ИЛАЖҒА ТАЯРЛЫҚ ҚЫЗҒЫН
Кегейли районында 2019-жыл 22-декабрьде болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслерге сайлаўларға таярлық көриў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 27-майдағы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 20-сентябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў кампаниясының басланыўын жәриялаў ҳаққында»ғы қарарларына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине сайлаў өткериўши районлық сайлаў комиссиясының тийисли қарары қабыл етилип, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша ис-илажлар бағдарламасы ислеп шығылып, белгиленген илажлар избе-из орынланбақта.
Районда сайлаўларды өткериўге көмеклесиўши районлық комиссия қурамы тастыйықланып, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясына усыныс етилди.
Райондағы округлик сайлаў комиссиялары ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының қурамына пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының усынысларына муўапық жәмийетшиликте жоқары ис-тәжирийбесине ийе, абырайлы пуқаралардан талабанлар таңланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериўши 2 округ, халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине сайлаў өткериўши 22 округ ҳәм 37 сайлаў участкалары дүзилип, олардың қурамлары толық тастыйықланды ҳәм СПБМС (сайлаў процесслерин басқарыўдың мәлимлеме системасы) базасына толығы менен жайластырылды.
Бүгинги күнде сайлаў округлери ҳәм участкалық комиссиялар имаратлар менен толық тәмийинленип, район аймағында дүзилген 37 сайлаў участкаларынан 34 участка мектеп, 3 участка кәсип-өнер колледжлери имаратларында жайластырылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының 2019-жыл 5-октябрьдеги арнаўлы тапсырмасына муўапық, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине ҳәм районлық (қалалық) Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў ҳәм сайлаўшылардың бирден-бир электрон системасының анықлығын тексериў мақсетинде район аймағында шөлкемлестирилген сайлаў участкаларының аймақларын хатлаўдан өткериў бойынша исши топарлар дүзилди. Сайлаў округлери ҳәм участкаларының шегаралары белгиленип, сайлаўшылардың санын анықлаў бойынша үйме-үй кирип, дизимлери алынды.
Сондай-ақ, сайлаў участкаларындағы барлық сайлаў комиссияларына ажыратылған ханаларын, медицина ханаларын тийисли мебельлер, инвентарьлар ҳәм басқа да әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, участка ҳәм округ имаратларының әтирапларын абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.
Районлық сайлаў комиссиясы, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары тәрепинен болажақ сайлаўларды жоқары дәрежеде сайлаў нызамшылығы талапларына муўапық өткериў бойынша илажлар нәтийжели даўам еттирилмекте.
С.ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
Кегейли районы.