Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:36:34, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДИНДИ НЫҚАП ЕТКЕНЛЕР 

ОЛАРДЫҢ ЖАЛҒАН ИДЕЯЛАРЫНА АЛДАНЫП ҚАЛМАЙЫҚ

Әзелден дин инсанлар өмиринде айрықша әҳмийетли орын ийелеп, инсаныйлық, жақсылық, жаратыўшылық, ийгиликли ислерге жәмлестириўшилик хызмети ҳәмийше жәмийеттиң раўажланыўы, инсанның жоқары пазыйлетли болып камал табыўында хызмет етип келген.

Лекин, бүгинги күни өзиниң жаман нийетлерин әмелге асырыўда ислам дини нықабы астында жумыс алып барып атырған экстре­мистлик шөлкемлердиң тийкарғы бөлеги бас­қышпа-басқыш әмелге асырылып атыр­ған конституциялық дүзимди бийкарлаўға, ҳәкимиятқа қарсы ғалабалық наразылықлар шөлкемлестириў, мәм­лекетти басқарып турған басшыларды ҳәкимияттан шетлестириў режесин такфир, ҳижрат, жиҳад ҳәм шахидлик идея­лары тийкарында басқышпа-басқыш әмелге асырыўға умтылмақта. Ашынарлы тәрепи сонда, усы шөлкемлер өз ҳәрекетлерине ер адамлар менен бир қатарда ҳаялларды да өз сапларына тартып, олардан терроршы сыпатында пайдаланыўды ҳәм имканы болғанынша қурбанлар санын арттырыўды гөзлеп буз­ғыншы нийетлерин әмелге асырмақта.

Экстремистлик ағым ағзалары көпшилик жағдайда өзлери ағза бол­ған бирлеспеген, ең алды менен өз ҳаяллары, аналары ҳәм апа-сиңлилери, сондай-ақ, экстремистлик идеяларды тарқатқаны ушын жазаны өтеў колонияларында жаза мүддетин өтеп атырған инсанлардың жақын-жуўықларын қатарына тартпақта.

Эксперт ҳәм қәнигелердиң пикиринше, бүгинги күни айырым аймақлар ушын айрықша машқалалардан бири болып баратырған мәселе бул ­ ҳаяллардың экстремистлик топарлар тәсирине түсип қалыўында Өзбек­станға шегаралас қоңсы мәмлекетлердиң сезилерли дәрежеде тәсири барлығын бийкарлап болмайды. Буннан шама менен бес-он жыллар илгери экс­тремистлик топар ҳәм ағымлар топарына түсиў көпшилик жағдайда ер адамларда бақланған болса, бүгинги күнге келип бул унамсыз жағдайлардың ҳаяллар арасында да кең тарқалып атырғанлығы оғада өкинишли жағдай, әлбетте. Ҳаяллардың пул табыў мақсетинде шет еллерге барып жумыс ислеўлери яки керисинше журтымызға жумыс ислеў ушын келген ҳаяллардан пайдаланыў да радикал ағым ўәкиллери ушын  жүдә қол келип атырған себеплерден бири.

Дүньяның түрли орынларында жүз берип атырған терроршылық ҳәрекетлери, қан төгиспелер, халқымыз, ең алды менен өсип киятырған жас әўладта фанатизм, өз-ара келиспеўшилик, урыслардың аянышлы ҳәм ўайрангершилик ақыбетлери ҳаққында системалы, ақыллылық пенен пикир жүргизиўди, журтымыз пуқаралары, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаяллар санасын зәҳәрлеўге урынып атырған күшлерге алданып қалмаў мақсетинде идеоло­гиялық иммунитетин арттырыў ҳәм орынларда күшейтилген руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият жумысларын алып барыўды әҳмийетли ўазыйпа етип қоймақта. Солай екен, профилактика инспекторлары мәҳәллелерде рәсмий емес тәризде жумыс алып барыўға ҳәрекет етип атырған шахслар жумысларын қадағалаўға алыўлары, диний тараўға байланыслы машқала ҳәм саўаллар менен әйне усы тараў қәнигелерине мүрәжат етиўлери тек ғана пайда келтиретуғыны турған гәп.

Б.ҚУРБАНОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF