«ЗАМАНАГӨЙ МЕКТЕП»ЛЕРДИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Улыўма орта билим бериў системасында алдынғы халықаралық тәжирийбеге ҳәм жәмийеттиң заманагөй талапларына муўапық сапалы билим алыў имканиятларын жаратыў, халық билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм бюджеттен қаржы менен тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин арттырыў, жаслардың тәлим-тәрбиясы ушын қосымша шараятларды жаратыўға қаратылған илажларды әмелге асырыў бойынша үзликсиз реформалар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, улыўма орта билим бериў мәкемелериниң ҳәзирги жағдайы олардың жумысындағы системалы машқалалар ҳәм кемшиликлерди жедел сапластырыў механизмлерин жаратыў, аўыллық ҳәм қалалық мектеплердиң материаллық-техникалық тәмийнатын ҳәм билим бериў сапасындағы айырмашылықты қысқартыў және оқыўшы-жаслардың билим алыўы ушын теңдей шараятларды жаратыў зәрүр екенлигин көрсетпекте.
Жаңа түрдеги улыўма билим бериў мәкемелерин жаратыў ҳәм бурын қурылған имаратларды басқышпа-басқыш заман талапларына сәйкеслендириў, оқыў-тәрбия процесинде заманагөй педагогикалық-технологияларды қолланыў, билимлендириў хызметлериниң базарында бәсекини раўажландырыў арқалы улыўма орта билим бериўди жаңа басқышқа алып шығыў мақсетиндеF
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Қурылыс министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм системасында улыўма орта билим бериў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлардың алдынғы архитектуралық шешимлери ҳәм энергия үнемлеўши технологиялары тийкарында қурылатуғын және үскенеленетуғын, халықаралық талаплар тийкарында сапалы тәлим-тәрбия бериў ушын зәрүр шараятларды жаратыўға қаратылған «Заманагөй мектеп»лерди шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги 2020-жыл 1-мартқа шекем:
а) Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги менен биргеликте сырт ел тәжирийбеси ҳәм мәмлекеттиң тәбийғый ықлым шараятларына сәйкес экологиялық таза материаллар ҳәм энергияның альтернатив дәреклери, энергия үнемлеўши және алдынғы технологиялар ҳәм инженерлик шешимлерди қолланыўды нәзерде тутатуғын «Заманагөй мектеп»лерди қурыў ҳәм реконструкциялаўдың үлгидеги жойбарларын;
б) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте улыўма орта билим бериў мәкемелерин заманагөй мебель ҳәм үскенелер, оқыў-лабораториялық әсбап-үскенелер, оқыў-методикалық материаллар, компьютер ҳәм мультимедиа және видео-бақлаў қураллары менен үскенелеўдиң жаңа нормаларын;
в) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы менен биргеликте:
«Заманагөй мектеп»лерге қойылатуғын талапларды, соның ишинде, бул мектеплердиң сабақлықлар, оқыў қолланбалары, көркем ҳәм басқа да әдебиятлар менен тәмийинлениў дәрежесине, оқыў тәрбия процесине және сабақтан тысқары жумысына және басшы ҳәм педагог кадрларына қойылатуғын талапларды;
улыўма орта билим бериў мәкемелерин «Заманагөй мектеп»лерге қойылатуғын талаплар тийкарында баҳалаў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы «Инновация, технология ҳәм стратегия орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы улыўма орта билим бериў мәкемелерин «Заманагөй мектеп»лерге қойылған талаплар тийкарында баҳалаў бойынша жуўапкер шөлкем есапланатуғыны;
«Заманагөй мектеп»лерге қойылатуғын талапларға сәйкес келетуғын улыўма орта билим бериў мәкемелерине тийисли дәрежедеги муўапықлық сертификатының берилетуғыны;
2020-жыл 1-марттан баслап мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мәкемелерин жаңадан қурыў, реконструкциялаў, жоқары дәрежеде оңлаў ҳәм үскенелеў, қаржыландырыў дәреклерине қарамастан, «Заманагөй мектеп»лерди қурыў ҳәм реконструкциялаўдың үлгидеги жойбарлары ҳәм үскенелеў нормалары тийкарында әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы «Инновация, технология ҳәм стратегия орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасының қосымша ўазыйпалары етип белгиленсин:
улыўма орта билим бериў мәкемелерин «Заманагөй мектеп»ке қойылған талаплар тийкарында баҳалаў арқалы оларға муўапықлық сертификатын бериў;
улыўма орта билим бериў мәкемелерин баҳалаў процесине тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, жетекши сырт ел консалтинг компанияларын тартыў;
заманагөй ҳәм ашық-айдын баҳалаў усылларын енгизиў бойынша алдынғы тәжирийбени ғалаба ен жайдырыў;
«Заманагөй мектеп» талаплары тийкарында баҳалаў бойынша улыўма орта билим бериў мәкемелериниң рейтингин анықлаўдың электрон платформасын ислеп шығыў ҳәм оның жүргизилиўин тәмийинлеў;
улыўма орта билим бериў мәкемелерин «Заманагөй мектеп» талапларына муўапықластырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў.
- Төмендегилер:
2020-2022-жылларда улыўма орта билим бериў мәкемелерин «Заманагөй мектеп» талаплары тийкарында жаңадан қурыў, реконструкциялаў, жоқары дәрежеде оңлаў ҳәм үскенелеўдиң тийкарғы параметрлери (кейинги орынларда — тийкарғы параметрлер) 1-қосымшаға муўапық;
2020-2022-жылларда улыўма орта билим бериў мәкемелерин «Заманагөй мектеп» талаплары тийкарында қурыў, реконструкциялаў, жоқары дәрежеде оңлаў ҳәм үскенелеўдиң мәнзилли бағдарламалары (кейинги орынларда — мәнзилли бағдарламалар) 2а, 2б ҳәм 2в-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
Тийкарғы параметрлер ҳәм мәнзилли бағдарламаларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы «Өзбекстан Республикасының Инвестициялық бағдарламасын қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыўдың сапа жағынан жаңа системасына өтиў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5717-санлы Пәрманына муўапық инвестициялық бағдарламалар шеңберинде тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалардың киргизилиўи мүмкин екенлиги;
Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлериниң қаржылары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары, нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан улыўма орта билим бериў мәкемелерин жаңадан қурыў, реконструкциялаў және жоқары дәрежеде оңлаў оларды толық үскенелеў менен биргеликте әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары, соның ишинде, орайластырылған инвестициялар есабынанF
а) жаңадан қурылатуғын, реконструкцияланатуғын және жоқары дәрежеде оңланатуғын улыўма орта билим бериў мәкемелерин үскенелеў (қосымша үскенелеў) бойынша сатып алыўларды әмелге асырыў бойынша буйыртпашы етип Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы «Оқыў билимлендириў — тәмийнат» мәмлекетлик унитар кәрханасы;
б) улыўма орта билим бериў мәкемелерин жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм жоқары дәрежеде оңлаў бойынша буйыртпашы етип:
Ташкент қаласында — «Халық билимлендириўи тараўында жойбар ҳүжжетлерине техникалық тапсырмаларды ислеп шығыў ҳәм қурылыс объектлериниң сапасын мониторинг етиў бойынша инжиниринг компаниясы» мәмлекетлик унитар кәрханасы (кейинги орынларда — «Инжиниринг компаниясы» МУК);
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда — Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм тийисли ўәлаятлардың ҳәкимлери жанындағы Бирден-бир буйыртпашы хызмети инжиниринг компаниялар белгиленсин.
- «Инжиниринг компаниясы» МУК «Заманагөй мектеп» талаплары тийкарында үлги жойбарларды ислеп шығыў ушын буйыртпашы етип белгиленсин және орта билим бериў мектеплерин жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм жоқары дәрежеде оңлаў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарлаў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларын «Заманагөй мектеп» талаплары бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине сәйкес түрде сапалы орынланғаны үстинен қадағалаў жүргизсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм тийисли ўәлаятлардың ҳәкимлери жанындағы Бирден-бир буйыртпашы хызмети инжиниринг компаниялары:
а) улыўма билим бериў мәкемелери ушын:
жойбарлардың «Инжиниринг компаниясы» МУК техникалық тапсырмасы тийкарында ислеп шығылыўын ҳәм келисилиўин;
жойбар ҳүжжетлерине техникалық тапсырмаларды ислеп шығыў бойынша «Инжиниринг компаниясы» МУК пенен тиккелей шәртнамлар дүзилиўин тәмийинлесин;
б) «Инжиниринг компаниясы» МУКқа улыўма орта билим бериў мәкемелеринде әмелге асырылған қурылыс-монтажлаў жумысларының сапасы бойынша жуўмақлаўшы қадағалаўдың әмелге асырылыўы ушын барлық зәрүр ҳүжжетлерди усынсын.
- Улыўма орта билим бериў мәкемелерин жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм жоқары дәрежеде оңлаў процесинде сапасыз орынланған, белгиленген техникалық талапларға сәйкес келмейтуғын ҳалда орынланған және артықша көлемде көрсетилген қурылыс-монтажлаў жумыслары бойынша өндирилген суммалардың 90 проценти тийисли объектлердеги анықланған кемшиликлерди сапластырыў ушын бойсыныўына бола Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм ўәлаятлық халық билимлендириў басқармаларының арнаўлы жеке ғазна есап бетлерине, 10 проценти болса «Инжиниринг компаниясы» МУКтың арнаўлы есап бетине хызметкерлерди хошаметлеў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажларына бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.
- 2020-2022-жылларда улыўма орта билим бериў мәкемелерин:
жаңадан қурыў, реконструкциялаў, жоқары дәрежеде оңлаў — Өзбекстан Республикасының Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде орайластырылған инвестициялық қаржылары;
мебель, оқыў-лабораториялық, спорт үскенелери ҳәм оқытыўдың техникалық қураллары менен тәмийинлеў — Өзбекстан Республикасының Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде орайластырылған инвестициялық қаржылар, халықаралық финанс институтларының кредит ҳәм грантлары;
компьютер техникасы ҳәм ишки локал тармақ (тармақ үскенелери) пенен тәмийинлеў — халықаралық финанс институтларының кредит ҳәм грантлары;
заманагөй ысытыў системасы менен тәмийинлеў — Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлерин қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы қарардың 2а, 2б ҳәм 2в — қосымшаларында нәзерде тутылмаған улыўма орта билим бериў мәкемелерин «заманагөй мектеп» талаплары тийкарында комплексли раўажландырыўды әмелиятқа енгизиў ушын халықаралық финанс институтларының кредит ҳәм грантларын тартыў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-сентябрьдеги «Халық билимлендириў системасына басқарыўдың жаңа принциплерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3931-санлы қарарының 5-бәнти алтыншы абзацы шығарып таслансын.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин .
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 26-ноябрь.