ТИЛ ҲӘМ ЖӘМИЙЕТТИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫ — КЕЛЕШЕГИМИЗ ТИЙКАРЫ
Тил — ҳәрбир миллеттиң бийбаҳа байлығы. Ол ҳәр бир миллеттиң экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений жақтан раўажланыўын илгерилетиўде, оның руўхый байлықларын сақлаўда ең әҳмийетли қатнас қуралы ҳызметин атқарады.
Тил — объектив түрде сол тилде сөйлесиўши адамлардың санасында жасайтуғын ҳәм сол тилде сөйлеўшилер ушын бирдей ортақ қатнас қуралы, ал, сөйлеў болса, тилдиң усы тийкарғы хызметиниң әмелий жақтан иске асыўы болып есапланады.
Бүгинги күнде дүньяда 7000 ға шамалас тил бар деген шамалаўлар бар. Олар қолланылыў шеңбери ҳәм раўажланыў дәрежесине қарай 3 топарға бөлинеди. Биринши топарға дүньядағы раўажланған тиллер: инглис, француз, қытай, араб, испан ҳәм рус тиллери киреди. Бул тиллер бүгинги күнде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен рәсмий халықаралық тиллер сыпатында тән алынған. Екинши топарға 200 ге жақын мәмлекетлик тиллер болып, оларғаF өзбек тили, қарақалпақ тили, қазақ тили, түркмен тили ҳәм басқа да мәмлекетлик тиллер киреди. Ал, үшинши топарға болса 4800 ге жақын, белгили бир орынларда жасаўшы халықлардың жергиликли сөйлесиў тиллери киреди. Бүгинги күнде бундай жергиликли орынларда жасаўшы көпшилик халықлардың тиллери өзиниң «мәмлекетлик тил» статусына ийе емес. Буннан көринип турғанындай, барлық тиллерде белгили дәрежеде сөзлик қоры, қолланылыў өриси раўажланбай, өзиниң әдебий тил нормаларына, фонетикалық ҳәм грамматикалық жақтан илимий сыпатламасына ийе болмастан турып, ҳәр қандай тил «мәмлекетлик тил» бийлигине ийе бола алмайды.
Бизиң ана тилимиз мине жоқарыда келтирилген сыпатларға ийе болып, мәмлекетлик тиллер қатарына кире алған. Бул бизиң ана тилимиздиң ең үлкен жетискенлиги — бизиң мақтанышымыз. Анығырақ айтатуғын болсақ, 1989-жылы 1-декабрьде қарақалпақ тилине «Мәмлекетлик тил» бийлиги берилди. Халқымыздың руўхый турмысында айрықша әҳмийетке ийе болған бул сәнеге быйыл 30 жыл толады. Мине усы ўақыт аралығында қарақалпақ тили белгили дәрежеде өсип раўажланды. Ана тилимиздиң раўажланыўына жоқарыда қабыл етилген «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам беккем ҳуқықый база хызметин атқарып, жәмийетимиздиң барлық тараўларында қолланылыўын тәмийинлеп келди.
«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның I статьясында, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының IV статьясында: қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады деп көрсетилген. Ал, усы Нызамның II статьясында: қарақалпақ ҳәм өзбек тиллерине мәмлекетлик тил статусының берилиўи республика аймағында жасап атырған миллетлер ҳәм халықлардың өз ана тиллериниң раўажланыўында конституциялық ҳуқықларын кемситпейди, III статьяда болса: бул Нызам тиллерди турмыста, өз-ара қатнаста ҳәм диний және сыйыныўшылық салт-дәстүрлерин атқарыўда пайдаланыўда тәртиплестирмейтуғынлығы көрсетилген.
Ҳақыйқатында да усы Нызам талапларында көрсетилгениндей, елимизде басқа миллет ўәкиллериниң тилиниң раўажланыўына бизиң «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамымыз тосқынлық жасамай, керисинше басқа тиллердиң де биргеликте раўажланыўына, қолланылыўына шараят жаратып келмекте. Мәселен, Қарақалпақстан Республикасындағы орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде оқыў 5 тилде: қарақалпақ тили, өзбек тили, рус тили, қазақ тили ҳәм түркмен тиллеринде жүргизилмекте.
