ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЪЕКТЛЕРИНЕ ЖАРАТЫЛҒАН ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАР
Елимизде пуқараларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасы жолға қойылып, нәтийжели жумыслар жүргизилмекте. Өз гезегинде бул илажлар халықтың мүнәсип турмыс ҳәм жасаў шараятын жақсылаў, артықша әўерегершиликлердиң алдын алыўда әҳмийетли есапланады.
Усы жыл 2-июль сәнесинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы өңҳ-санлы қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық, Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы ямаса Бирден-бир интерактив хызметлер порталы арқалы исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде қолай шараятлар жаратылды. Соны айрықша атап өтиў керек, пуқаралар мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда (лицензия, рухсатнама бериў ҳәм басқа) Бирден-бир интерактив хызметлер порталы арқалы мүрәжат еткенде хызметлер улыўма белгиленген мүддеттен бурын қысқа ўақыт ишинде қосымша ҳақы төлеў есесине көрсетилиўи мүмкин. Мысалы, Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы фармацевтика жумысын лицензиялаў ушын арзалар әө күннен көп болмаған ўақытта ҳәм ең кем ис ҳақының еки есеси муғдарында төлем өндирилетуғын болса, тезлестирилген тәртипте арзалар ө жумыс күнинен көп болмаған ўақытта ең кем ис ҳақының еки есеси муғдарынан басқа қосымша төлем өндириў арқалы хызмет көрсетиледи. Егерде арза тезлестирилген тәртипте көрип шығыў мүддетинен өтип кеткен жағдайда төлем қайтарылып бериледи.
Әлбетте, бул илажлар елимизде исбилерменлик тараўын раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың әмелий көриниси болып табылады.
И.ЖЕҢИСБАЕВ,
Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси.