Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:09:02, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДЕМОКРАТИЯЛЫҚ  КОНСТИТУЦИЯ – НЫЗАМ  ҮСТИНЛИГИНИҢ  КЕПИЛИ

Президентимиз Шавкат Мирзиёев елимиз Конституциясына жоқары баҳа берип «Өзбекстан Республикасының Конституциясы халқымыздың сиясий-ҳуқықый ақыл-ойының жоқары үлгиси екенин толық исеним менен айтыў мүмкин.

Ол ҳеш кимге бойсынбай, еркин ҳәм азат, тыныш ҳәм татыў, абадан жасаўдың нызамлы кепили болып келмекте. Базар қатнасықларына тийкарлан­ған ҳуқықый демокра­тиялық мәмлекет, күшли пуқаралық жәмийетин қурыў бағдарында беккем тийкар болып хызмет етпекте».

Дүнья жүзилик тарийх соны көрсетеди, халқының сиясий, ҳуқықый, философиялық ой-пикириниң жемиси болған Бас Нызамға — Конституцияға ийе болған ҳәм өз турмысын оған сәйкес шөлкемлестирген халық  жоқары пәтлер менен раўажланады. Мәселениң усы тәрепине дыққат аўдарып Биринши Президентимиз Ислам Кәримов «Өзбекстан — келешеги уллы мәмлекет» атлы шығармасында «Мәмлекетимиздиң келешеги халқымыздың тәғдири көп тәрептен конституциямыз қандай болыўына байланыслы» деп айрықша атап көрсеткен еди.

Ғәрезсизликтен кейин мәмлекетимиз — Конституциясын жаратыў иси қолға алынды. Олий Кенгаштың сессиясында оны таярлаў бойынша комиссия дүзилди. Комиссияның үш жыллық жемисли искерлиги нәтийжесинде жаңа Конститу­цияның тексти таярланды. Нәтийжеде 1992-жылы 8-декабрьде Өзбекстанның ҳақыйқый биринши Конс­титуциясы қабыл етилди. Конституциялық комиссияның искерлигин ядқа түсирип, Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев «Усы комиссияның ағзасы сыпатында мен, әне усы тарийхый процессте тиккелей қатнасқанымды бәрқулла мақтаныш пенен еслеймен» деген еди.

Конституция халқымыз тарийхында қабыл етилген биринши Конституция деп толық айта аламыз. Ол ғәрезсизлик талапларына толық жуўап береди. Өзбекстан халықлары ғәрезсиз ел болып жасаған ерте дәўирлерде де буныңдай Конституция болмаған, ондай мәселе ол ўақытта қойылған да емес. Ал, ХХ әсирге келетуғын болсақ, Конституциялар болған менен 1991-жыл 1-сентябрьге шекем ғәрезсизликтиң өзи болмаған. Анығын айтқанда, Түркстан АССРының 1918 ҳәм 1920-жылғы Конституциялары, Хорезм ҳәм Бухара халық республикаларының 1920-1921-жыл Конституциялары, Өзбекстанның 1927, 1937, 1978-жыллардағы Конституциялары ғәрезсизлик тек қағаз жүзинде болып, ҳаслында колониализм жаңа формада даўам етип атыр­ған дәўир ҳүжжетлери еди. Олар Өзбекстан халықларының арзыў-әрманларын, өзине тән миллий өзгешеликлерин сәўлелендире алмады. Олар орайда дүзилген Конституциялардың көширмелери болып, административлик-буйрықпазлық системасын өзлерине сиңдирген ҳәм оған хызмет ететуғын ҳүжжетлер еди. Екиншиден, ҳәзирги Конституция ҳеш кимниң жоқарыдан көрсетпеси бойынша дүзилмеген. Ҳеш бир елдиң Тийкарғы Нызамынан көширилмеген, ол дүньялық Конституционализм тәжирийбесине ҳәм өзимиздиң мәдений-руўхый мийрасымызға және сиясий саладағы бай тарийхый тәжирийбемизге тийкарланып дөретилген. Солай етип, ҒМДА мәмлекетлери ишинде бириншилерден болып Өзбекстан өз Конституциясын қабыл етти.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы алғы сөзден, 6 бөлимнен, 26 баптан, 128 статьядан турады. Конституцияның тийкарғы логикалық бағдары төмендегише: «Инсан, жәмийет, мәмлекет», яғный, ең биринши орында инсан турады. Конс­титуцияның биринши бөлиминде ғәрезсиз республикамыздың тийкарғы Конституциялық принциплери көрсетилген. Олардың қатарына мәмлекетлик суверенитет, халықлық ҳәкимият, Конституция ҳәм Нызамның үстинлиги және сыртқы сиясат көрсетилген. Бизиң Конституциямыз бо­йынша «Өзбекстан — суверенли демократиялық республика» (1-статья), «Мәмлекет халықтың еркин билдиреди, оның мәплерине хызмет етеди. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм ҳәмелдар адамлар жәмийеттиң ҳәм пуқараның алдында жуўапкер» (2-статья), өзбек тили мәмлекетлик тил болып табылады. Өзбекстан өз байрағына, гербине, гимнине ийе. Халық — мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дереги болып табылады.

Өзбекстан халқын миллетине қарамастан Өзбекстан Республикасының пуқаралары қурайды. Мәмлекетлик ҳәкимият системасы ҳәкимиятларды нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятларына бөлистириў принципине тийкарланады. «Ҳеш қандай идео­логия мәмлекетлик идеология сыпатында белгилене алмайды» (12-статья). Демократиялық ҳуқықлар ҳәм еркинликлер Конституция ҳәм Нызамлар арқалы қорғалады. Өзбекстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Конституциясының ҳәм Нызамларының сөзсиз үстинлиги мойынланады. Мәмлекет, оның уйымлары, ҳәмелдар адамлар, жәмийетлик бирлеспелер, пуқаралар Конституцияға ҳәм нызамларға муўапық ҳәрекет етеди.

Екинши бөлимде инсан ҳәм пуқараның тий­карғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлери белгиленген. Үшинши бөлим «Жәмийет ҳәм шахс» деп аталып, белгили академик-алым Акмал Саидовтың көрсетиўинше, дүньядағы бирде-бир Конституцияда бундай бөлим жоқ. Онда жәмийеттиң экономикалық тийкарлары, жәмийетлик бирлеспелер, шаңарақ, ғалаба хабар қураллары ҳаққында Конституциялық нормалар көрсетилген. Төртинши бөлимде елимиздиң административлик-территориялық ҳәм мәмлекетлик дүзилиси бойынша қағыйдалар берилген. Усы бөлимге киретуғын 17 бап, 70-75-статьяларда Қарақалпақстан Республикасының статусы, оның Өзбекстан менен өз-ара қатнасларының конституциялық нормалары баян етилген. «Суверен Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасы қурамына киреди. Қарақалпақстан Республикасының суверенитети Өзбекстан Республикасы тәрепинен қорғалады» (70-статья).

Бесинши бөлимде мәмлекетлик ҳәкимиятты шөлкемлестириў ҳаққында сөз етиледи. Онда мәмлекетимиздиң орайлық мәкемелери болған Олий Мажлис, Президент, Жоқары судтың, прокуратура, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының Конституциялық статуслары белгиленген. Сондай-ақ, бул бөлимде сайлаў системасының принциплери, финанс ҳәм кредит, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик бойынша қағыйдалар баянланған. Алтыншы бөлимде Конституцияны өзгертиў тәртиби көрсетилген. Дәўир талапларына сай Конституцияға өзгерислерди Олий Мажлис киргизеди. Усындай өзгерислердиң қатарында 2002-жыл 27-январьда өткерилген улыўма халықлық референдум жуўмақларына сай Олий Мажлис тәрепинен 2003-жыл 24-апрельде Конституцияның XVIII, XIX, XX, XXIII бапларына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларды атап өтиў мүмкин. Бул өзгерис Олий Мажлистиң бес жылға сайланатуғын еки палаталы (төменги) ҳәм Сенаттан (жоқарғы палата) ибарат болатуғынлығы ҳаққындағы ҳәм нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың ўәкилликлерин белгилеўге байланыслы статьялар болып есапланады. Сондай-ақ, Конституцияға киргизилген үлкен өзгерислердиң қатарына мәмлекетлик басқарыўды және де тереңлестириўди баслап берген 78, 80, 93, 96 ҳәм 98-статьяларға 2011-жылдың 18-апрелинде киритилген өзгерис ҳәм қосымшаларды айрықша атап өтиў мүмкин.