Жоқары оқыў орынларында болса, өзбек тили, рус тили, қазақ тили ҳәм түркмен тиллери бойынша қәнигелерди таярлаў жолға қойылған. Бул келтирилген мысаллар мәмлекетимизде өз ана тилимиз бенен бирге басқа тиллерге болған ҳүрметтиң белгиси десек болады.
Тилди жаман, яки жақсы деўге болмайды, себеби, сөйлеў ғана жаман яки жақсы болыўы мүмкин. Улыўма халықлық тилде аўызеки сөйлеў тилиниң бирликлери, диалектизм, кәсиплик лексика, турпайы ҳәм мәдениятсыз сөзлер, жаргонлар қолланыла береди. Бирақ, ҳәр қандай халық тилиниң байлығы — белгили дәрежеде нормаға түскен әдебий тили есапланады.
Әдебий тил — бул улыўма халықлық тилдиң ең жоқары түри, яғный, белгили бир нормаға тийкарланған тил. Жәмийет ушын керекли бундай нормаларды тилдиң раўажланыў барысына қарай сол тилде сөйлеўши халықтың өзлери таңлап алады.
Аўызеки сөйлеў тилиниң бирликлери, диалектизм, кәсиплик сөзлер, турпайы ҳәм мәдениятсыз сөзлер, жаргонлар әдебий тилдиң қурамына кирмейди, себеби, олар улыўма халыққа теңдей түсиникли емес, олардың қолланылыў өриси шекленген. Олардан жәмийеттиң раўажланыў талабына жуўап бергенлери ғана әдебий тилге өтиўи мүмкин. Бирақ, бүгинги күнде ана тилимизден дурыс ҳәм орынлы пайдаланыў, тилимизди бузып қолланыў жағдайлары да жәмийетимизде ушырасып атырғанлығын жасыра алмаймыз. Ана тилимиздиң имканиятларынан дурыс ҳәм орынлы пайдаланбаў тек аўызеки сөйлеўде ғана емес, ал, жәмийетимизиң ажыралмас бөлегине айланып, күнделикли турмыс тәрзимизге сиңип баратырғандай. Және бундай жағдайлардың бәри де басқа тиллерге болған ҳүрметти билдиреди деп те айта алмаймыз.
Тил ҳаққында сөз еткенде ҳәр бир адамды ойландыратуғын тәбийғый сораў туўылады. Бизиң көшелеримиздеги көргизбели жазыўлар, халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орынлары, аўқатланыў, саўда орайларының атамалары қайсы тил нормаларына сәйкес аталады яки жазылады! Бул аўызеки сөйлеў емес, ал, жәмийет турмысы менен байланыслы болған атамалар яки жазыўлар. Әсиресе соңғы ўақытлары пайтахтымыз көшелери күннен-күнге шырай ашып, сулыў-сулыў имаратлар бой тиклеп, гүлленип атырғанлығын көрип, көзимиз қуўанады. Ал, олардағы жазыўлар, атамалар болса кимди болса да ойландырары сөзсиз. Биреў түсинсе, биреў түсинбейтуғын түрли тилдеги жазылған атамалар, рекламалар. Бул жазыўлар жәмийетимиздиң барлық қатламына түсиникли емес. Мәселен, пайтахтымыздың ең сулыў көшелеринен болған «Қарақалпақстан», «Т.Қайыпбергенов» ҳәм басқа көшелеримиз бойлап жүргенимизде түрли тиллерде жазылған рекламалар, халыққа турмыс хызметин көрсетиў орынлары, аўқатланыў ҳәм саўда орайларына берилген атамаларға көзимиз түседи. Биреўлери латын әлипбесинде, биреўлери кирилл әлипбесинде жазып қойылған бул атама ҳәм жазыўларды бәрше толық түсинип оқый алмаса керек. Көшелеримиз бойлап жазылған Мясо, Наш трикотаж, Твой дом, Дом Красоты, Мужская одежда, Женский салон, Go’sht maxsulotlari, Go’sht do’koni сыяқлы түрли жазыўлардағы атамалар бәршениң дыққатын өзине тартады. Ҳәтте, өзимизде бар болған әпиўайы қарақалпақ тилиндеги «Gо’sh o’nimleri du’kani», «Er adamlar ushin kiyimler», «Go’zzalliq u’yleri», «Senin’ u’yin’», «Bizin’ toqimashiliq o’nimlerimiz» сыяқлы ҳәр түрли жазыўларды көрип ҳайран боласаң. Ал, басқа шет ел атама ҳәм белгилерин (брендлери), Marko Karvari, Moriyatti, Fevrlike, La Prima, Lasvegas, RanDevu, Bakardi ҳәм басқа да атамаларды айтпасаң да болады. Қулласы, көп ғана саўда, аўқатланыў, хызмет көрсетиў ҳәм басқа да орынлардың атамалары арасынан қарақалпақ тилиндеги жазыў ҳәм атамаларды сийрек ушыратасаң. Ең қызығы, бул исбилерменлик субъектлерине жаслар атама берип атыр десе исенгимиз келмейди. Себеби, бизиң халқымызға тән миллий өзгешелик, бала тәрбиясына болған итибар, шаңарақ мүнәсибетлерин бәршемиз жақсы билемиз. Халқымыз ҳәр қандай жақсы исти баслаўдан алдын шаңарақта ҳәмме ямаса кимлер менен болса да ойласып оның сүйегин жаратып алатуғынына исенемиз.
Демек, тилимизге, жәмийетимизге байланыслы болған бундай жағдайлар тек жасларымыз арасында емес, ал, пүткил жәмийетимиз, халқымыз турмысы менен байланысқанлығын көриўимизге болады. Биз жоқарыда келтирилген мысаллар арқалы елимизде исбилерменликтиң раўажланыўында тосқынлықты пайда етпекши емеспиз. Керисинше, жәмийетимиздеги айырым жол қойылып атырған ана тилимизге, оның раўажланыўына байланыслы кемшиликлерди биргеликте сапластырып, тек тилдиң тазалығының сақланыўына ғана емес, ал, келешегимиз болған жас әўладқа ана тилимизди таза ҳалында жеткерип бериў менен бирге олардың тәрбиясында бизлердиң де орнымыз бар екенлигин көрсетиўден ибарат.
Солай екен, биз бүгинги тез пәт пенен раўажланып баратырған хабар технологиялары жасларымыз тәрбиясына тәсир жасап, раўажланып атырған бир дәўирде көшелеримизде болып атырған ҳәдийселерге, ҳәр қыйлы рекламалар, атамаларға, түрли жазыўларға итибарсыз болмаўымыз, ана тилимиздиң дурыс ҳәм орынлы жумсалыўына айрықша кеўил бөлиўимиз шәрт. Себеби, бундай ҳәр қыйлы атамалар, көргизбели жазыўлар жасларымыздың ой-өриси, сана-сезимине, руўхый дүньясына, тәрбиясына ҳәм ана тилимиздиң миллий тил сыпатында раўажланыўына, әдебий тил нормаларының бузылыўына алып келеди. Ең баслысы, бундай жағдайларды сапластырыў өз қолымызда. Буның ушын ҳуқықый тийкарымыз да бар. Себеби, «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамда Қарақалпақстан Республикасы өз аймағында тилге байланыслы барлық нәрселерди шешиў ҳуқықына ийе деп көрсетилген.
Пикиримиздиң жуўмағында соны айтпақшымыз, тил менен жәмийет бир-бири менен тығыз байланыслы, тил жәмийет пенен бирге раўажланатуғын қубылыс. Бүгинги күнде жәмийетимиз тез пәт пенен ҳәр тәреплеме раўажланып бармақта. Ал, жәмийеттиң раўажланыўы болса ана тилимиздиң раўажланыўына кери тәсирин тийгизбей, керисинше, оның барлық имканиятларынан орынлы дурыс пайдаланыўы керек. Себеби, тил ҳәм жәмийеттиң бирге раўажланыўы — келешегимиз тийкары.
М.Қудайбергенов,
филология илимлериниң докторы, профессоры.
С.Баймуратов.
магистрант.