Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:43:01, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МУФТИЙ ҲӘЗИРЕТЛЕРИНИҢ САПАРЫ

Соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға сапарлары даўамында берилген тапсырмалар тийкарында республикамызда барлық тараўларда кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Бул бағдарда тилге тийек етсе арзыйтуғын табыслар қолға киргизилди. Барлық тараўлар қатарында диний-ағартыўшылық бағдарда да қайырлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айт­қанда, Нөкис қаласындағы «Имам ийшан Муҳаммед» жәмәәтлик мешити жаңа, заманагөй көриниске ийе болды. Мешиттиң биринши қабатында Өзбекстан Мусылманлары басқармасының Қарақалпақстандағы ўәкиллиги ушын өз алдына хана ажыратылды. Екинши қабатында болса мәлимлеме-ресурс орайы шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына муўапық, мешит жанында минара, ҳәўиз, нанбайхана, автомобильлерди қойыў орны ҳәм басқа да қолайлылықлар жаратылды. Декоратив дарақ ҳәм гүллер егилди, фонтанлар қурылды. Сондай-ақ, мешит жанында 128 орынлық имам-хатиблердиң маманлығын арттырыў оқыў орайы шөлкемлестирилип, заманагөй үскенелер менен тәмийинленди.

Усы жылдың 3-декабрь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бо­йынша комитет баслығы А.Ахмедов ҳәм Өзбекстан мусылманлары басқармасының баслығы, муфтий У.Алимовлар Нөкиске келип, Президентимиздиң басламасы менен заманагөй көриниске ийе болған мешитти көзден кеширип, бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты. Соң мешиттиң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған имам-хатиблер менен ушырасты.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Е.Дурдиев басқарып барған ушырасыўда мийманлар ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Ш.Баўатдиновлар сөзге шығып,  бүгинги күнде имам-хатиблер алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар, наданлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиўде олардың орны, сондай-ақ, тараўда алып барылып атырған жумысларды, орын алған кемшиликлерди атап өтип, оларды сапластырыў бойынша анық усыныслар берди.

Бәршеге мәлим, ҳәр жылы 3-декабрь сәнеси пүткил дүньяда «Халық­аралық майыплар күни» сыпатында белгиленеди. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бо­йынша комитет баслығы А.Ахмедов ҳәм Өзбекстан мусылманлары басқармасының баслығы, муфтий У.Алимов жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген ҳәм майыплығы бар пуқараларға «Вақф» қайырқомлық фондының саўғалары: кийим-кеншеклер, азық-аўқат өнимлери, майыплық арбашалары ҳәм пул қаржыларын тапсырды.

Күнниң екинши ярымында мийманлар бир қатар жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген пуқаралардың үйлерине барып, оларға саўғалар тапсырып, материаллық жәрдем көрсетти. Соң «Муҳаммад Беруний» Нөкис орта арнаўлы билим журтына барып, бул жерде оқып атырған жаслар менен ушырасты ҳәм олар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

С.ЖАНИЕВ.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF