Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:59:25, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЫССЫЛЫҚ ТӘМИЙНАТЫ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ҲӘМ ЫССЫЛЫҚ ТӘМИЙНАТЫ КӘРХАНАЛАРЫН ФИНАНСЛЫҚ ЖАҚТАН ЖАҚСЫЛАЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өткен ўақыт даўамында республикада ыссылық тәмийнаты системасын жақсылаў ҳәм халықты ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суў менен тәмийинлеў дәрежесин арттырыў бойынша белгили жумыслар әмелге асырылды.

Әмелий илажлар шеңберинде ыссылық тәмийнаты системасын раўажландырыў жағдайы комплексли үйренилди ҳәм ыссылық энергиясын ислеп шығарыў бо­йынша заманагөй технологиялар сынақтан өткерилди.

Соның менен бирге, республиканы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың ҳәзирги басқышы ыссылық тәмийнаты системасын комплексли модернизациялаў ҳәм энергияны үнемлейтуғын заманагөй технологиялар тийкарында оның техникалық дәрежесин арттырыў зәрүрлигин талап етпекте.

Ыссылық тәмийнаты системасын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, ресурсларды үнемлейтуғын заманагөй технологияларды енгизиў, халықты ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суў менен тәмийинлеўдиң сапасын ҳәм дәрежесин жақсылаў илажларын избе-из әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «2018-2022-жылларда ыссылық тәмийнаты системасын раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы ПҚ-2912-санлы қарарына муўапық тутыныўшыларға ыссылық энергиясының үзликсиз жеткерип берилиўин тәмийинлеў ҳәм оның сапасын арт­тырыў, өндирис процесине инновациялық ҳәм ресурс үнемлейтуғын технологияларды, сондай-ақ, усы тараўдағы басқарыўдың нәтийжели базар механизмлерин енгизиўге қаратылған 2018-2022-жылларда ыссылық тәмийнаты сис­темасын раўажландырыў бағдарламасы әмелге асырылмақта;

Жәҳән банкиниң қатнасыўында орайлық қазанханалар, ысытыў системалары ҳәм тармақларын модернизациялаў ҳәм реконструкциялаўды, турақ жайлар ҳәм квартиралардың ишки ыссылық тәмийнаты системаларын жабық ыссылық тәмийнаты системасына өткерген ҳалда тиклеўди нәзерде тутатуғын улыўма баҳасы 220,7 миллион АҚШ доллар болған «Әндижан, Шыршық, Бухара, Самарқанд ҳәм Ташкент (ТЦ-8) қалаларында орайластырылған ыссылық тәмийнаты системасын реконструкциялаў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў» жойбары әмелге асырылмақта;

Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги менен биргеликте ыссылық дәреклериниң ысытыў үскенелерин когенерационлық газ турбинасы технологиясын енгизген ҳалда реконструкциялаўды, сондай-ақ, магистраль ҳәм бөлистириў ыссылық тармақларын алмастырыўды нәзерде тутатуғын есап-санақ баҳасы 780,4 миллион АҚШ доллары бол­ған «Бухара, Ферғана, Қувасай, Нөкис ҳәм Үргенш қалаларында орайлық қазанханаларды модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў» жойбарын әмелге асырыў мәселеси көрип шығылмақта.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) 2020-2021-жыллардың ысытыў мәўсиминен баслап  орайластырыл­ған ыссылық тәмийнаты хызметлери ушын тутыныўшылар менен есап-санақлар ысытыў дәўириниң ҳәр бир күнине 1 квадрат метр ысытылатуғын майдан есабында төлеў системасына өткериледи;

б) 2020-жыл 1-январьдан баслап:

тутыныўшылар ушын ыссылық тәми­йнаты хызметлерине тарифлерди қәлиплестириў ҳәм белгилеўде өндирис қәрежетлерин пәсейтиў ҳәм ыссылық тәмийнаты тармақларындағы жоғалтыўларды қысқартыў есабынан ыссылық тәмийнаты системасын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў қәрежетлери есап­қа алынады, сондай-ақ, көрсетилип атыр­ған хызметлердиң өзине түсер баҳасын қаплаў механизмлерин бас­қышпа-басқыш енгизиў нәзерде тутылады;

халық ушын ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суўға пәсейтилген тарифлерди қолланыў нәтийжесинде көрилетуғын зыянлар Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлери есабынан қапланады.

