Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:34:12, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АНА ТИЛИМ — МАҚТАНЫШЫМ, МӘРТЕБЕМ

Әлбетте, ҳәр бир халықтың тарийхы, үри-әдети, салт-дәстүрлери, мәденияты тил ар­қалы көринип, шынжырма-шынжыр әўладтан-әўладқа өтип бара береди.

Демек, илим ҳәм мәдениятты үйрениў, белгили бир кәсипти ийелеў, тил алғыш, адамгершиликли болып тәрбияланыў ана тили арқалы әмелге асады. «Тилге итибар-елге итибар» дегениндей, тилимизде таза сөйлеў, таза жазыў, оның мәдениятына итибар бериўдей қағыйдаларды булжытпай орынлаўымыз тийис. Себеби, тил адамлар арасындағы өз-ара қарым-қатнас қуралы есапланады. Солай екен тил —елдиң байлығы, миллеттиң белгиси.           

Быйыл қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 30 жыл болды. Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тили» ҳаққында Нызамының қабыл етилгениниң 30 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында» қарары қабыл етилип, усы мүнәсибет пенен байрам кешеси көплеген орынларда белгиленбекте. Мине усындай кешелердиң бири Беруний районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 59-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өтти.

Кешеде шығып сөйлеген бир қатар мийманлар қарақалпақ тилиниң тарийхы халқымыздың тарийхы менен тығыз байланыслы ҳәм өзиниң пайда болыўы ҳәм қәлиплесиўи басқышында оғада қурамалы дәўирлерди басынан кеширгени ҳәм ҳәр биримиз өз ана тилимизди шубарламай, таза сөйлеўимиз кереклиги ҳаққында айтып өтти.

Әдебий кешеде халқымыздың турмыслық салт-дәстүрлеринен «Бет ашар», «Ҳәўжар»лардан сахналық көринислер, қарақалпақ халқының дүрданалары Әжинияз, Бердақ, халқымыздың байтереги Ибрайым Юсупов ҳәм бас­қа да шайырлардың қосық ҳәм тақмақлары мектеп оқыўшылары тәрепинен шеберлик пенен атқарылды. Әсиресе, 9-класс оқыўшылары тәрепинен таярланған Әжинияз бенен Қыз Меңештиң айтысы кешени және де жанландырды. Қулласы, мектептеги байрам кешеси жыйнал­ғанларда үлкен тәсир қалдырды.

 

П.ДӘЎЛЕТМУРАТОВА,

Беруний районлық ХББне қараслы 59-санлы мектептиң қарақалпақ тили пәни муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF