Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:01:13, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЙЛАЎ УЧАСТКАЛАРЫНДА САЙЛАЎШЫЛАРДЫҢ МҮДДЕТИНЕН БУРЫН ДАЎЫС БЕРИЎИН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ САЙЛАЎ КОМИССИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси сайлаўында сайлаўшылардың мүддетинен бурын даўыс бериўин шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 57-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҚАРАР ЕТЕДИ:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары сайлаўын өткериўши сайлаў округлери аймақларында сайлаў күни өзи жасаў орнында болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшылар ушын мүддетинен бурын даўыс бериў өткерилсин.
  2. Мүддетинен бурын даўыс бериў 2019-жыл 12-декабрь күни басланып, 2019-жыл 18-декабрьдиң ақырына шекем өткерилсин.

Сайлаў участкаларында мүддетинен бурын даўыс бериў ўақты саат 9.00 ден саат 18.00 ге шекем деп белгиленсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериўши округлик сайлаў комисссияларынаF

- Сайлаў округи аймағындағы сайлаўшылардың улыўма санының 5 (бес) проценти муғдарында сайлаў бюллетеньлерин участкалық сайлаў комиссияларына 9-декабрьге шекем жеткерип бериўди тәмийинлеў тапсырылсын.

  1. Участкалық сайлаў комиссияларына:

- сайлаўшыларды мүддетинен бурын даўыс бериў күни, ўақты ҳәм мәнзили ҳаққында хабардар етсин.

Сайлаўшылардан мүддетинен бурын даўыс бериў бойынша арзаларды өз ўақтында қабыл етсин ҳәм мүддетинен бурын даўыс бериўдиң нызам талаплары тийкарында өткерилиўин тәми­йинлесин.

Усы қарар ғалаба хабар қуралларында жәриялансын.

Бул қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары С.Қудайбергеновтың жуўапкершилигине жүкленсин.     

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық

сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров.

2019-жыл  3-декабрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF