Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:33:04, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТТЕ ДЕМОКРАТИЯНЫ ТӘМИЙИНЛЕЎШИ ТИЙКАРҒЫ НЫЗАМ

Ҳәммемизге белгили, Конституция ҳәр бир мәмлекеттиң келбетин ҳәм келешегин белгилейтуғын, сол жәмийеттеги тынышлықты тәмийинлейтуғын, ондағы ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлериниң, сондай-ақ, олардың нызамлы мәплериниң корғалыўын кепиллейтуғын тийкарғы нызамы болып есапланады.

Соның менен бирге ол әҳмийетли ҳәм айрықша ҳуқықый акт болып, усы тәрепи оны басқа нызамлардан ажыратып турады, яғный Конституцияның бас­қа нызамлардан юридикалық күшиниң жоқары ҳуқықый статусқа ийе екенлигин көрсетеди. Өзбекстан Республикасы Конститу­циясының 16-статьясында жазылғанындай: «...Бирде-бир нызам ямаса басқа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет Конституцияның нормалары ҳәм принциплерине қайшы келиўи мүмкин емес».

Жәмийеттиң раўажланыўы ҳәм реформалардың барлық бағдарларын қамтып алған Конституциямызда пуқара, жәмийет ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықларға, жәмийет ҳәм мәмлекет басқарыўын демокра­тияластырыў мәселелерине айрықша әҳмийет берилген.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 7-ста­тья­сында халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дереги екенлиги, Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик ҳәкимият халықтың мәпин гөзлеп ҳәм Өзбекстан Республикасының Конституциясы арқалы және соның тийкарында қабыл етилген нызамлар арқалы буған ўәкиллик берилген уйымлар тәрепинен ғана әмелге асырылыўы белгиленген болса, 9-статьяда жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың анағурлым әҳмийетли мәселелери халықтың додалаўына шығарылыўы, халықлық даўыс бериўге (референдумға) қойылыўы атап өтилген.

Бул халықаралық ҳуқық ҳәм қатнасықларда тән алын­ған демократиялық принциплер конституциялық статус дәрежесине көтерилгениниң айқын дәлили болып есапланады.

Сондай-ақ, тийкарғы нызамымызда Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ҳәкимият системасы ҳәкимиятлардың нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятына бөлиниў принципине тийкарланыўы, Өзбекстан халқы атынан тек оның тәрепинен сайланған Республиканың Олий Мажлиси ҳәм Президенти жумыс алып барыўы, Өзбекстан Республикасының пуқаралары жәмийет ҳәм мәмлекет ислерин басқарыўда тиккелей ҳәм өзлериниң ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына ийе екенлиги, мәмлекетлик уйым­лардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды раўажландырыў ҳәм жетилистириў арқалы әмелге асырыў ҳуқықына ийе екенлиги айрықша статьялар менен белгилеп қойылғаны демократиялық басқарыўдың ҳуқықый тийкары болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев: «Бүгинги күнде биз тий­карғы нызамымыз талапларын толық әмелге асырыў ушын еле алдымызда үлкен ўазыйпалар турғанын жақсы түсинемиз. Яғный, халқымыздың турмыс дәрежесин және де жақсылаў, инсанның ҳуқық ҳәм мәплерин әмелде тәми­йинлеў бойынша еле көп жумыс ислеўимиз керек. Ең алды менен, адамлар реформалар нәтийжесин келешекте емес, ал, бүгин өз турмысында сезиўи зәрүр» деп атап өткен еди.

Ҳақыйқатында да, Президентимиздиң жоқарыдағы пикирлери  тийкарында мәмлекетте конституциялық ҳуқықый қатнасықларды дурыс жолға қойыў, демократиялық шөлкемлестириўдиң жаңа жолларын излеў ҳәм әмелге асырыў зәрүрлиги, мәмлекеттиң раўажланыўында нызам үстинлиги, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятының артыўы әҳмийетли ўазыйпалардан екенлиги, буларды орынлаўда ҳәр биримиз кәсибимиз яки статусымызға қарамастан бирдей жуўапкер екенлигимизди билиўимиз тийис.

Конституцияны ҳәр бир пуқара жүректен түсинип, сана-сезимине сиңдириўин тәмийинлеў бойынша орынларда Конституцияны үйрениўди нәтийжели шөлкемлестириў әҳмийетли мәселе болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Конституциясында сиясий ҳуқықлар айрықша әҳмийетке ийе. Конституцияда сайлаў системасы принциплерине бағышланған арнаўлы баптың бар екенлиги мәмлекетимиз сайлаў нызамшылығының раўажланыўында ең әҳмийетли қәдем болды. Оның XXIII бабы «Сайлаў системасы» деп аталып, 117-статьясының екинши пунктинде «...Сайлаўлар улыўма, тең ҳәм туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи» деп беккемленген. Бул конститу­циялық норма мәмлекетимизде пуқараларға мәмлекет ҳәм жәмийет ислерин бас­қарыўда кең қатнасыў имканиятларын жаратып береди.

Конституцияда пуқаралар мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе екенлиги, ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе екенлиги, даўыс бериў ҳуқықы, өз ерк-ықрарын билдириў теңлиги ҳәм еркинлиги нызам менен кепиллениўи белгиленген. Тийкарғы нызамымызға муўапық Өзбекстан Республикасының он сегиз жасқа толған пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе.

Және де Өзбекстан Республикасы Конституциясының 117-статьясына киргизилген өзгерислер ҳәм де Сайлаў кодексине тийкарланып ендигиден былай социаллық қәўпи үлкен болмаған, онша аўыр болмаған жынаят ислегени ушын судтың ҳүкими менен еркинен айы­рыў орынларында сақланып атырған шахсларға да сайлаўда қатнасыў, яғный сайлаў ҳуқықы берилди. Нәтийжеде еркинен айырыў орынларында сайлаў участкаларын дүзиў мүмкинлиги Кодекстиң 10, 27-статьяларында беккемленген. Булардың барлығы өз гезегинде улыўма сайлаў ҳуқықы принципи және де кеңирек тәми­йинленетуғын, халықаралық стандартлар талаплары имплементацияланғанын билдиреди. Соның менен бирге бул ҳүжжетте «бир сайлаўшы-бир даўыс» принципин әмелге асырыўды тәмийинлейтуғын сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимине тийисли нормалар белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2018-жыл 6-ноябрьдеги ПҚ-4004-санлы қарарында сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў, сондай-ақ, пуқаралардың конс­титуциялық сайлаў ҳуқықларын әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша ғалабалық тән алынған халықаралық принциплер ҳәм стандартларын есапқа ал­ған ҳалда, сайлаў системасы ҳәм нызамшылығын басқышпа-басқыш либералластырыў Өзбекстан Республикасы сайлаў системасын және де жетилистириўдиң ең әҳми­йетли бағдарларынан бириншиси етип белгиленген.

Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси 2019-жыл 25-июнь күни қабыл етилди. Усы жылы 22-декабрь күни жаңа Сайлаў кодекси тийкарында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына сайлаў өткериледи. Сайлаў кодексинде Нызамшылық палатасына, Сенатқа, халық депутатлары ўәлаят, район ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў өткериўдиң ҳуқықый тийкарлары тәртиплестирилди.

Жоқарыда баян етилген пикирлердиң ҳәммеси пуқаралардың мәмлекет ҳәм жәмийет ислерин басқарыўда қатнасыўын, соның ишинде олардың сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықы, миллий сайлаў нызамшылығымыз тийкары халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетлердеги ғалабалық тән алынған сайлаў принциплери ҳәм стандартлары талапларына муўапық келиўин, пуқаралардың мәмлекетлик ўәкиллик уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў менен байланыслы конс­титуциялық ҳуқықларды әмелге асырыў ушын беккем кепилликлер берилгенлигин көрсетеди.

Жуўмақлап айтқанда, ҳәр бир мәмлекеттиң келешеги ҳәм оның раўажланыўы сол жердеги жәмийетлик қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде ислеп шығыл­ған нызамлардың сапасы, мазмуны, қәдир-қымбаты, сол жерде жасап атырған халықтың мәплерин өзинде көрсетиў дәрежеси, және де усы нызамлардың орынланыўы менен тиккелей байланыслы. Жәмийет раўажланып барған сайын инсанлардың тийкарғы бас нызамымызға деген талабы артып бара береди. Себеби, Конституциямыз еркинлигимиз кепили болып есапланады.

 

С.ТУРМАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық,

суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға  қарсы  гүресиў мәселелери комитети баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF