» атамасындағы видеокөринислер көрсетилди.
Илаж даўамында жойбар қәнигелерине студентлер ҳәм ғалаба хабар ўәкиллери тәрепинен саўаллар берилип, қанаатланарлы жуўаплар алынды. Қатнасыўшылардың темалар бойынша пикирлери де тыңланды. Жойбар қәнигелери семинар қатнасыўшыларынан берилген тарқатпа материаллардан ҳәм мағлыўматлардан пайдаланған ҳалда бул мәселелерди халықтың санасына және де көбирек сиңдириўге айрықша итибар қаратыў кереклигин атап өтти.
С.ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.