Журтымыз Конститу­циясы жәмийетлик турмыстың барлық салаларында басқышпа-басқыш ҳәм системалы түрде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың беккем сия­сий-ҳуқықый кепили болмақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев айрықша атап көрсеткениндей, «Конституциямыз тийкарында елимизде миллий нызамшылық системасы, мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийетиниң институтлары қәлиплести. Бүгинги күнде барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Социаллық-экономикалық, сиясий ҳәм әскерий потенциалымыз артып, пуқараларымыздың дүньяқарасы барған са­йын өсип бармақта. Булардың барлығы, бәринен бурын Бас нызамымыздың ҳақыйқый турмыслық күш-қүдиретиниң нәтийжеси болып табылады».

Өзбекстан Конституциясының XVIII бабы ҳәм 117-статьясы сайлаў системасы деп аталады. Онда демократиялық ҳәм әдалатлы сайлаў өткериў тәртиби белгиленген. 2019-жыл 22-декабрьде Парламентке болатуғын сайлаў «Жаңа Өзбекстан. Жаңа сайлаў» шақырығы менен өтеди, Олий Мажлиске қабыл етилген жаңа «Сайлаў кодекси», ал, Жоқарғы Кеңеске сайлаўлар Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамы тийкарында өткериледи.

Алдымыздағы сайлаўлар туўралы айтып Президентимиз Шавкат Мирзиёев ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығына бағышланған әнжуманда сөйлеген сөзинде былай деген еди: «Бул сайлаўлар миллий ғәрезсизлигимизди беккемлеўде, Өзбекстанды дүньядағы раўажланған демократиялық мәмлекетлер қатарына көтериўде және бир әҳмийетли қәдем болады.

Бул сайлаўлар барлық халқымыз, әсиресе, жасларымыздың арзыў-үмитлерин сәўлелендирип, оларға жаңа имканиятлар ашып береди, деп исенемен».

Конституциямыздың 117-статьясына Орайлық сайлаў комиссиясының искерлигин белгилейтуғын қосымшалар киргизилди. Ал, Сайлаў кодексине 30 дан аслам өзгерис ҳәм  жаңа қағыйдалар киргизилди.

Конституцияға киргизилген тағы бир өзгерис, бул ­ Президентке ҳәр жылы жылдың ақырында Олий Мажлиске Мүрәжат етиў ҳуқықы берилди, онда Президент елимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясаты бойынша үстинликке ийе ўазыйпаларды белгилейди.

Президентимиздиң көрсетиўинше, Конститу­цияның талапларын толық әмелге асырыў ушын еле көп илажларды ислеўимиз керек. Атап айтқанда, инсан ҳуқықларын ҳәм мәплерин, нызам үстинлигин әмелде тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў тийкарғы бағдар сыпатында қаралыўы лазым. Халқымыз ҳәмме нәрседен үстин қоятуғын әдалат принципи турмыс­та реал орынланыўы шәрт. Халқымыз бүгинги күни жүргизилип атырған әмелий сиясаттан разы болыўына ерисиўимиз керек. Бул ушын «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек». Ис жүзинде реформа — реформа ушын емес, ал реформа инсан мәпи ушын хызмет етиўи лазым.

Алда турған Конституциялық ўазыйпаларды әмелге асырыў ҳәм усы ўақытқа дейин орын алған қәте-кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде Президентимиз усынысы менен терең илимий тийкарға ийе 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бо­йынша Ҳәрекетлер стратегиясы қабыл етилди, ол елимизди системалы реформалаўдың «Жол картасы»на айналды. Оны орынлаў бо­йынша тийисли нызамлар, Президентимиз пәрманлары ҳәм ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди ҳәм табыслы әмелге асырылмақта.

Әсиресе, бул ислер «2017-жыл — Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы», «2018-жыл — Жедел исбилерменлик, иннова­циялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» ҳәм «2019-жыл Жедел инвестиция ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда инсан мәплерин жүзеге шығарыў бойынша үлкен жумыслар орынланды. Олар Конституциялық принциплерди әмелге асырыўдағы бурын көрилмеген дәрежедеги уллы қәдемлер болды. Өткен жыллары мәмлекетлик ҳәкимият системасында жаңа институт — Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы, жергиликли орынларда халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилди. Олар халықтың маш­қалаларын объектив түрде шешиўдиң нәтийжели системасына айналды. Бул дәўирде ҳүкиметтиң парламент алдында есап бериў дәрежеси күшейтилди, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды ҳәм Жоқарғы экономикалық Суды бирлестирилди. Судьяларды таңлаўда ашық-айдынлық ҳәм альтернативалық принципин әмелге асырыў мақсетинде Судьялар Жоқары Кеңеси шөлкемлестирилди. Судьялар лаўазымына мүддетсиз тайынлаў әмелияты енгизилди. Жақын туўысқанлары судланған деп пуқаларды жумысқа алмаў ямаса жоқары лаўазымларға та­йынламаў әмелияты бийкарланды.

Халқымызға тән кеширимлилик, мийрим-шәпәәтликтиң және бир көриниси болған, билип-билмей надурыс жолға кирип қалған, өз қылмысларынан шын кеўилден пушайман болған пуқараларды әпиў етиў институты киргизилди. “әрезсизликтиң қарсаңында Президент Пәрманына муўапық 261 шахс әпиў етилди ҳәм олар өз шаңарақларына қуўаныш пенен қайт­ты. Үстирттеги «Жаслық» қамақханасы жабылды, булардың бәршеси Президентимиздиң инсанпәрўарлық сиясатының көриниси болды.

Конституциямыздың 37-статьясында белгиленген мәжбүрий мийнетти қадаған етиў ҳаққындағы режени әмелий орынлаў бойынша реал ислердиң әмелге асырылғаны халқымызды разы етиў, әсиресе, жасларымызды қуўанышқа бөледи.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған 5 басламаны жаңаланып атырған Өзбекстанның жаңа әўладын қәлиплестириўдиң концепциясы болып табылады десек дурыс болады. Олардың бириншиси перзентлеримиз музыка, сүўретшилик, әдебият, театр ҳәм көркем өнер менен шуғылланыўға тартыў. Екинши баслама жасларымызды дене мәденияты, спортқа қызықтырыў. Үшинши баслама жасларымызды компьютер ҳәм интернеттен унамлы пайдаланыўға үйретиў. Төртиншиден, китап оқыўға, китап сүйиўшиликке тәрбиялаў. Бесиншиден, ҳаял-қызларды ис пенен тәмийинлеўден ибарат. Бул 5 басламаны әмелге асырыўдың мәниси соннан ибарат, биз «Журтымызға хызмет етиўде ҳүжданлы, инсаплы ҳәм ҳадал болыўымыз шәрт!» деп жасайтуғын мәдениятлы, әдеп-икрамлы, Ўатансүйгиш, креатив пикирлейтуғын дүньядағы өз теңлеслери менен бәсекелесетуғын жасларды тәрбиялаўымыз зәрүр, дегени болады.

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Конститу­циясы Президентимиз Шавкат Мирзиёев атап өткениндей, ҳеш кимге бойсынбай, еркин ҳәм азат, тыныш ҳәм татыў, абадан жасаўдың нызамлы кепили ҳәм күшли пуқаралық жәмийетти қәлиплестириўге тийкар болып хызмет етпекте. Президентимиз айтқанындай, «Конституция ҳәм де нызам талапларына булжытпай әмел етиў  мәнаўий дәрежемиз, мәдениятымыздың тийкарғы өлшемине айланыўы шәрт».

Ғәрезсизлик жылларында халқымыз қандай табысларға ерискен болса, оның тийкарында Конституциямыз идеялары турды, қандай қурамалы ҳәм жуўапкерли, машақатлы аўыр сынаўлардан өткен болса, оған Конс­титуциямыз жол көрсетти. Буннан кейин де Конституциямыз бизге туўры бағдар көрсетиўши жулдыз болып қала береди.

Сапардурды АБАЕВ,

философия илимлериниң кандидаты, доцент, Қарақалпақстан Республикасына

мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери.

Мақсутбай ЯКУБОВ,

Бердақ атындағы ҚМУдың Социаллық пәнлер кафедрасы доценти,

философия илимлериниң кандидаты, Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF