ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ЖАҚЫН ЖӘРДЕМШИСИ
Ҳүрметли Президентимиздиң басламалары менен бүгинги күнде елимизде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм де оларды ҳәр-тәреплеме қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар қаратылып келинбекте.
Президентимиздиң пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасы Бас министриниң қабыллаўханалары шөлкемлестирилген еди. Усылар қатарында Хожели районындағы қабыллаўхана да исбилерменлердиң жақын көмекшиси ҳәм де мәсләҳәтшиси болып келмекте.
Қабыллаўханамызға келип түсип атырған исбилерменлердиң мүрәжатлары қысқа мүддетлерде өзиниң унамлы шешимин таппақта. Атап айтқанда, Хожели районы аймағында жумыс алып барыўшы жеке тәртиптеги исбилермен Бағила Жолаева өзиниң өнерментшилигин кеңейтип, еле де раўажландырыў ушын зәрүр әсбап-үскенелерин сатып алыў мақсетинде коммерциялық банктен 30 млн. сум муғдарында жеңилликли кредит ажыратыўда әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен еди. Оның мүрәжаты исши топар менен биргеликте үйренип шығылып, Агробанктиң Хожели филиалы тәрепинен сораған кредит пуллары толық ажыратылды. Бағила Жолаева ҳәзирги күнде жумысларын жолға қойып алды ҳәм еки адамды жумыс пенен тәмийинледи. «SIFATLI PRIMA» жуўапкершилиги шеклеген жәмийети баслығы Миркамил Нурымбетов өзине тийисли кәрханасында пахтаны қайта ислеў цехын иске түсириў ушын электр тармағына жалғап бериў бойынша мүрәжат еткен еди. Оның мүрәжаты тийисли мәкеме басшылары менен биргеликте үйренип шығылып, қысқа мүддетде электр тармағына пайдаланыўға таяр ҳалда жалғап берилди. «SIFATLI PRIMA» жуўапкершилиги шеклеген жәмийети бүгинги күнде жумысты жолға қойып, халқымызға сапалы хызметлерин усынып келмекте.
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Хожели районлық Исбилерменлердиң
мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы.