КӨТЕРИҢКИ РУЎХТА БЕЛГИЛЕНДИ
Усы күнлери елимиздиң гүллән халқы мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы әҳмийетли сәнелердиң бири — Өзбекстан Республикасы Конституциясының 27 жыллық байрамын жоқары көтериңкилик пенен күтип алмақта.
Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де 8-декабрь — Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамы кең түрде белгиленди.
Байрам илажын университет ректоры А.Реймов басқарып барды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Ә.Өтеўлиев, ҚМУ доценти Қ.Сейтназаров, ҚМУ студенти Д.Лепесбаевлар шығып сөйлеп, Конституциямыз жаратып берген шексиз имканиятлар нәтийжесинде ғәрезсиз Өзбекстанымыз шын мәнисиндеги суверенли мәмлекет сыпатында қәлиплескенин, оның дүнья халықлары арасында мүнәсип орын ийелегенлиги ҳаққында атап өтти.
Ҳақыйқатында да, тийкарғы Нызамымыз елимиздиң жаңа раўажланыў жолы менен алға қойған мақсетлеримизди, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин, азат ҳәм абадан, тыныш-татыў жасаў принциплерин өзинде жәмлеўи менен кеўиллерден терең орын ийелейди.
Мине, бүгинги күнге келип Конституциямыз тийкарында елимизде миллий нызамшылық системасы жетилисип, барлық тараўларда жүргизилип атырған реформалар барған сайын тереңлесип бармақта. Ең тийкарғысы, елимиздиң социаллық-экономикалық потенциалы күшейип, инсанлардың келешекке деген исеними және де артпақта.
Сондай-ақ, бүгинги күнде дөретиўши халқымыз Конституциялық ҳуқықларынан пайдаланып, жәмийетлик-сиясий турмыста өзлериниң пуқаралық позицияларын билдириў менен бирге, экономиканың барлық тараўларында бурын ҳеш қашан болмаған жоқары нәтийжелерди қолға киргизбекте.
Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, усы жылдың 22-декабрь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўлар ўатанымыз тарийхында, халқымыздың турмысында оғада әҳмийетли жәмийетлик-сиясий ўақыя болып табылады. Себеби, ғәрезсиз мәмлекетимиздиң келешеги, оның буннан былай да раўажланыўы усы сайлаўға қатнасатуғын барлық пуқараларымыздың белсендилигине, сиясий билимине ҳәм ақырғы жуўмақта олар қабыл ететуғын қарарға байланыслы.
Солай екен, бул сиясий процесске белсене қатнасыў — усы елде жасап атырған бәршемиздиң пуқаралық миннетимиз есапланады.
Р.АРЗИЕВ,
ҚМУ Баспасөз хаткери.