ҲУҚЫҚЫЙ ТИЙКАРЛАР ТАРАЎДЫҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНА ЖОЛ АШПАҚТА
Мәмлекетимиз туризм потенциалын раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарларын беккемлеў мақсетинде усы жылдың 18-июль күни «Туризм ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы қабыл етилди.
Нызам менен Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети туризм тараўындағы ўәкилликли мәмлекет органы етип белгиленди.
Ҳүжжет туристлик хызметти мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўдың ҳуқықый ҳәм институционаллық базасын қәлиплестириў, миллий туристлик өнимди ишки ҳәм дүнья базарларында танытыўға көмеклесиў, мәмлекетте саяхат индустриясын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде қабылланды.
Сондай-ақ, нызамда туризм тараўындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди. Усы тараўға инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин белгилеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, мәмлекет-жеке шерикликти раўажландырыў, инновациялық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары енгизилиўин қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, туристлик зоналар ҳәм туристлик кластерлердиң раўажландырылыўы көрсетилген.
Ҳүжжетте туризм тараўындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарлары, туризмниң көринислери ҳәм түрлери, туризм санааты ҳәм ондағы хызметлер түрлери, туристлик зоналар ҳәм туристлик кластерлер, туризм тараўындағы хызметти әмелге асырыў шәртлери, туристлик өнимди қәлиплестириў, үгит-нәсиятлаў ҳәм реализация етиўдиң өзгешеликлери, сондай-ақ, туризм тараўы субъектлериниң ҳуқық ҳәм миннетлери белгиленди.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында жәми 288 мәдений мийрас ҳәм зиярат объектлери дизимнен өткерилген болып, солардан l3l археологиялық объектлер, 24 архитектура объектлери, 84 монументал объектлери ҳәм 49 дыққатқа ылайықлы орынлар бар.
Жайластырыў орынлары саны 45ти, атап айтқанда, 30 мийманхана, 4 отаў үйлери, шөлкемлестирилген кемпинглер ҳәм 11 мийман үйлери ислеп тур.
Туристлик классқа киретуғын 7 автобус, 3 микроавтобус, 14 жол таңламас транспорт қураллары саяхатшыларға хызмет көрсетпекте.
2019-жылдың январь-октябрь айларында Қарақалпақстан Республикасындағы мийманхана ҳәм басқа жайластырыў орынларына жәми 19934 сырт ел саяхатшылары келген, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 42 процентке асқан. Келген саяхатшылардың тийкарғы бөлеги Италия, Франция, Германия, Россия, Қытай, АҚШ, Уллыбритания, Япония, Испанияға ҳәм басқа мәмлекетлерге туўра келеди.
2019-жыл басынан 1 мийманхана, 7 мийман үйи иске түсирилди, 11 туроператорлық субъектлери шөлкемлестирилди. Туристлерге хызмет көрсетиўши жеңилликлер менен 4 туристлик классқа тийисли автобуслар алып келинди. Қарақалпақстанға келип атырған туристлер талапларын есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Нөкис қаласының туристлик картасы ислеп шығылды ҳәм туристлик мәлимлеме орайлары арқалы бийпул тарқатылыўы жолға қойылды.
Туризм тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм туристлик инфраструктураны шөлкемлестириў бойынша жаратылып атырған жеңилликлер бойынша инвесторлар ҳәм исбилерменлик субъектлерине тийисли шөлкемлер менен биргеликте үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
Республика аймақларында Қарақалпақстан Республикасының туристлик потенциалын көрсетиўши 60тан артық үгит-нәсият реклама баннерлери орнатылды. Нөкис халықаралық аэропорты, Нөкис темир жол вокзалында туристлик мәлимлеме орайлары шөлкемлестирилди, саяхатшыларға көрсетилип атырған хызметлер сапасы ҳәм көлемин кеңейтиў мақсетинде саяхатшылар ушын арнаўлы симкарталар сатыў, туристлик буклет, флаер ҳәм китапшалар ислеп шығып, тарқатыў хызметлери жолға қойылды.
Қарақалпақстанда саяхатшылардың ўақтын тағы да мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм көбирек қалыўын тәмийинлеў мақсетинде мәдений-кеўилашар, спорт, көргизбе ҳәм басқа ғалабалық илажлар өткерилмекте.
Халықаралық дәрежеде өткерилип атырған илажлар шеңберинде республикамыздың туризм потенциалы үгит-нәсият етилмекте. Атап айтқанда, Өзбекстанның туризм потенциалын раўажландырыў ҳәм ғалабаластырыў, туризм тараўындағы халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм тараўға сырт ел инвестициялар ағымын көбейтиў мақсетинде усы жылдың 13-15-ноябрь күнлери Ташкент қаласында 24-юбилейлик «Жипек жолында туризм» Ташкент халықаралық туризм ярмаркасы болып өтти.
Ярмаркада Қарақалпақстан Республикасының туризм потенциалын сәўлелендириўши эксклюзив стенд таярланды ҳәм ең жақсы инновациялық стенд номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылды. Қарақалпақстан Республикасынан туризм операторлары, туризм агентликлери, мийманхана ўәкиллери ҳәм басқалар қатнасты. Олар тәрепинен бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылды ҳәм сәўбетлер өткерилди. Сондай-ақ, 6 мыңнан аслам тарқатпа материаллар тарқатылды. Миллий үрп-әдетлеримиз көрсетилди. Қара үй устасы А.Турекеев тәрепинен қарақалпақ қара үйиниң қурылысы бойынша, ал, өнермент Қ.Қурбанова тәрепинен өнерментшилик бойынша мастер-класслар өткерилди. Сондай-ақ, жыраў А.Бахтыбаев ҳәм бақсы У.Сапарниязовалар тәрепинен Қарақалпақ фольклоры үлгилери көрсетилди.
Усы жылдың 18-19-ноябрь күнлери «Жерар Депардьениң саяхаты» атлы фильм дөретиўшилери Қарақалпақстан Республикасында болды. Дөретиўшилик топар тәрепинен Елликқала районындағы «Аязқала» тарийхый естелиги, пайтахтымыз Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик Көркем өнер музейи, Мойнақ районындағы «Ашық аспан астындағы кемелер музейи», «Арал тарийхы музейи» ҳәм Арал теңизи жағысларында сүўретке алыў жумыслары алып барылды.
Усы жылдың 17-19-ноябрь күнлери «Race Аcross the World» («Дүнья бойлап саяхат») (Дания) туристлик реалити-шоу көрсетиўиниң сүўретке алыў топары ҳәм қатнасыўшылары республикамызда болды. Онда Копенгагеннен (Дания) ҳәм Сингапурге (Сингапур) жетип баратуғын 4 топар (ҳәр биринде 2 ағза) қатнаспақта. Топарларда Копенгаген-Сингапур авиа билет нырқына тең жүдә шекленген бюджет, жойбар шәртлерине көре ҳаўа транспорты, телефон, интернет ҳәм басқа байланыс қуралларынан пайдаланыў қадаған етиледи.
Реалити-шоу даўамында қатнасыўшылар Қарақалпақстанның тарийхый ҳәм басқа да дыққатқа ылайықлы орынлары менен танысыў имканиятына ийе болды.
Қызықлы саяхатта 4 топар түрли жөнелислерден пайдаланып Каспий теңизин, Уллы Жипек жолы қалаларында бажыхана постлары ҳәм шөллерди кесип өтти. Үш топар Өзбекстан бойлап саяхат етиўге, төртиншиси болса, басқа имканияттан пайдаланыўға қарар етти, олар Қазақстан Республикасының Аральск ҳәм Шымкент қалалары арқалы Ташкент қаласына жол алды.
Шоу қатнасыўшыларының Өзбекстанға саяхаты Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети көмегинде шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, усы жылдың l9-ноябрь күни Нөкис қаласында Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң (GIZ) «Өзбекстан Республикасының айырым регионларында экономиканы турақлы раўажландырыў» бағдарламасы шеңберинде республикамызда туризмди раўажландырыў ҳәм оның имканиятларына бағышланған ушырасыў болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Ҳабибуллаев, Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Б.Кусекеев, Германия бирге ислесиў жәмийетиниң (GIZ) «Өзбекстан Республикасының айырым регионларында экономиканы турақлы раўажландырыў» бағдарламасы баслығының орынбасары Николас фон Шуман шығып сөйлеп, елимизде, соның ишинде республикамызда туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2019-жыл 20-21-август күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар орынланыўын тәмийинлеў ҳәм аймақтың туризм имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети тәрепинен ис-илажлар режеси ислеп шығылған еди.
Усы ис-илажларды әмелге асырыў мақсетинде «GIZ» тәрепинен Қарақалпақстанда туризмди раўажландырыў ушын 477 мың евро муғдарында қаржы ажыратылады. Усы жойбар шеңберинде жергиликли өнерментшилик өнимлерин диверсификация етиў, оларды экспортбап өнимге айландырыў, инфраструктураны жақсылаў, жаңа туризм жөнелислерин ашыў, хызметлер сапасын жақсылаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасының туризм потенциалын сырт ел туризм базарларында үгит-нәсиятлаў жумыслары әмелге асырылады.
Әлбетте, бул илажлардың барлығы республикамызға саяхатшылар ағымының көбейиўине, усы арқалы халқымыздың пәраўан турмысын тәмийинлеўге өз үлесин қосады.
И.РУЗИМБАЕВ,
Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қәнигеси.