Өзбекстан Республикасы Қаржы минис­трлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:

Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлериниң 2020-жылғы параметрлерин қәлиплестириўде халық ушын ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суўға пәсейтилген тарифлерди қолланыў нәтийжесинде көрилетуғын зыянларды қаплаў ушын 1-қосымшаға муўапық зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын;

ыссылық тәмийнаты тараўына ажыратылып атырған бюджет қаржыларының мақсетли ҳәм ақылға уғрас жумсалыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасарлары тәрепинен тийисли жыл ушын илажлардың режеси ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўы бо­йынша илажлар көрсин.

  1. Ыссылық тәмийнаты хызметлерин көрсетиў тараўында:

а) Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте төмендегилер ушын жуўапкер болып есапланатуғыны:

ыссылық тәмийнаты кәрханалары тәрепинен хызметлер дүзилетуғын шәртнамаларға муўапық көрсетилиўин, сондай-ақ,  тутыныўшыларға ыссылық энер­гиясы ҳәм ыссы суў үзликсиз жеткерип берилиўин тәмийинлеў;

ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суў ушын төлемлердиң квартиралардың ишки есапқа алыў үскенелериниң көрсеткишлери, тутыныўдың нормативлик көлемлери ҳәм квартираның ысытылатуғын майданының өлшеми тийкарында өз ўақтында ҳәм толық өндирилиўин тәмийинлеўди, сондай-ақ, тутыныўшылардың қарыздарлығын қадағалаў;

ыссылық тәмийнаты кәрханалары тәрепинен көрсетилетуғын хызметлердиң көлемлери ҳаққындағы есабат ҳәм мәлимлемелер, дебитор ҳәм кредитор қарыздарлық ҳаққындағы мағлыўматлардың анықлығы, сондай-ақ, ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суўды қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған сис­темасын енгизиў;

ыссылық тәмийнаты системасы объект­лериниң жағдайы, пайдаланылыўы ҳәм оларға оңлаў хызметиниң көрсетилиўи үстинен қадағалаўды тәмийинлеў;

ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суўды есапқа алыў үскенелериниң алмастырылыўы ҳәм орнатылыўын, сондай-ақ, ыссылық тәмийнаты кәрханалары тәрепинен олардың пломбаланыўын шөлкемлестириў;

ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суўдан нызамсыз пайдаланыў жағдайларын анықлаў, сапластырыў ҳәм алдын алыў;

б) Ташкент қаласы ҳәкимлиги усы бәнттиң «а» киши бәнтинде нәзерде тутылған илажлардың Ташкент қаласында әмелге асырылыўы ушын жуўапкер болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў минис­трлиги, Экономика ҳәм санаат минис­трлиги, Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң:

Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў минис­трлигиниң орайлық аппараты структурасында Ыссылық тәмийнаты системаларынан пайдаланыў басқармасын сапластырған ҳалда, ыссылық тәмийнаты системаларын комплексли раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, сондай-ақ, олардың объектлеринен исенимли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў ушын жуўапкер болған Ыссылық тәмийнаты системаларын комплексли раўажландырыў басқармасы ҳәм Ыссылық тәмийнаты системаларын сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў бас­қармасын шөлкемлестириў;

ресурс үнемлейтуғын заманагөй технологияларды, сондай-ақ, өндирис процесиниң барлық басқышларында ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суўды ислеп шығарыў және тутыныўды есапқа алыўдың автоматластырылған системасын енгизиўди есапқа алған ҳалда,  орайластырылған ыссылық тәмийнаты системасын 2019-2024-жылларда басқышпа-басқыш жабық системаға өткериў;

халыққа ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суўды ыссылық тәмийнаты кәрханалары, тутыныўшылар ҳәм жеке меншик турақ жай мүлк ийелериниң ширкетлери ямаса профессионал басқарыў компаниялары арасында дүзилетуғын үш тәреплеме шәртнамалар тийкарында, көп квартиралы турақ жайлар тиккелей мүлк ийелери тәрепинен басқарылған жағдайда еки тәреплеме шәртнамалар тийкарында жеткерип бериў тәртибин бас­қышпа-басқыш енгизиў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.

Усы бәнттиң еки абзацында көрсетилген жаңадан шөлкемлестирилип атыр­ған басқармалардың штат бирликлериниң саны Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў минис­трлиги системасы басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде қәлиплестирилетуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў минис­трлиги тәрепинен Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте ислеп шығылған 2019-2022-жылларда республиканың ыссылық тәмийнаты системасын раўажландырыўға қаратылған қосымша илажларды әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына усы бәнтте нәзерде тутылған «Жол картасы»на киргизилген илажларды өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Республиканың ыссылық тәми­й­наты системасын реформалаўға жәрдемлесиў бойынша жумысшы топар 4-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

ыссылық энергиясын ислеп шығарыў ҳәм жеткериў қәрежетлерин азайтыў, магистраль ҳәм турақ жайлардың ишки ыссылық тәмийнаты тармақларында бар жоғалтыўларды қысқартыў бойынша әмелий илажларды шөлкемлестириў;

ыссылық тәмийнаты тараўына заманагөй технологиялар ҳәм басқарыў усыллары, соның ишинде, ыссылық энергиясын ислеп шығарыў, бөлистириў ҳәм оның тутыныўын қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған сис­темасы жедел енгизилиўин тәмийинлеў;

ыссылық тәмийнаты тараўында мәмлекетлик тариф сиясатын жетилистириў, сондай-ақ, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бо­йынша ҳәр тәреплеме таллаў өткериў ҳәм усыныслар ислеп шығыў;

ыссылық тәмийнаты тараўындағы перс­пективалы инвестициялық жойбарларды, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын таярлаў, көрип шығыў ҳәм әмелге асырыўға жәрдемлесиў;

«Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўын системалы мониторинг етиў;

усы қарарда нәзерде тутылған ўазыйпалардың әмелге асырылыўының жағдайы ҳаққында ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барыў.

Жумысшы топар (Б.А.Хўжаев) бир ай мүддетте усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша толық әмелий илажлардың режеси ислеп шығылыўын ҳәм әмелге асырылыўын шөлкем­лестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги:

а) Қаржы министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги менен биргеликте 2020-2022-жылларда Өзбекстан Республикасының Инвестициялық бағдарламасын қәлиплестириўде 5 ҳәм 5а — 5н-қосымшаларға муўапық аймақлардың ыссылық тәмийнаты системаларын раўажландырыў бо­йынша мәнзилли бағдарламаларға киргизилген, усы жылларға режелестирилген жойбарларды қаржыландырыў ушын бюджет қаржыларын нәзерде тутсын;

б) Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Энергетика министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

ыссылықты сақлаўшы, соның ишинде, пенополиуретаннан таярланған полимер изоляциялы ҳәм қорғаў қабығына оралған, каналсыз өткериў имканиятын беретуғын қубырлар, сондай-ақ, индивидуал ыссылық пунктлери ҳәм олардың комплектлеўши буйымларын ислеп шығарыў тараўында санаат тармақлары арасындағы өз-ара кооперацияны кеңейтиў бойынша бар потенциалды үйренсин;

бар шийки зат ресурсларын есапқа алған ҳалда, локализацияланыўы керек бол­ған, ыссылық тәмийнаты тараўында пайдаланылатуғын өнимлердиң дизимин қәлиплестирсин ҳәм 2020-2022-жылларда оларды ислеп шығарыўды локализациялаў ҳәм қуўатлылықларын кеңейтиў бойынша илажлардың бағдарламасын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў минис­трлиги Қаржы министрлиги, Инвести­циялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте:

2020-2021-жылларда 5 ҳәм 5а — 5н-қосымшаларға муўапық аймақлардың ыссылық тәмийнаты системаларын раўажландырыў бойынша мәнзилли бағдарламаларға киргизилген перс­пективалы жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыў илажларын көрсин;

усы жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарларының ислеп шығылыўына қарап, оларды әмелге асырыў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимет финанс шөлкемлериниң қаржыларын тартыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизип барсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минис­трлиги Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте 2020-2021-оқыў жылынан баслап:

Ташкент мәмлекетлик техника университетинде (Ташкент қурылыс-коммуналлық кәсип-өнер колледжиниң негизинде) — ыссылық тәмийнаты тараўында талап жоқары болған қәнигелерди (ыссылық техникасы инженери, инженер-метролог, энергия аудити инженери, инженер-экономист) системалы оқытыў ҳәм таярлаўды;

тараўға байланыслы билимлендириў мәкемелеринде — заманагөй ҳәм инновациялық оқытыў усылларын қолланған ҳалда, ыссылық тәмийнаты объектлерин жойбарластырыў, қурыў, басқарыў және олардан пайдаланыў тараўында қәнигелерди кәсипке қайта таярлаў бойынша турақлы ислейтуғын қысқа мүддетли (3 айдан 12 айға шекем) курсларды шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў минис­трлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңес­гөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 2-декабрь.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF