Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:29:43, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТИЛ  ЖАСАСА,  МИЛЛЕТ  ЖАСАЙДЫ

Усы жыл  30-ноябрь күни Нөкистеги кино-концерт залында «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев шығып сөйлеп, жыйналғанларды 1-декабрь «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы қабыл етилгениниң 30 жыллығы байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, тил — бул қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, нешше әсирлер даўамында қәдир-қымбатын жоғалтпай, бизге жетип келген бийбаҳа ғәзийне есапланады.

Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап елимизде барлық тараўлар қатарында ана тилимизди сақлаўға, оны буннан былай да байытыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы, «Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин енгизиў ҳаққында»ғы Нызамларының қабыл етилгенлигин, қарақалпақ тилиндеги жаңа сабақлықлар менен қолланбалардың, әдебий китаплардың, китапша ҳәм монографиялардың баспадан шығарылып, ана тилимизди раўажландырыўға бағышланған илимий әнжуманлар менен басқа да илажлар шөлкемлестирилип келинбекте.

Президентимиздиң басламасы менен Ибрайым Юсупов атындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнин тереңлестирип оқытатуғын мектеп ашылғанлығы, Жоқарғы Кеңес Президиумының арнаўлы қарар тийкарында  терминологиялық орайдың дүзилгенлиги, Шымбай районында қарақалпақ әдебиятының ири ўәкиллери болған Күнхожа ҳәм Бердақ шайырлардың ҳүрметине мақбара ҳәм музейдиң қурып питкерилгенлигин айрықша атап өтиўимиз тийис. Дүньяның раўажланған еллеринде ана тилимиздиң халықаралық жойбарлар тийкарында изертленип атырғанлығы, Түркия­ның Измир университетинде қарақалпақ тилиниң үйренилип атыр­ғанлығы, жаңадан латын графикасы тийкарында қарақалпақ тили имла сөзлигиниң баспадан шығарылғанлығы, бы­йылғы оқыў жылынан баслап Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институтында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдарының ашылғанлығы, Қуран мәнилериниң ҳәм басқа да бир қатар диний китаплардың қарақалпақ тилиндеги аўдармаларының басып шығарылғанлығы — булардың барлығы ана тилимизге, халқымыздың мәнаўиятына деген жоқары  итибар ҳәм ғамқорлықтың көриниси болып табылады.

Соны айрықша атап өтиў керек, усы жылдың 16-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы қабыл етилгениниң 30 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында қала ҳәм районларымызда ана тилимизди буннан былай да раўажландырыў, кең жәмийетшиликтиң ана тилимизге деген итибарын күшейтиў ҳәм оның әҳмийетин арттырыў, хал­қымызды, әсиресе, жасларымызды ана тилимизди улығлаўға шақырыў, оларды миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарында кең көлемли илажлар алып барылмақта. Қарар тийкарында қабыл етилген бағдарламаға муўапық бүгинги күнде бул сәнени кеңнен белгилеў, уллы шайырларымыз Бердақ, Әжинияз ҳәм Ибра­йым Юсуповлардың естеликлерине гүллер қойыў, жаңа китаплардың презента­циялары, республикалық илимий конференциялар, орынларда белгили илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, мәнаўият үгит-нәсиятшылары, мәденият хызметкерлериниң қатнасында дөгерек сәўбетлери, әдебий кешелер,  мектеп оқыўшылары арасында шығармалар таңлаўы өткерилмекте. Театр ҳәм мәденият сарайларында уллы шайыр ҳәм жазыўшыларымызға арналған спектакльлер, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер қойылып, ғалаба хабар қуралларында, Интернет тармақларында ана тилимизге бағышланған көрсетиўлер, еситтириўлер, мақалалар, видеороликлер берилмекте. Бул илажлар халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың руўхый дүньясын байытыўда, оларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын ийелейди.

Илажда Министрлер Кеңеси жанындағы терминологиялық орайдың баслығы, профессор Ш.Абдиназимов, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистранты А.Оразымбетова ана тилимизди таза сақлаў, оны раўажландырыўға қаратылып атырған илажларға тоқтап өтти. Шайыра Н.Матякубова ана тилине бағышланған қосығын оқыды.

Мәжилисте бир қатар қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни  оқытыўшылары менен муғаллимлерине баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF